Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Биргеликтеги комиссияның мәжилиси

2018-02-12 | Сиясат

Ташкентте Қәўипсизлик мәселелери бойынша Өзбекстан – Аўғанстан биргеликтеги комиссиясының биринши мәжилиси болып өтти.

Аўғанстан Президенти Муҳаммад Ашраф Ғаниниң 2017-жыл 4-6-декабрь күнлери Өзбекстанға рәсмий сапары ўақтында Қәўипсизлик мәселелери бойынша Өзбекстан – Аўғанстан бирликтеги комиссиясын дүзиў ҳаққында келисимге ерисилген еди.

Комиссия қурамына Өзбекстан Республикасы ҳәм Аўғанстан Ислам Республикасының Қәўипсизлик кеңеслери аппараты, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери киргизилди.

Мәжилисте Өзбекстан менен Аўғанстан арасында терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў, қурал саўдасы ҳәм нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы, жынайый истен алынған дәраматларды нызамластырыў ҳәм шөлкемлескен трансмиллий жынаятшылықтың басқа да түрлерине шек қойыў мәселелериндеги бирге ислесиў жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Бажыханаға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў, мәмлекетлик шегаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўларындағы өз-ара байланысларды жеделлестириў бойынша пикир алысылды.

Қәўипсизликти тәмийинлеў, бирликтеги раўажланыў ҳәм инфраструктура жойбарлары, соның ишинде, Мазары Шәрип-Ҳират темир жолы ҳәм Сурхан – Пули-Хумри электр жеткерип бериў линиясының қурылысын әмелге асырыў, сондай-ақ, Қабул ҳәм Мазары Шәрип қалаларындағы өндирис кәрханалары, орайлары, саўда үйлериниң қәўипсиз жумысын тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Аўғанстан Президенти Муҳаммад Ашраф Ғаниниң 2017-жылғы рәсмий сапары шеңберинде сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда ерисилген келисимлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– Ташкентте болып өткен Қәўипсизлик мәселелери бойынша Өзбекстан – Аўғанстан бирликтеги комиссиясының биринши мәжилиси еллеримиз арасында Қәўипсизлик мәселелери бойынша бирге ислесиўдиң логикалық даўамы, – деди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Нәшебентлик затларды қадағалаў миллий мәлимлеме-талқылаў орайының директоры Аҳмад Мансуров. – Мәжилисте еки мәмлекет басшыларының Ташкенттеги ушырасыўы ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, қәўипсизлик тараўында еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Илажда Өзбекстан менен Аўғанстан арасындағы көп қырлы өз-ара байланысларды раўажландырыўдың унамлы динамикасы атап өтилди. Транзит-транспорт, инфраструктура, саўда-экономикалық, инвестициялық, энергетикалық ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиўге таярлық билдирилди.

– Еки мәмлекет басшыларының 2017-жыл декабрь айындағы ушырасыўы еллеримиз арасында белсенди бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятын берди, – деди Аўғанстан Ислам Республикасы Президентиниң миллий қәўипсизлик мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ҳаниф Атмар. – Қәўипсизлик мәселелери бойынша Өзбекстан – Аўғанстан бирликтеги комиссиясының биринши мәжилиси жуўмақлары бойынша ерисилген нәтийжелер болса Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында келешекте стратегиялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте Аўғанстан ҳәм Орайлық Азияда узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлеўде тынышлық, избе-из раўажланыў ҳәм қәўипсизлик мәселелериниң өз-ара байланыслылығы атап өтилди. Сол жағынан Орайлық Азияда тынышлық, бирге ислесиў ҳәм абаданлық аймағын жаратыў мақсетинде регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў және аўған машқаласын шешиўдиң сиясий-дипломатиялық қуралларынан буннан былай да нәтийжели пайдаланыў арқалы Аўғанстанды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Қәўипсизлик мәселелери бойынша Өзбекстан – Аўғанстан бирликтеги комиссиясының биринши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша тийисли протоколға қол қойылды.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться