Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Мектепке шекемги билимлендириў саласында заманагөй система жаратылады
2017-10-20 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-октябрь күни мектепке шекемги билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.
Онда Өзбекистан Республикасының Бас министри, Президенттиң Мәмлекетлик кеңесгөйлери, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары қатнасты.
Елимизде миллий генофондты беккемлеў, жас әўладты жетик кадрлар етип тәрбиялаў мәселелерине турақлы итибар қаратылып келинбекте. 2017-жыл 16-августь күни болып өткен мәжилисте билимлендириў системасын раўажландырыўдың көплеген бағдарлары белгилеп берилди. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў системасын структуралық жақтан түп-тийкарынан реформалаў, усы мәкемелерге балаларды толық қамтып алыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар қойылған еди.
Президентимиздиң усы жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық бул салада жаңа система жаратылды.
Жаңа министрликтиң алдына мектепке шекемги билимлендириў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес тармағын кеңейтиў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды маман педагог кадрлар менен тәмийинлеў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине балаларды қамтып алыўды кескин арттырыў, тәлим-тәрбия процесслерине заманагөй билимлендириў бағдарламалары менен технологияларды енгизиў арқалы балаларды ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, руўхый-эстетикалық, физикалық раўажландырыў және оларды мектепке таярлаў сапасын түп-тийкарынан жақсылаў ўазыйпалары қойылды.
Мәжилисте усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.
Турмысымызда шешиўши әҳмийетке ийе болған тәлим-тәрбия системасы туўралы сөз еткенде Абдулла Авлоний бабамыздың дана пикирлерин қайта-қайта айтыўға туўра келеди: тәлим-тәрбия – биз ушын я өмир, я өлим мәселеси болып табылады, деди Президентимиз. Қайсы саланы алмайық, биз заманагөй жетик кадрларды тәрбияламай турып бирде-бир өзгериске, абадан турмысқа ерисе алмаймыз. Бундай кадрларды, миллеттиң саламат генофондын таярлаў, бәринен бурын, мектепке шекемги билимлендириў системасынан басланады. Мектепке шекемги билимлендириў системасы үзликсиз билим бериўдиң дәслепки, ең тийкарғы буўыны болып табылады. Қәнигелер менен педагоглардың илимий шешимлерине бола, инсан өз өмири даўамында алатуғын барлық мәлимлемениң ҳәм мағлыўматтың 70 процентин 5 жасқа шекемги болған дәўирде алады. Әне, усы дәлилдиң өзи балаларымыздың жетик ҳәм бәркамал шахс болып өсиўинде бақша тәрбиясының қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин айқын дәлиллеп тур.
Буған қосымша дәлил излеп узаққа барыўдың қәжети жоқ. Бақша тәрбиясын алған бала менен бақшаға бармаған баланы салыстырғанда, олардың пикирлеў дәрежесиниң арасында жер менен аспандай парық бар екенин сезиў қыйын емес.
Сонлықтан да биз мектепке шекемги билимлендириў системасын қайта көрип шығыў мәселесин мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерип, бул бағдарда үлкен жумысларды басладық. Егер усы жумысты ҳәр тәреплеме пуқта ойлап әмелге асырмасақ, пүткил билимлендириў системасында сапа өзгерисине ерисиўимиз, билимлендириўдиң үзликсизлигин тәмийинлеўимиз қыйын болады, деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Бүгинги күнде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жаңа бақшалар қурыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар қабыл етилип, әмелге асырылмақта. Раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси есапқа алынып, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин, соның ишинде, мәмлекетлик емес бақшалардың тармағын кеңейтиўге де үлкен әҳмийет берилмекте. Бул болса, системада нәтийжели бәсекиликти қәлиплестириўге ҳәм билимлендириў хызметлериниң түрин көбейтиўге хызмет етеди.
Мектепке шекемги билимлендириў саласына қәнигелескен кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Биз қабыл етилип атырған барлық қарарларды әмелге асыратуғын, перзентлеримизге билим тийкарларын, ең зәрүр турмыслық түсиниклер менен көнликпелерди үйрететуғынлар жоқары маманлықтағы тәрбияшылар ҳәм устазлар болып табылады, деп атап өтилди мәжилисте.
Бул салада заман талапларына жуўап беретуғын алдынғы педагогикалық усыллар менен методикаларды ислеп шығыў, оқыў ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлардың жаңа әўладын дөретиў ҳәм басып шығарыў да оғада әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Және бир әҳмийетли мәселе – бул мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде маман медициналық хызметти шөлкемлестириў, санитариялық нормалар менен гигиеналық қағыйдаларға толық жуўап беретуғын саламат аўқатланыў системасын жолға қойыў зәрүр.
Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм басқа да тийисли ведомстволарға ҳәр бир мәселе бойынша анық мүддетлери көрсетилген ҳалда әҳмийетли тапсырмалар менен ўазыйпалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Ташкент қаласы, ўәлаятлардың мектепке шекемги билимлендириў басқармалары ҳәм районлық (қалалық) мектепке шекемги билимлендириў бөлимлерин имаратлар ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлар менен тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.
Алдынғы шет ел тәжирийбелери тийкарында мектепке шекемги билимлендириў системасындағы педагог кадрлардың маманлығын арттырыў бойынша оқыў-реже ҳәм бағдарламаларды жетилистириў, жоқары билимлендириў мәкемелери арнаўлы сыртқы бөлимлериниң «Мектепке шекемги билимлендириў» бағдары бойынша 2018-2023-жыллар ушын квоталар ажыратыў мәселесине итибар қаратылды.
Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында «Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў ҳәм гезекке қойыў бойынша электрон бағдарлама»ны енгизиў бойынша тапсырма берилди. Сондай-ақ, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-коммуникация технологиялары қураллары менен тәмийинлениў ҳәм интернет тармағына жалғаныў жағдайы сын көз-қарастан үйренилип, оларды басқышпа-басқыш заманагөй компьютер техникасы менен тәмийинлеў ҳәм интернет тармағына жалғаў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылады.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине шыпакерлер ажыратыў, медицина мийирбийкелериниң маманлығын арттырыў, тез медициналық жәрдем көрсетиў ушын дәри-дәрмақ, санитариялық-гигиеналық қураллар менен толық тәмийинлеў, балалардың аўқатланыўын белгиленген нормалар дәрежесинде шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине мөлшерленген оқыў-методикалық ҳәм дидактикалық әдебиятларды басып шығарыўға байланыслы стандартларды қайта көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў мәселесине де итибар қаратылды.
Бир сөз бенен айтқанда, биз мектепке шекемги билимлендириў саласында ҳәр тәреплеме заманагөй система жаратыўымыз керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Келеси 3-4 жылда 5-6 жастағы барлық балаларды мектепке шекемги билимлендириўге толық қамтып алыўға ерисиўимиз шәрт. Бул ертеңги күнимизди белгилейтуғын мәселе ҳәм биз оны әлбетте әмелге асырамыз.
Мәжилисте саланың алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.