Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў-жоқары өнимдарлықтың факторы
2018-03-14 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-март күни аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў ҳәм тараўды заманагөй техникалар менен тәмийинлеў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин, бар машқалалар ҳәм ең әҳмийетли ўазыйпалар талықылаўына бағышланған мәжилис болып өтти.
Елимиз экономикасының барлық тараўлары қатарында аўыл хожалығында да әҳмийетли реформалар әмелге асырылмақта. Аўыл хожалығы егинлеринен мол ҳәм сапалы өним алыў, тармақты нәтийжели усыллар тийкарында раўажландырыўда тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, машина-трактор парклерин заманагөй техникалар ҳәм агрегатлар менен тәмийинлеў әҳмийетли орын тутады.
Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 17-ноябрьдеги «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында аўыл хожалығы машина қурылысы системасы түп-тийкарынан қайта шөлкемлестирилди.
Тармақтың техникалық базасын жетилистириў мақсетинде «Өзагротехсанаатхолдинг», аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў бойынша «Өзагротехмаш», лизинг тийкарында жеткериў бойынша «Өзагролизинг», сервис ҳәм механизация хызметлерин көрсетиў ушын «Өзагросервис» жәмийетлери дүзилди. Машина-трактор парклериниң бюджет алдындағы қарызларын төлеў мүддети 2 жылға кешиктирилди.
Жиззақ, Сырдәря, Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларында фермерлер ушын лизинг мүддети 10 жылдан 12 жылға, машина-трактор парклери ушын 7 жылдан 10 жылға созылды. Фермерлер ҳәм машина-трактор парклерине аўыл хожалығы техникасын сатып алыўы ушын 5 процентли жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.
Көрилген илажлар нәтийжесинде 2017-жылы аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў ҳәм лизинг хызметлери 1,7 есе, механизация хызметлери 2,5 есеге артты.
Мәжилисте аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў, сервис хызметин жақсылаў, импортты оптималластырыў, экспортты кеңейтиў бойынша белгили кемшиликлер бар екенлиги, аўыл хожалығы техника менен 85 процент тәмийинленгени, айырым бөлеги гөнергени, оларды өз ўақтында жаңалаў илажлары көрилмегени қатаң сынға алынды. Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын өз ўақтында қадағаламағаны ушын Бас министрдиң орынбасары- «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийети басқармасының баслығы Н.Отажановқа сөгис берилди. Жумыста жол қойған босаңлығы ҳәм көп қәтелери ушын «Өзагросервис» акционерлик жәмийетиниң бас директоры Р.Ахметов, «Өзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң бас директоры Ҳ.Имамов, Министрлер Кабинети Мәлимлеме-талқылаў департаментиниң басшлығы А.Рафиқов ийелеп турған лаўазымынан азат етилди.
Бүгинги күнде тармақта 172 мыңнан аслам техникаға талап болғаны ҳалында, 146 мың техника бар ямаса 26 мың техника жетиспейди.
Фермер хожалықларының жоқары өнимли сүрим тракторлары менен тәмийинлениўи 75 процентти, ғәлле орыў комбайнлары-86 процент, пахта териў машиналары-28 процент, қос қатарлап шигит егиў сеялкалары-60 процент, дән егиў сеялкалары менен тәмийинлениўи 25 процентти қурайды. Улыўма жетиспейтуғын ҳәм гөнерген техниканы есапқа алғанда, жәми 82 мың жаңа аўыл хожалығы техникасына талап бар.
Бағдарламаға муўапық быйылғы жылы 16 мың, атап айтқанда, биринши ярым жыллықта 5 мың 800 техниканы кредит тийкарында жеткерип бериў белгиленген.
Мәжилисте аўыл хожалығы техникасына болған талапты толық тәмийинлеў мақсетинде «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийети, Қаржы ҳәм Аўыл хожалығы министрликлерине еки ай мүддетте 2018-2021-жылларда аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды. Онда аўыл хожалығы техникасын қарыйдарларға жеткерип бериўди қаржыландырыў бойынша илажларды да нәзерде тутыў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы пахташылық, бағшылық ҳәм жүзимшиликте бәҳәрги атыз жумыслары басланайын деп турған болсада, 5 мың 800 техникадан тек 1 мың 200и фермерлер ҳәм машина-трактор парклерине жеткерип берилгенине итибар қаратты. Сондай-ақ, Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Ташкент ўәлаятларында қосымша ажыратылған 4 мың техниканың 30 проценти өз ийелерине жеткерилген.
