Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЖЕР РЕСУРСЛАРЫ, ГЕОДЕЗИЯ ҲӘМ КАДАСТР САЛАСЫНДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫП АТЫРҒАН ЖУМЫСЛАР ДОДАЛАНДЫ
2017-12-13 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 2017-жыл 13-декабрь күни жер ресурслары, геодезия ҳәм кадастр саласында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети басшыларының сала жумысын жетилистириў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша есаплары тыңланды.
Бизге белгили, жер ҳәм көшпес мүлк кадастры жумысларын жақсылаў мақсетинде быйыл «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитетиниң структуралық қурамы ҳәм жумыс бағдарлары қайтадан тастыйықланды.
Комитеттиң тийкарғы жумыс бағдарлары етип жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, геодезия ҳәм картография саласының жумысы бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырылыўын тәмийинлеў, жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жерлерди сақлаў ҳәм қорғаў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў, геодезия ҳәм картография жумысының нәтийжелилигин күшейтиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, мәмлекетлик кадастрлардың бирден-бир системасын жүргизиў, көшпес мүлк объектлериниң электрон мағлыўматлар базасын жетилистириў ҳәм турақлы жаңалап барыў, тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизген ҳалда, мәмлекетлик кадастр хызметлериниң сапасын жақсылаў, исбилерменлик субъектлерине жедел ҳәм сапалы хызметлер көрсетиў белгиленди.
Комитет жанында жер қатнасықлары ҳәм мәмлекетлик кадастрларды раўажландырыў қоры шөлкемлестирилди. Комитет басшылары пүткиллей жаңаланды. Комитеттиң системасына қосымша 937 штат бирлиги берилди ҳәм материаллық-техникалық базасы беккемленди.
Соның ишинде, мәмлекетлик комитет уйымлары системасына қосымша рәўиште киргизилип атырған штат бирликлерин сақлаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм раўажландырыў ушын быйыл Жер қатнасықлары ҳәм мәмлекетлик кадастрларды раўажландырыў қоры қаржыларының есабынан 45 миллиард сумнан аслам қаржы жумысалыўы белгиленген.
Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 3-августтағы қарары менен 2016-2017-жылларда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың тийисли болған көшпес мүлк объектлери жалпы хатлаўдан өткерилгенин атап өтиў зәрүр.
Онда елимиздеги барлық 8 мың 901 мәҳәлледе хатлаў жумыслары жуўмақланды. 6 миллион 190 мыңнан аслам көшпес мүлк объекти хатлаўдан өткерилди. Атап айтқанда, 5,8 миллион турақ жай объекти, 267 мың 963 турақ жай емес объекти, 38 мың 373 дала ҳәўлиде хатлаў жумыслары әмелге асырылды.
Бүгинги күнге шекем Мәмлекетлик салық комитетине реал ўақыт режиминде 6 миллион 30 мыңнан аслам (97 процент) көшпес мүлк объекти ҳаққындағы кадастр мағлыўматлары усынылды.
Комитет системасындағы ведомстволар тәрепинен пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилип атырған мәмлекетлик кадастр хызметлериниң сапасын жақсылаў мақсетинде салада заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен қолланыў арқалы 7 мәмлекетлик хызмет интерактив усылға өткерилди.
Ушыўшысыз ушыў аппаратларын экономиканың реал секторында нәтийжели қолланыў арқалы орынларда жер қадағалаўы, аўыл хожалығы егинлериниң егилиўи ҳәм басқа да агротехникалық илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде квадрокоптерлер алып келинбекте.
Мәжилисте «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитети басшылығында жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр саласындағы кадастрларды комплексли тәртипке салыўды, жерлерден ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўди, тәсиршең қадағалаўды тәмийинлеўде инталылық жетиспей атырғаны қатаң сынға алынды. Сондай-ақ, тараўда шешилиўи талап етилип атырған көплеген машқалалар бар екени атап өтилди.
Соның ишинде, быйылғы жылы агротехникалық илажлардың ислениўи ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған егинлерди егиў үстинен системалы мониторинг өтилмегени ақыбетинде 833 фермер 13 мың гектарға пахта ҳәм ғәлле егиў бойынша шәртнамалық миннетлемелерди орынламағаны көрсетип өтилди.
Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Бас министрдиң орынбасары З.Мирзаевқа жерден нәтийжели пайдаланыў, фермерлер тәрепинен дүзилген шәртнамалардың орынланыўын қатаң тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленди.
Мәжилисте мәмлекетлик кадастр хызмети тәрепинен 2016-2017-жылларда көшпес мүлк объектлерин жалпы хатлаўдан өткерип, анықланған ҳүжжетсиз мүлкти дизимге қойыў жумыслары да толық жуўмақланбағаны айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, хатлаўда 1 миллион 100 мың турақ жайдың ҳүжжети 15 жылдан аслам ўақыт даўамында рәсмийлестирилмегени, 145 мың көшпес мүлк объектинен 15 жылдан аз мүддет даўамында ҳеш қандай ҳүжжетсиз пайдаланып келингени, сондай-ақ, нызамсыз ийеленген 8,5 мың гектар жерде ҳәм қорықланатуғын аймақларда 67 мың объект қурылғаны анықланған.
Бирақ кадастр хызмети уйымлары, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлери тәрепинен бул объектлердиң кадастр ҳүжжетин таярлаў, олар бойынша меншик ҳуқықын рәсмийлестириў, өз басымшалық пенен ийеленген жерлерге қурылған объектлерди бузыў ямаса оларға ийелик ҳуқықын бериў жумыслары толық жуўмақланбағаны қатаң көрсетип өтилди. Соның ишинде, 15 жылдан аслам ўақыт пайдаланып келинген 1,1 миллион турақ жайдан 751 мыңы ямаса 68 проценти бойынша кадастр ҳүжжетлери таярланғаны, бул жумыслар қадағалаўдан шетте қалғаны атап өтилди.
Соннан келип шығып Бас министрдиң орынбасары З.Мирзаев, «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Абдуллаевқа аймақлық ҳәкимликлер менен бирге, кадастр ҳүжжети жоқ турақ жай менен жерлерди толық дизимге алыў, өз басымшалық пенен ийеленген жер ҳәм қурылған жайлар мәселесин шешиў бойынша қарар, бағдарлама ҳәм кесте ислеп шығып, әмелге асырыў тапсырмасы берилди.
Салаға мәлимлеме-коммуникацияларын, соның ишинде, көшпес мүлк есабын жүргизиў бойынша бирден-бир мәлимлеме системасын енгизиў, салық уйымлары менен күнделикли мәлимлеме алмасыў жумысларында босаңлыққа жол қойылған.
Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Б.Парпиевке хатлаўға бола анықланған ҳүжжетсиз турақ жай ҳәм жерлерди кадастр уйымларында дизимге қойыў, олар бойынша кадастр ҳәм салық уйымларындағы мағлыўматлар базасы толық болыўын ҳәм жаңаланып барыўын тәмийинлеў ушын «Жергеодезкадастр» комитети менен биргеликте жумыс алып барыў ўазыйпасы жүкленди.
Жер ҳәм мүлкти дизимге алыў тәртибин жетилистириў зәрүрлигине мәжилисте айрықша итибар берилди. Атап айтқанда, Жәҳән банки жәриялаған рейтингте Өзбекистан «мүлкти дизимге алыў» көрсеткиши бойынша 73-орында екенине итибар қаратылды.
Соның ушын, «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Абдуллаевқа бир ай мүддетте кадастр ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм рәсмийлестириўди «бир айна» арқалы автоматластырылған тәризде әмелге асырыў, бул бағдарда салық ҳәм нотариус уйымлары менен мағлыўматлар алмасыўын жолға қойыў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизиў тапсырылды.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлерин ҳәм егис жумысларын қадағалаўды күшейтиў мақсетинде заманагөй ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар)н сатып алыў жумысларын жуўмақлаў, бундай аппаратларды елимизде ислеп шығарыўды жолға қойыў мақсетинде инновациялық орай шөлкемлестириў бойынша қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпасы жүкленди.