Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында
2017-11-27 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-декабрь күни Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Нурсултан Назарбаевты Қазақстан Республикасының Биринши Президенти күни менен шын жүректен қутлықлады.
Сөйлесиўде Президент Нурсултан Назарбаевтың басшылығында Қазақстанның мәмлекетлик қурылысы ҳәм ғәрезсиз раўажланыўының беккем тийкарын қурыўда салмақлы нәтийжелерге ерискени атап өтилди.
Мәмлекет басшыларының басламалары себепли Қазақстан халықаралық майданда итибарға ийе болды, дүнья жәмийетшилигиниң абыройлы ағзасына, турақлы раўажланып атырған мәмлекетке айланды.
Өзбекистан ҳәм Қазақстанның мәмлекет басшылары еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын ҳәм перспективаларын да додалады. Жуўмақланып атырған жылда еллеримиздиң сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық салалардағы қатнасықлары салмақлы дәрежеге кеңейгени атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыўдың көлеми сезилерли дәрежеде өсти, биргеликтеги саўда үйлери менен заманагөй кәрханалар шөлкемлестирилди, регионлараралық бирге ислесиў жедел раўажланбақта.
Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлери Орайлық Азия еллериниң өз-ара исеним, ҳүрмет ҳәм тәреплердиң мәплерин есапқа алыў тийкарындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша ис-ҳәрекетлерин сөзсиз қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, халықаралық әҳмийетке ийе айрықша мәселелер ҳәм жаңа 2018-жылға мөлшерленген еки ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиў бойынша пикир алысты.