Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Президенти Қырғызстан Жоқарғы Кеңесиниң спикерин қабыллады

2017-12-21 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни елимизге рәсмий сапар етип келген Қырғызстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң спикери Дәстанбек Жумабековты қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Қырғызстан парламенти абыройлы делегациясының усы сапар етиўи быйылғы жылы Ташкент ҳәм Бишкек қалаларында болып өткен жоқары дәрежедеги нәтийжели ушырасыўлардың логикалық даўамы екенин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, бул мәмлекетлеримиз арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары беккемленип атырғанының айқын дәлили болып табылады.

Тәреплердиң әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға болған қатаң сиясий ерк-ықрары, ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар менен сапар етиўлердиң жеделлескени қысқа мүддетлерде салмақлы нәтийжелерге ерисиў ҳәм өз-ара қатнасықларды анық әмелий мазмун менен байытыў имканиятын бергени айрықша атап өтилди.

Еллеримиз биргеликтеги ис-ҳәрекетлери менен халықларымыздың бир-бирине барып-келиўи ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта. Өз-ара товар алмасыў көлеми жедел артпақта, аймақлар ҳәм санаат кәрханалары арасында кооперация байланыслары беккемленбекте, транспорт-коммуникация тараўындағы бирге ислесиў раўажланбақта. Бизнес ҳәм мәдений илажлар турақлы өткерилмекте.

Ушырасыўда Өзбекистан менен Қырғызстан парламентлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жоқары дәрежедеги сапар етиўлер ўақтында ерисилген келисимлер менен қол қойылған ҳүжжетлер, соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғызстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси арасында қол қойылған Меморандумның әмелий орынланыўы шеңберинде қоспа илажлар өткерилип атырғаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Парламентлерараралық бирге ислесиўдиң әмелдеги механизмлери потенциалынан пайдаланған ҳалда, турақлы ҳәм системалы байланысларды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Қырғызстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң спикери Дәстанбек Жумабеков президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ҳәм мазмунлы сәўбет ушын миннетдаршылық билдирди.

Мийман Өзбекистанда барлық тараўлар, соның ишинде,  парламентлик ҳәм пуқаралық жәмийетиниң орнын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған структуралық өзгерислер менен реформалардың жаңа басқышын жоқары баҳалады.

Қырғызстан Өзбекистан менен дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў жолындағы бирге ислесиўге таяр екени атап өтилди.

Поделиться