Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН ҲӘМ ҚЫРҒЫЗСТАН ИСБИЛЕРМЕН ТОПАРЛАРЫНЫҢ УШЫРАСЫЎЫ

2017-12-14 | Экономика

Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбековтың елимизге рәсмий сапар етиўи шеңберинде пайтахтымыздағы Халықаралық бирге ислесиў орайында Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы бизнес форумы ҳәм кооперация биржасы шөлкемлестирилди.

Онда еки елдиң саўда, санаат, экономика, қурылыс, машина қурылысы, аўыл хожалығы, азық-аўқат, тоқымашылық ҳәм жеңил санаат, мәлимлеме технологиялары сыяқлы салаларға қәнигелестирилген министрликлер, жүзден аслам компания ҳәм фирмалардың ўәкиллери қатнасты.

Өзбекистан менен Қырғызстан арасындағы бирге ислесиў ҳәр қыйлы салаларда жедел раўажланып бармақта. Өз-ара пайдалы шериклик тийкарындағы бирге ислесиў шеңберинде перспективалы жойбарлар турмысқа енгизилмекте. Еллеримиз Президентлериниң сиясий билими ҳәм пикирлеслиги себепли Өзбекистан менен Қырғызстан қатнасықлары беккемленип, өза-ара байланыслар жеделлести. Аймақлараралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў транспорт-коммуникация, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да салалардағы байланыслар жаңа басқышқа көтерилди.

Форумда Өзбекистан Республикасы сыртқы саўда министри Ж.Хўжаев, Өзбекистан Республикасы саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромов, Қырғызстан Республикасы экономика министри А.Новиков ҳәм басқалар халықларымыздың көп әсирлик дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланыслары саўда-экономикалық, мәдений, гуманитарлық салалардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын айрықша атап өтти.

Усы жылдың январь-октябрь айларында Өзбекистан менен Қырғызстан арасында товар алмасыўдың көлеми дерлик 60 процентке өсти. елимизде Қырғызстан капиталының қатнасындағы 50 ден аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Өз гезегинде, Қырғызстанда өзбекистанлы исбилерменлер тәрепинен 50 ге шамалас кәрхана шөлкемлестирилген.

Илажда атап өтилгениндей министрлик ҳәм компаниялардың және исбилермен топарлардың бул ушырасыўы Өзбекистан менен Қырғызстан арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық қатнасықларды беккемлеў, теңдей шериклик тийкарында пайдалы бизнес алып барыўды раўажландырыў ушын қолайлы платформа ўазыйпасын атқарады.

– Жаңа форматтағы бундай форумлар бирге ислесиўдиң дәрежесин избе-из раўажландырыў имканиятын береди, – дейди Өзбекистан Республикасы саўда-санаат палатасының жуўапкер хызметкери Ғафуржон Усмонов. – Бүгинги илажда ҳәр қыйлы салаларда бирге ислесиўди жеделлестириў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы мәселелер додаланды. Турақлылыққа ийе болған усы сыяқлы илажлар еллеримиз арасындағы товар алмасыўдың көлемин арттырыўға хызмет етеди.

Әнжуман шеңберинде «Еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары, нызамшылық ҳәм исбилерменлик орталығы» темасында мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери ҳәм исбилерменлердиң сөйлесиўи өткерилди. Қурылыс, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм жеңил санаат салаларына бағышланған сектор мәжилислеринде бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм усындай илажларды ҳәр жылы өткериўге келисип алынды.

– Кәрханамыз жеңил санаат өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен, – дейди Қырғызстанның «V8va53x» компаниясының саўда директоры Динора Мамасиддиқова. – Илажда өзбекистанлы өндирисшилер менен ийирилген жип жеткерип бериў бойынша келисимге еристик. Елиңизде жаратылған қолайлы инвестициялық орталықтан пайдаланып, келешекте өз-ара байланысларды буннан былай да кеңейтиўди ҳәм Өзбекистанда да жумысымызды жолға қойыўды режелестиргенбиз.

Сөйлесиўлерге бай болып өткен форум шеңберинде саўда-экономикалық бирге ислесиўге байланыслы 60 қа шамалас ҳүжжетке қол қойылды. Өзбекистан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги ҳәм Қырғызстан Республикасы  Экономика министрлиги арасында саўданы қаржыландырыў саласындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша  рамкалы келисим 2017-2019-жылларда Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасында саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм транспорт –коммуникация салаларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша биргеликтеги әмелий ҳәрекетлердиң режеси («Жол картасы») ҳәм еки елдиң Саўда-санаат палаталары арасындағы бирге ислесиў келисиминиң қағыйдаларын әмелге асырыўға байланыслы ҳәрекетлер режеси («Жол картасы»)усылардың қатарына киреди.

Еки ел исбилерменлериниң қатнасыўында өткерилген кооперация биржасында өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери, биргеликте кәрханалар шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ

Поделиться