Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында
2018-01-24 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-январь күни Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести. Бул ҳаққында Өзбекистан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар берди.
Президент Нурсултан Назарбаев Қазақстанның Ақтөбе ўәлаятындағы аянышлы ўақыяда қайтыс болған елимиз пуқараларының шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына және бир мәрте терең қайғырыў менен кеўил айтты.
Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан басшысына шын жүректен кеўил билдиргени ҳәм қоллап-қуўатлағаны, шөлкемлестириў мәселелерин шешиўде ҳәм ҳәдийсениң себебин анықлаўда көрсетилген жедел жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.
Келешекте бундай ҳәдийселер жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде еки елдиң ҳүкиметлери, жуўапкер уйымлары ҳәм шөлкемлери арасындағы тығыз бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Сөйлесиўде, сондай-ақ, еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын банан былай да раўажландырыў ҳәм әҳмийетли бағдарлар бойынша регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўдиң баслы мәселелери додаланды.
Президент Шавкат Мирзиёев Президент Нурсултан Назарбаевты жақында АҚШқа әмелге асырған рәсмий сапары ҳәм БМШтың Қәўипсизлик Кеңесиниң биринши мәрте Қазақстан басшылығындағы мәжилиси табыслы өткени менен шын жүректен қутлықлады.
Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлери Орайлық Азия еллери арасындағы дослық, жақын қоңсышылық ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў және беккемлеў жолындағы ҳәрекетлерди қатаң қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Қазақстан пайтахты Астана қаласында болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының биринши Саммити өз-ара қатнасықларда жаңа бет ашатуғыны, региондағы барлық еллердиң узақ перспективалы мәплерин нәзерде тутатуғын жаңа бағдарлама ҳәм жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын имканият жарататуғыны айрықша атап өтилди.
Қазақстан Президенти регионда тынышлықты, татыўлықты ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың март айында Ташкент қаласында «Аўғанстан – тынышлыққа қарай жол» халықаралық министрлер конференциясын өткериў басламасын жоқары баҳалады ҳәм қоллап-қуўатлады.
Сондай-ақ, тәреплер 2017-жыл сентябрь айында Ташкент қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер ўақтында ерисилген келисимлерге муўапық, Қазақстан Республикасында Өзбекистан Республикасы жылын өткериў бойынша алып барылып атырған жедел таярлық жумысларын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Сөйлесиўдиң жуўмағында Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев буннан кейин де еллеримиз бенен халықларымыздың мәплери жолындағы көп қырлы ҳәм пайдалы бирге ислесиўди жедел раўажландырыўға, көп әсирлик дослық ҳәм тығыз қоңсышылық байланысларын беккемлеўге таяр екенин атап өтти.
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги