Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Өзбекистан жаңа шеклерди гөзлемекте»

2017-10-21 | Сиясат

Америка Қурама Штатларының айына 4,2 миллионлық аудиторияға ийе «Real Clear World» басылымында усындай рубрикадағы мақала жәрияланды. Оның авторы басылымның шолыўшысы ҳәм «Corsair LLC» консалтинг компаниясының басқарыўшы директоры Жеймс Дурсо.

Мақалада атап өтилиўинше, 2016-жылдың 4-декабринен яғный, Шавкат Мирзиёев мәмлекет Президенти етип сайланған күннен баслап Өзбекистан өзиниң раўажланыўында жаңа басқышқа қәдем қойды. Оған шекем 13 жыл даўамында Бас министр лаўазымында жумыс алып барған жаңа Президент қоңсылас еллер менен шегара ҳәм суў ресурслары менен байланыслы бәсекили жағдайларға шешим тапты, миллий валютаның конвертациясын тәмийинлеў, инсан ҳуқықларына әмел етиў, Батыстың ғалаба хабар қураллары ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў сыяқлы мәселелерди шешиўге жедел киристи. Өзбекистан басшысы қоңсылас еллер, узақ  ҳәм жақын сырт еллер, соның ишинде, Россия, Қытай, АҚШ, Европа Аўқамы ҳәм басқа да мәмлекетлер менен тығыз бирге ислесиўди кеңейтпекте.

Эксперттиң пикиринше, Өзбекистанда жүз берген әҳмийетли ишки өзгерислердиң қатарында оқытыўшылар ҳәм денсаўлықты сақлаў хызметкерлерин пахта жыйым-теримине тартыў қадаған етилгенин атап өтиў мүмкин. Бул бағдардағы жумыслардың даўам етилиўи Өзбекистан пахтасын сыртқы базарда сатыўдың көлемин кеңейтиў имканиятын береди, деп есаплайды америкалы шолыўшы.

Буннан тысқары, Өзбекистан басшылығы экспортшылардың сырт ел валютасында алған дәраматларының 25 процентин мәжбүрий сатыў әмелиятын бийкар етти. Мәмлекет пуқаралары сырт ел валютасын банктен сатып алыў ҳәм сатыў имканиятына ийе болды. Бул илажлар саўда-сатықты жеңиллестириўге ҳәм коррупцияны азайтыўға хызмет етеди. Бул жаңаланыўлар жеделлик пенен әмелге асырылғаны көплеген қаржы қәнигелерин таң қалдырды, деп атап өтеди Ж.Дурсо.

Автор, сондай-ақ, Өзбекистан Президентиниң басламасы менен елде экстремизм идеяларына бейим болған шахслар «қара дизим»нен шығарылып атырғанын (17 мыңнан 16 мың адам) атап өтеди. Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзлеринен биринде «Турмыста билип-билмей жаңылысқан адамларды дурыс жолға салыў, кеширимли болыў, оларды саламат турмысқа қайтарыў мәселелери де дыққат орайымызда тур», деп атап өтти. Бундай адамларды жумысқа орналастырыў ҳәм дин уламаларының олар менен турақлы пикирлесиў ўазыйпасы қойылды.

Мақалада атап өтилгениндей, 2019-жылдан баслап Өзбекистанда шет елге шығыў визалары бийкар етиледи. Бул халықтың экономикалық имканиятларын ҳәм еркинлигин арттырады. Ферғана үлкесинде «Дослық» ҳәм Қазақстанда «Мақтарал» шегара пунктлериниң ашылыўы адамлар ҳәрекетиниң ҳәм өз-ара саўда сатықтың кеңейиўине хызмет етеди.

Жеймс Дурсоның жазыўынша, халықаралық шөлкемлер, ҳүкиметлик емес шөлкемлер ҳәм халаба хабар қураллары Өзбекистандағы жумысын қайта тиклеўге  умтылмақта ҳәм ҳүкиметти реформаларды даўам еттириўге шақырмақта. Шавкат Мирзиёев БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Зайд Раад ал-Ҳусайн менен ушырасыў ўақтында бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин билдирди. Мәмлекетте «Би-Би-Си»диң офисин ашыў мәселеси көрип шығылмақта. Жақында «Хьюман Райтс Вотч» ўәкиллери Өзбекистанда болды, Европа Тиклениў ҳәм раўажланыў банки елимизге және кредит ажырата баслады.

Америкалы эксперт Шавкат Мирзиёев қоңсылар менен қатнасықларды жедел жақсылап атырғанын  атап өтеди. Мәмлекет басшысы усы жылдың сентябрь айында БМШ минберинде турып «Өзбекистан бүгинги күнде өзиниң сыртқы сиясатында Орайлық Азия регионына айрықша әҳмийет қаратпақта», деп атап өтти.

Шавкат Мирзиёевтың Президент сыпатында сырт елге дәслепки сапарын Түркменстанға әмелге асырғаны терең мәниге ийе. Өзбекистан басшысы Қазақстанға бир неше мәрте барып, шегарадан өтиў жолларын қайта тиклеў және Алматы ҳәм Ташкент арасында тезжүрер жолаўшы поезд ҳәрекетин жолға қойыў мәселелерин додалады.

Өзбекистан Қырғызстан менен шыгараларды делимация етиў ҳаққында келисимге қол қойды. Ташкент ҳәттеки Нарын дәрьясында гидроэлектрстанция қурыўда қоңсылас мәмлекетке жәрдем бериўге разы болды. Ферғана үлкесиндеги қадағалаў-өткериў пунктлери жумысының қайта тикленгени ҳәм еки ел халқының ҳәрекетлениўи ушын жеңилликлер жаратылғаны да Шавкат Мирзиёевтың Бишкекке жақында әмелге асырған сапарының әҳмийетли нәтийжелери болды.

Өзбекистан ҳәм Тәжикстан арасындағы қатнасықларда Роғун ГЭСине байланыслы машқалалар тәреплердиң эксперт сөйлесиўлери өткерилиўинен мәпдар екени ҳаққындағы пикирлер менен алмасты. Бул мәмлекет басшылары арасында өз-ара түсинисиў пайда болыўға хызмет етпекте. Апрель айында еки ел арасында ҳаўа транспорты ҳәрекети қайта тикленди, саўда-сатық жеделлеспекте. Ташкент Душанбе менен шегараға байланыслы бәсекилесиўлерди шешиўге кириседи, бул регионаллық саўда көлемин арттырыўға хызмет етеди, деген болжаўды алға сүреди шолыўшы.

Өзбекистанның Россия менен бирге ислесиўи ҳаққында сөз етер екен, Жеймс Дурсо экономикалық бирге ислесиўден ҳәм экстремизмге қарсы биргеликте гүресиўден еки ел де бирдей мәпдар екенин атап өтеди. Өзбекистан экономикасын либералластырар екен инвестицияларға зәрүр, бул бағдарда оған Россия жәрдем бериўи мүмкин, деп атап өтиледи мақалада. Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң усы жылдың апрель айында Москвада болып өткен сөйлесиўлериниң жуўмағында Россия Федерациясы Өзбекистанға 12 миллиард долларлық инвестиция киргизиў миннетлемесин алды ҳәм 3,8 миллиард долларлық саўда келисиўлерине қол қойды. Тәреплер трансшегаралық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мақсетинде әскерий оқыў шынығыўларын өткериўге келисип алды.

Жеймс Дурсо Қытай да Өзбекистан инфраструктурасына жедел инвестиция киргизип атырғанын атап өтеди. Пекин жақында нырқы 20 миллиард доллардан аслам қоспа жойбарларды әмелге асырыўды мақуллады. Сондай-ақ, Пекин Өзбекистанда инвестициялық орталық жақсыланыўынан ҳәм Ташкентке экстремизмге қарсы гүресиўге көмеклесиўден мәпдар.

Автордың пикиринше, Өзбекистан АҚШтың Аўғанстанға қызығыўшылығы артып атырғанынан пайдаланыўы мүмкин. Ташкент Вашингтонға Өзбекистандағы транзит ҳәм эксплуатация инфраструктурасын усыныс етиўи мүмкин. Шавкат Мирзиёевтың АҚШ пенен бирге ислесиўге таяр екени Дональд Трамптың принципиаллық жақтан реалистлик көз-қараслары менен сәйкесликте Өзбекистан экономикасы ушын зәрүр болған сиясий орталық жаратыўы мүмкин.

Поделиться