-Заманагөй техника дийқанға суў ҳәм ҳаўадай зәрүр болып турған усы күнлерде бул бағдардағы талап тек ғана 25 процент тәмийинленгенин қалай түсиниў мүмкин,-деди Президент. –Техника-фермердиң қол-қанаты. Оған талап тәмийинленсе ғана материаллық мәпдарлық артып, қәрежетлерди кескин азайтыўға ерисиледи.
Соннан келип шыққан ҳалда, бәҳәрги агротехникалық илажлар ушын режелестирилген техниканы 15-апрельге шекем жеткерип бериў бойынша күнделикли қадағалаў орнатыў ҳәм орынланыўы ҳаққында мәлимлеме бериў тапсырылды.
-Әйне ўақытта машина қурылысы кәрханалары тәрепинен комплектлеўши бөлеклердиң ҳәм материаллардың айырым бөлеги шеттен алып келинип, «ири узелли жыйнаў» тийкарында аўыл хожалығы техникасы ислеп шығарылмақта. Сүрим тракторы, плуг, сеялка сыяқлы техниканы таяр ҳалда импорт етсе, бизде ислеп шығарылғанына салыстырғанда арзан болатуғынын тармақ басшылары не деп түсиндиреди,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиз басшылығында импорт бойынша жақында өткерилген мәжилисте 2018-жылы аўыл хожалығы машина қурылысында импортты 160 миллион долларға қысқартыў, бул бағдарда экспорт потенциалын арттырыў бойынша анық тапсырма берилген еди.
Соннан келип шығып, «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийети ҳәм «Өзагротехмаш» механика заводы менен бирге бир ай мүддетте трансмиссия, ҳәр қыйлы корпус детальларын ҳәм агрегатларды елимизде ислеп шығарыў арқалы аўыл хожалығы техникасын жергиликлилестириўди 45 процентке жеткериў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығып, орынланыўын тәмийинлеў тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылы лизинг ҳәм кредит тийкарында жәми 3,2 триллион сумлық 16 мың аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериўди қаржыландырыў мәселесине де айрықша тоқтап өтти.
Ҳәзирги күнде 5 мың 800 техника ушын Қаржы министрлиги тәрепинен 1,5 триллион сум ажыратылған. Қалған 1,7 триллион сумды ажыратыў, соның ишинде лизинг тийкарында 1,5 триллион сумлық техниканы қаржыландырыў дереклерин анықлаў мәселесин шешиў зәрүрлиги атап өтилди.
Аўыл хожалығы техникасын экспорт етиў әҳмийетли өлшем болып есапланады. Бирақ, бул бағдарда көрилип атырған илажлар да қанаатландырарсыз екенлиги көрсетип өтилди.
Өткен жылы 19 миллион долларлық 844 техника экспорт етилген. Мәжилисте«Өзагротехмаш» акционерлик жәмийетине буннан тийисли жуўмақ шығарып, 2018-жылы кеминде 30 миллион долларлық аўыл хожалығы техникасын экспорт етиў, Түркменистан, Тәжикстан, Қазағыстан, Пакистан, Әзербайжан, Аўғанстан базарларына кириў бойынша жумысларды жеделлестириў тапсырмасы берилди.
«Өзагросервис» системасындағы машина-трактор парклериниң елимиз бойынша жәми механизация хызметлериндеги үлеси 2016-жылы 14 процентти қураған болса, 2017-жылы 26 процентке жеткен, усы жылы 41 процент болыўы күтилмекте. Бул тараўда унамлы өсимге ерисилип атырғанынан дәрек береди. Бирақ бул нәтийжелер менен қанаатланып қалмастан, механизация хызметлериниң көлемин арттырыў, онда аўыл хожалығы техникасына сервис хызметин көрсетиў, аўысық бөлеклерди арнаўлы шақапшалар арқалы өз ўақтында жеткерип бериў ушын жәмийеттиң орынлардағы филиалларын көбейтиў кереклиги атап өтилди.
Мәжилисте фермер хожалықларына аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын берилетуғын жеңиллетилген кредит қурамында механизация хызметиниң үлесин арттырыў бойынша тийкарланған усынысларды киргизиў тапсырылды.
Сондай-ақ, машина-трактор парклери тәрепинен көрсетилген хызметлер ушын есапласыў системасын жетилистириў, механизация хызметлериниң ҳәр бир бағдары бойынша қатаң баҳаларды белгилеўге тийисли нормативлик ҳүжжет жойбарын ислеп шығыў, тармақты жедел раўажландырыў ушын әҳмийетли мәселелерди өз ўақтында шешиў, ең әҳмийетлиси, фермерлерди заманагөй техника ҳәм агрегатлар менен үзликсиз тәмийинлеў, олардың мәпдарлығын ҳәм разылығын арттырыў бойынша көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги