Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Шавкат Мирзиёевқа
2017-10-24 | Сиясат
Ҳүрметли Президент мырза!
Кеше Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Директорлар кеңеси Өзбекистан ушын биринши еки жойбарды бир даўыс пенен тастыйықлағанын Сизге билдириўден оғада бахтыярман. Бул Өзбекистан ҳәм ЕТРБ арасындағы қатнасықлардың жаңа басқышында әҳмийетли ўақыя болды. Ҳақыйқатында да, усы жылдың март айында Ташкент қаласында Сиз бенен болып өткен ушырасыў ҳәм Өзбекистан ҳүкимети менен Түсинисиў меморандумына қол қойысылғаннан кейин банкимиздиң ўәкиллери жедел түрде бирқатар инвестициялық жойбарлар ислеп шығыўға ерискени мени қуўандырады. Бул ЕТРБның Өзбекистан Республикасы менен бирге ислесиўден мәпдар екенине ҳәм банкимиздиң Сизиң басламаңыз бенен әмелге асырылып атырған сиясий ҳәм экономикалық реформалар бағдарламасын қоллап-қуўатлаўдың исенимли тастыйығы екенине беккем исенемен.
Жоқарыда баян етилген еки жойбар киши ҳәм орта бизнес, саўданы қаржыландырыўды қоллап-қуўатлаў ушын Өзбекистан Миллий банкине ажыратылатуғын 100 миллион доллар нырқындағы кредит линиясы, сондай-ақ, мийўе шербетин ислеп шығарыўға қәнигелескен “Агромир” жеке компаниясына ажыратылатуғын 10 миллион долларлық заёмнан ибарат. Ҳәр еки жойбар Сиз ҳәм ҳүкиметиңиз бенен келисилген баслы бағдарларға толық сәйкес келеди. Усы жойбарлар банк тармағы, киши ҳәм орта исбилерменлик, агробизнести беккемлеў арқалы мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына салмақлы үлес қосады. Ҳәзирги ўақытта қәнигелеримиз финанс, аўыл хожалығы ҳәм санаат тараўларында, сондай-ақ, орынлардағы инфраструктураны раўажландырыў бойынша көплеген қосымша инвестициялық жойбарларды ислеп шықпақта. Биз “Киши бизнес ушын мәсләҳәтлер” бағдарламасын да иске түсирдик. Усы бағдарлама шеңберинде биринши жойбарлар баслап жиберилген. Буннан тысқары, елиңиз бенен Бирге ислесиў стратегиясының дәслепки исленбелерин жуўмақлаў алдындамыз. Стратегия бойынша делегациямыз ЕТРБның Өзбекистандағы узақ келешекке мөлшерленген искерлигиниң баслы бағдарларын келисип алыў ушын келеси жылдың басында ҳүкиметиңиз ўәкиллери менен ушырасыўына үмит етемиз.
Елиңизде әмелге асырылып атырған реформаларды толық қоллап-қуўатлаўымызды және бир мәрте билдириўди қәлер едим. Бул ЕТРБ биринши вице-президенти Фил Беннетт ҳәм тәўекелшиликлер бойынша вице-президент Бетси Нельсонның ноябрь айының басында Ташкентке болатуғын сапары даўамында да өз көринисин табады. Усы сапар шеңберинде ўәкиллеримиз ЕТРБның Ташкенттеги ўәкилханасын рәсмий рәўиште ашады, ҳүкиметиңиз ўәкиллери менен бирқатар ушырасыўлар өткереди, сондай-ақ, 10-11 ноябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өтетуғын Орайлық Азияда қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў мәселелери бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияда қатнасады.
Сөзимниң соңында Сизиң басшылығыңызда Өзбекистан Республикасы менен бирге ислесиўимиз раўажланып атырғаны ушын терең миннетдаршылық билдиремен.Бирге ислесиўимизди буннан былай да беккемлеў мақсетинде келеси жылы Өзбекистанға барыўға үмит етемен.
Шын жүрек пенен,
Сума ЧАКРАБАРТИ,
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў
банки президенти