Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң гезексиз есап бериў-сайлаў мәжилиси болып өтти

2018-01-17 | Спорт

Пайтахтымызда Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң гезексиз есап бериў-сайлаў мәжилиси болып өтти. Мәжилисте жуўапкер шөлкемлердиң басшылары, спорт федерацияларының ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Өзбекстан Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комиетиниң баслығы Р.Қурбонов ҳәм басқалар елимизде спортты, соның ишинде, Олимпиада ойынларының бағдарламасына киргизилген спорт түрлерин раўажландырыўға қаратылып атырған турақлы итибар өзиниң нәтийжесин берип атырғанын атап өтти. Елимизде жылдан-жылға спорт инфраструктурасының беккемленип атырғаны жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың талантын ҳәм потенциалын жетилистириўде, абыройлы спорт жарысларын шөлкемлестириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 9-марттағы Өзбекстан спортшыларын 2020-жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын XXX88 жазғы  Олимпиада ҳәм XV8 Паралимпиада ойынларына таярлаўға байланыслы қарары спортшыларымызды келешектеги абройлы жарысларға басқышпа-басқыш таярлаўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Миллий олимпиада комитетиниң баслығы А.Султановтың есабы тыңланды. Онда елимизде 2017-жылы спорт тараўында әмелге асырылған жумыслар, қолға киргизилген жетискенликлер туўралы мағлыўмат берилди. Соның ишинде, елимизде өткен жылы бир қатар спорт түрлери бойынша Азия чемпионаты ҳәм халықаралық турнирлер шөлкемлестирилди, спортшыларымыз халықаралық жарысларда 770 тен аслам медальды қолға киргизди.

Мәжилисте Өзбекстан футбол федерациясының баслығы Умид Аҳмаджонов Өзбекстан Миллий олимпиада комиитетиниң баслығы болып сайланды. Сондай-ақ, Өзбекистан Миллий олимпиада комитети баслығының орынбасарлары, бас хаткер ҳәм атқарыў комитетиниң ағзалары сайланды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.

Байрам АЙТМУРОДОВ, ӨзА ның хабаршысы

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться