Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Нефть-газ тараўының нәтийжелилиги ҳәм перспективалары додаланды

2018-01-25 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 25-январь күни «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети системасында геологиялық-излеў ҳәм қазып алыў жумысларының нәтийжелилиги, жанылғы материаллары менен ишки талапты тәмийинлеўдиң жағдайы, системадағы перспективалы ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған мәжилис болып өтти.

Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы  бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, нефть-газ санааты тараўында да бир қатар өзгерислер әмелге асырылды. Соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-июньдеги «Нефть-газ тараўының басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен «Өзбек нефть-газ» акционерлик жәмийетиниң жумысы жетилистирилди.

Углеводород шийки затын қазып алыўды көбейтиўдиң 2021-жылға шекемги болған бағдарламасы ҳәм оны әмелге асырыў механизмлери тастыйықланды.

Елимизде жер асты байлықлары көп. Оларды өзлестириў ҳәм қайта ислеў бойынша жаңа система жаратылды. Хош, елимиз байлықлары халқымызға қандай пайда келтирмекте, деди мәмлекетимиз басшысы.

2017-жылы нефть ҳәм газ конденсатын қазыў, суйылтырылған газ ислеп шығарыў бойынша белгиленген реже орынланған. Бирақ тармақта жыллар даўамында көплеген машқалалар жыйналып қалған.

Резервлердиң арттырылып барылмағаны себепли 2017-жылы тәбийғый газ қазыў ҳәм нефть өнимлерин ислеп шығарыўдың болжаўы толық дәрежеде орынланбаған. Геологиялық-излеў процесиндеги бураўлаў көлеми бойынша болжаў 77 процентке орынланған. Егер бул жумыслар толық орынланғанда резервти және де арттырыў мүмкин болар еди.

Сондай-ақ, эксплуатациялық бураўлаў жумысларының болжаўы 49 процентке ҳәм қурылысы сапластырылған қудықлар санының болжаўы тек ғана 53 процентке орынланған.

Тәбийғый газ қазыў қуўатлықларын ҳәм тарқатыў тармақларын модернизациялаў және оңлаў жумыслары да толық дәрежеде емес. Соның ақыбетинде газ қазып алыўдан баслап, оны тутыныўшыға жеткерип беремен дегенше усы тәбийғый байлықтың 6 проценти жоғалтылмақта.

Президентимиз усы сыяқлы кемшиликлерди сын көзқарастан талқылап, углеводород резервлерин арттырыў ҳәм қазып шығарыўды көбейтиў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Геологиялық-излеў жумыслары мәмлекетлик бағдарламасына муўапық жаңа кәнлерди ашыў арқалы 2018-жылы тәбийғый газ резервин 57 миллиард куб метрге, нефть ҳәм конденсат резервин 3,6 миллион тоннаға көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Быйылғы жылы 63 миллиард куб метр тәбийғый газ, 3 миллион тонна нефть ҳәм конденсат қазып алыўды тәмийинлеў ушын 255 жаңа қудықты ҳәм 26 жаңа технологиялық объектти қурыў жумысларын жуўмақлаў, 76 қудықты ири оңлаўдан шығарыў зәрүрлиги атап өтилди.

«Өзбекнефтьгаз» АЖ тәрепинен 2 миллиард 756 миллион долларлық 24 инвестициялық жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Бул қаржылар Жиззақ нефтьти қайта ислеў заводын қурыў ҳәм заманагөй технологиялар менен тәмийинлеў, Қандым газди қайта ислеў комплексиниң 2-гезеги ҳәм Қандым кәнлер топарын үскенелеў, Шортан газ-химия комплексинде синтетикалық суйық жанылғы ислеп шығарыў, Сурхандәрьядағы  «Ғәрезсизликтиң 25 жыллығы» кәнинде излеў жумысларын алып барыў ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў сыяқлы жойбарларға бағдарланады. Усы 24 ири жойбардың 9 ы быйыл әмелге асырылады.

Мәжилисте елимиздиң экономикасына тартылып атырған инвестициялардың ярымынан көби нефть-газ тараўының үлесине туўра келетуғыны, жумсалған ҳәр бир доллар экономикалық пайда келтириўи зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекет мәплери көз-қарасынан, бөлистириў келисимлерин ҳәм қоспа кәрханалардың шәртлерин қайта көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Тараўдың логистика бағдарларын диверсификациялаў, шийки зат импорты ҳәм өним экспорты баҳаларының арзанырақ болыўын кепилликке алатуғын транспорт жоллары менен тарифлерин анықлаў, энергияны тутыныўды үнемлеў ҳәм альтернатив энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Газ бөлистириў системасының техникалық жақтан гөнергени ҳәм тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериўде жоғалтыўларға жол қойылып атырғаны сынға алынды. Шет елли компаниялар менен биргеликте жоқары ҳәм орта басымлы газ бөлистириў системасын раўажландырыў, автотранспортларды газге өткериў бойынша көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, тутыныўшылардың энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәдениятын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Нефть-газ тараўын  2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў, «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң кредит рейтингин анықлаў жумысларын жетилистириў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Додаланған мәселелер бойынша зәрүр ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәм белгиленген илажларды өз ўақтында әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться