Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МИНИСТРЛЕР КАБИНЕТИНИҢ МӘЖИЛИСИ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

2017-12-11 | Экономика

2017-жылдың  9-декабрь күни Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетинде Өзбекистан Республикасының 2018-жылға мөлшерленген тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери болжаўлары, салық ҳәм бюджет сиясаты концепциясы және Мәмлекетлик бюджет жойбарына бағышланған кеңейтилген мәжилис болып өтти.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў, экономикада мәмлекеттиң қатнасын буннан былай да қысқартыў, исбилерменлик жумысының мәмлекетлик кепилликлерин ҳәм қорғалыўын күшейтиў, инвестицияларды тартыў және экономиканың базалық тармақларын қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған илажлар белгиленген макроэкономикалық көрсеткишлерге ерисиўге көмеклескени атап өтилди.

Тастыйықланған бағдарламаларды қаржыландырып ҳәм нәзерде тутылған барлық қәрежетлерди орынлаған ҳалда 2017-жылдың бюджети жалпы ишки өнимге салыстырғанда 0,1 процент муғдарында профицит пенен орынланыўы күтилип атырғанлығы Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен усы жыл 14-январьдағы Министрлер Кабинетиниң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген дефицитсиз бюджет ҳаққындағы ўазыйпаға муўапық болып табылады.

Жергиликли бюджетлердиң еркинлигин арттырыў ҳәм дәрамат базасын беккемлеў, қосымша дәрамат дәреклерин анықлаў, сондай-ақ, социаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын қосымша дәреклерди тартыў бойынша көрилип атырған илажлар Мәмлекетлик бюджет параметрлериниң орынланыўына унамлы тәсир көрсетти.

Мәжилисте аймақлардың реал имканиятларынан келип шығып, шешимин күтип турған бар машқалаларды ҳәм орынлардағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайын үйренген ҳалда ислеп шығылған келеси жылы елимиздиң тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери болжаўлары, бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң параметрлери бойынша көз-қараслар менен усыныслар ҳәр тәреплеме додаланды.

2018-жылы салық ҳәм бюджет сиясатын жетилистириўге, бюджет қаржыларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм бюджетлераралық қатнасықларды раўажландырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўды даўам еттириў нәзерде тутылмақта.

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары қәрежетлеринде қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламаларды, Өзбекистан Республикасы Президентиниң елимиз аймақларына сапарларының жуўмақларында берген тапсырмаларын, сондай-ақ, валюта сиясатын еркинлестириў шараятында халықты социаллық қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылар нәзерде тутылған.

Жергиликли бюджетлердиң дәраматлары базасын буннан былай да беккемлеў, олардың дәраматлар бойынша ўәкилликлерин ҳәм дәраматлар болжаўы арттырып орынланған бөлегине еркин ийелик етиўде еркинлигин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Республика бюджети ҳәм жергиликли бюджетлер арасында бюджетлераралық қатнасықлардың жаңа механизми енгизилмекте.

Мәжилисте валюта ҳәм баҳа сиясатын еркинлестириў шараятларында экономиканың базалық тармақларын қоллап-қуўатлаў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қорғаўды күшейтиў, сондай-ақ, социаллық инфраструктура, турақ жай коммуналлық хожалығы объектлерин, соның ишинде, жоллар қурыў, суў тәмийнаты бойынша тастыйықланған бағдарламаларды қаржыландырыў және жыллар даўамында өз шешимин күтип турған машқалаларды сапластырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып қалатуғыны атап өтилди. Бул бағдарда министрликлер ҳәм ведомстволар тәрепинен белгиленген мақсетлерге ерисиў бойынша муўапықластырылған жумыслар алып барылмақта ҳәм олардың нәтийжеси бүгинги  күнде-ақ сезилмекте.

Мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен 2018-жылға мөлшерленген салық-бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳәр тәреплеме көрип шығылды, онда салық жүгин буннан былай да қысқартыў, салық ҳәм мәжбүрий төлемлердиң муғдарын азайтыў, жергиликли бюджетлердиң дәраматлар базасын беккемлеў ҳәм олардың еркинлигин арттырыў, қаржылардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм бюджетке түсимлердиң толықлығын тәмийинлеў, соның ишинде:

– пайда салығы және абаданластырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў салықларын бирлестириў арқалы улыўма базалық ставканы 15,5 проценттен 14,5 процентке шекем азайтыў;

– Пенсия қоры, Республикалық жол қоры, Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорына ажыратпаларды бирден-бир төлемге – мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларға бирлестириў арқалы улыўма ставканы 3,5 проценттен 3,2 процентке азайтыў, бул, өз гезегинде, хожалық жүргизиўши субъектлердиң қарамағында дерлик 411 миллиард сум қаржы қалдырыў имканиятын беретуғыны;

– физикалық шахслардың дәраматларынан алынатуғын салық жүги дәрежесин пуқаралардың жеке топланып барылатуғын есап бетлерине ажыратпалар муғдарын 1 проценттен 2 процентке арттырыўдың есабынан азайтыў ҳәм бул пуқаралардың қорларын улыўма 450 миллиард сумнан зыятқа арттырыў;

– жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын қатаң белгиленген салықтың халықтың исбилерменлик белсендилигин арттырыўға қаратылған ставкасын орташа 30 процентке азайтыў;

– аймақлардың өзгешеликлери ҳәм хызмет көрсетиў орны есапқа алынған ҳалда, жергиликли ҳәкимият уйымларына физикалық шахслардың мүлк салығы, жер салығы ҳәм қатаң белгиленген салықлар бойынша белгиленген базалық ставкаларға салыстырғанда 0,7-1,3 ге шекем азайтатуғын ҳәм көбейтетуғын коэффицентлерди қолланыў ҳуқықын бериў нәзерде тутылмақта.

Мәжилис қатнасыўшыларының итибары, сондай-ақ, салық ҳәкимшилигин жетилистириў, дәрамат қорларын анықлаў, жергиликли бюджетлердиң еркинлигин буннан былай да арттырыў, экономиканы қоллап-қуўатлаўды тәмийинлеў, инфляция дәрежесин нәзерде тутылған параметрлер шеңберинде сақлаўды және қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламаларды ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң тапсырмалары сөзсиз қаржыландырылыўын нәзерде тутатуғын бюджет сиясаты шеңберинде әмелге асырылып атырған илажларға қаратылды.

2018-жылы да өткен жыллардағы сыяқлы социаллық сала ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў қәрежетлериниң үстинлиги сақланып қалынады. Атап айтқанда, социаллық саланы қаржыландырыў ушын 34,7 триллион сум қаржы қаратыў нәзерде тутылмақта.

2018-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў ушын 8,5 триллион сумнан аслам қаржы қаратыў усыныс етилмекте, атап айтқанда:

2017-2021-жылларда Мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў бағдарламасы шеңберинде 14 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси объектин қурыў, 256 объектти реконструкциялаў, 157 объектти толық оңлаў ҳәм үскенелеў ушын 815 миллиард сум қаржы (соның 193  миллиард сумы – халықарлық қаржы институтларының қаржылары) қаратыў, бул – 2017-жылдағыға салыстырғанда 3 есеге көп;

48 жоқары билимлендириў мәкемесиниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға 559,1 миллиард сум ажыратыў нәзерде тутылған, бул 2017-жылдағыға салыстырғанда 1,5 есеге көп;

Өзбекистан Республикасы Президентиниң аймақларға сапар етиўлери даўамында берилген тапсырмаларға ҳәм Мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған ўазыйпаларға тийкарланып 296 медицина мәкемесин қурыў, реконструкциялаў ҳәм толық оңлаў жумысларына – 753,6 миллиард сум қаратылады;

медицина мәкемелерин, бәринен бурын шаңарақлық поликлиникаларды, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем мәкемелерин дәри қураллары ҳәм медицина буйымлары менен тәмийинлеўди арттырыўға 915,4 миллиард сум ямаса 2017-жыл параметрлеринде нәзерде тутылғанға салыстырғанда 2,5 есеге көп қаржы жумсалады;

медицина мәкемелерин, биринши гезекте, аўыллық шыпакерлик пунктлерин ҳәм поликлиникаларды зәрүр скрининг диагнозлаў ҳәм емлеў үскенелери менен қосымша тәмийинлеў ушын – 50 миллиард сум ажыратыў нәзерде тутылмақта.

Турақ жай – коммуналлық хызметлер көрсетиў жумысларына қәрежетлер 228,6 миллиард сумды қурайтуғыны атап өтилди, соның ишинде, көп қабатлы турақ жайларға тутас аймақларды абаданластырыўға – 47,2 миллиард сум, көп қабатлы турақ жайлар фондының лифт үскенелерин оңлаўға ҳәм алмастырыўға – 22,4 миллиард сум қаратылады.

Жаңадан шөлкемлестирилген «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханалары арқалы 2017-2021-жылларда қатты турмыслық шығындыларды топлаў, сақлаў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў системасын жетилистириў бағдарламасын орынлаў ушын келеси жылы 163,2 миллиард сум ажыратылады.

«Таза ишимлик суўы» қорының есабынан ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларын комплексли раўажландырыў және модернизациялаў бағдарламасының орынланыўына 584,7 миллиард сум қаратыў нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, транспорт-коммуникация жойбарларына 469,2 миллиард сум ҳәм республика аймақларында социаллық инфраструктура объектлерин раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыўға 568,6 миллиард сум қаратыў нәзерде тутылмақта.

Мәмлекетлик бюджетти биринши мәрте жалпы ишки өнимге салыстырғанда 0,02 процент муғдарында профицит пенен тастыйықлаў усыныс етилгени атап өтилди.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелерди додалаў шеңберинде бир қатар министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларының, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарларының есаплары тыңланды.

Министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелериниң, жергиликли артқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшыларына, бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардан мәнзилли пайдаланыў, бюджетке түсимлерди өз ўақтында ҳәм толық түсириў, жергиликли бюджетлердиң дәраматлар базасын көбейтиў бойынша жуўапкершиликти арттырыў және мәмлекетлик салық хызмети ҳәм қаржы уйымлары аймақлық бөлимлерине жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын көбейтиў ҳәм резервлерин анықлаў бойынша анық ўазыйпалар жүкленди.

Додалаўдың жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасының 2018-жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлери, салық ҳәм бюджет сиясаты концепциясы және Мәмлекетлик бюджет жойбарын Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына жибериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Поделиться