Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасына келди
2017-11-22 | Сиясат
СЕУЛ, 22-ноябрь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Әбиў Бәкир Оразов хабар етеди.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Президент Мун Чжэ Инниң мирәт етиўине бола 22-ноябрь күни мәмлекетлик сапар менен Корея Республикасына келди.
Сеул қаласының аэропортында Өзбекистан Президентиниң ҳүрметине еки мәмлекеттиң байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты. Мәмлекетимиз басшысын Корея Республикасы Бас министриниң орынбасары, стратегия ҳәм қаржы министри Ким Донг Ён күтип алды.
Усы сапар етиў Өзбекистан-Қубла Корея арасында турақлы даўам етип киятырған жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың логикалық даўамы болып, мәмлекетлеримиздиң өз-ара байланысларына тийисли кең көлемли мәселелерди додалаў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеў, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысыў имканиятын береди.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Инниң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлеринде өз-ара бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелери, сиясий, саўда-экономикалық, қаржы-инвестициялық, илимий-техникалық, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да салалардағы мәмлекетлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалаў, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, сапар етиў шеңберинде мәмлекетимиз басшысы Миллий Ассамблея Спикери Чон Сэ Гюн ҳәм Корея Республикасы Бас министри Ли Нак Ён менен ушырасыўы, еки елдиң жетекши экономикалық ҳәм қаржы структураларының басшылары, ири исбилерменлердиң қатнасыўындағы Өзбекистан–Қубла Корея бизнес форумында қатнасыўы нәзерде тутылған.
Сапар етиўдиң жуўмағы бойынша Өзбекистан Республикасы ҳәм Корея Республикасы Президентлериниң Стратегиялық шерикликти ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳаққындағы биргеликтеги баянатының қабыл етилиўи, сондай-ақ, ҳәр қыйлы салалардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге байланыслы көплеген ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлерге, коммерциялық келисимлер менен шәртнамаларға қол қойылыўы күтилмекте.