Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Президент Шавкат Мирзиёев Тәжикстанға жөнеп кетти
2018-03-09 | Сиясат
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Президент Имамали Раҳманның мирәт етиўине бола 9-март күни мәмлекетлик сапар менен Тәжикстанға жөнеп кетти.
Бурын хабар етилгениндей, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржылық, транспорт-коммуникациялық, туризм, мәдений-гуманитар тараўлардағы ҳәм аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў, пуқаралардың өз-ара сапар етиўлерин жеңиллетиў мәселелери додаланады, тәреплерди қызықтырған аймақлық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылады.
Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Президентлердиң Бирликтеги билдириўи, Өзбекстан – Тәжикстан мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы шәртнама, Пуқаралардың өз-ара қатнаўы ҳаққындағы келисимге, сондай-ақ, түрли тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге қаратылған жәми 25 тен аслам ҳүжжетке қол қойылыўы режелестирилген.
Буннан тысқары, сапар шеңберинде өткерилетуғын бизнес-форум ҳәм Өзбекстан миллий санаат көргизбесинде коммерциялық шәртнамаларға ҳәм экономиканың түрли тармақларындағы кооперацияға байланыслы келисимлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған. Еки елдиң көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында концерт шөлкемлестирилиўи де мөлшерленген.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги