Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Мектепке шекемги билимлендириў системасын басқарыўды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында

2017-10-02 | Ҳүжжетлер

Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мектепке шекемги билимлендириў саласы үзликсиз билимлендириў системасының дәслепки буўыны есапланып, ол ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал бала шахсын тәрбиялаў және мектепке таярлаўда оғада үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.

Ғәрезсизлик жылларында республикада тәлим-тәрбия системасы ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарлары дәрежесине көтерилди. Бирақ, өткерилген талқылаўлар мектепке шекемги билимлендириў саласында алып барылып атырған жумыслардың нәтийжеси жетерли дәрежеде емеслигин көрсетпекте.

Соның ишинде, соңғы 20 жыл даўамында мәмлекет қарамағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң саны 45 проценттен зыятырақ азайған болып, бүгинги күнде республика бойынша балалардың мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыныўы 30 процентти қурайды. Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы заман талапларына жуўап бермейди.

Мектепке шекемги билимлендириў системасында вариативлик бағдарламалар енгизилмеген, балаларды мектепке таярлаў бойынша альтернативалы, бейимлесиўши модельлер жетерли дәрежеде раўажланбаған ҳәм раўажланған еллер сыяқлы социаллық, жеке, сезимталлық, сөйлеў, математикалық, физикалық ҳәм дөретиўшилик жақтан раўажландырыўға, қоршаған орталық пенен танысыўға бағдарланған арнаўлы мәмлекетлик билимлендириў бағдарламалары енгизилмеген.

Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған педагог кадрлардың көпшилиги орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болып, ол балаларды мектеп билимлендириўине талап дәрежесинде таярлаў имканиятын бермейди.

Буннан тысқары, мектепке шекемги билимлендириў сапасының мониторингин жүргизиў структуралық ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан нәзерде тутылмағанлығы себепли мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги билим бериў процесиниң сапасын және нәтийжелилигин баҳалаў заман талапларына жуўап бермейди.

Шет мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин талқылаў соны көрсетеди, заманагөй мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде мектепке шекемги жастағы балаларды раўажландырыў ушын шараятларды жаратыўға бағдарланғанлығы менен түсиндирилип, баланың унамлы жәмийетлик орталыққа бейимлесиўи имканиятларын көрсетиў, оның ҳәр тәреплеме шахсқа тийисли руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан ҳәм саналы раўажланыўы, мектепке шекемги жасқа байланыслы тийисли жумыс түрлери тийкарында инталылығын және унамлы қәбилетлерин раўажландырыўға, имканиятларын ашыўға қаратылған.

Үзликсиз билимлендириў системасының әҳмийетли буўыны болған мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў, нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасын жаратыў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес тармағын кеңейтиў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды маман педагог кадрлар менен тәмийинлеў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине балаларды қамтып алыўды кескин арттырыў, тәлим-тәрбия процесслерине заманагөй билимлендириў бағдарламаларын ҳәм технологияларын енгизиў арқалы балаларды ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, руўхый-эстетикалық, физикалық жақтан раўажландырыў ҳәм оларды мектепке таярлаў сапасын түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Ташкент қалалық мектепке шекемги билимлендириў бас басқармасы, ўәлаятлардағы мектепке шекемги билимлендириў басқармалары ҳәм олардың районлық (қалалық) бөлимлери шөлкемлестирилсин.
  2. 2. Төмендегилер Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

бириншиден, мектепке шекемги билимлендириў саласында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

екиншиден, алдынғы шет ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда мектепке шекемги жастағы балаларды ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, әдеп-икрамлылық, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў;

үшиншиден, республикада мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў есабынан барлық балалардың мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине басқышпа-басқыш қамтып алыныўын тәмийинлеў, оларға салық жеңилликлерин және преференциялар бериў, бюджеттен субсидиялар ажыратыў, сондай-ақ, балалардың мектепке шекемги билим алыўы ҳәм тәрбиясының альтернативалы түрлерин әмелиятқа енгизиў;

төртиншиден, заманагөй инновациялық педагогикалық технологияларды, билим бериўдиң ҳәм тәрбияның нәтийжели түрлери менен усылларын                  тәлим-тәрбия процесине, соның ишинде, мәмлекетлик емес секторда енгизиў;

бесиншиден, миллий мәдений-тарийхый қәдриятларды сәўлелендиретуғын ҳәм балалықтан китап оқыўға қызығыўшылығын оятатуғын оқыў-методикалық, дидактикалық материаллар, ойын ҳәм ойыншықлар, көркем әдебиятлар менен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин тәмийинлеў;

алтыншыдан, заманагөй педагогикалық технологиялар менен методларды есапқа алған ҳалда балаларды тәрбиялаў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелерин профессионал дәрежеде шешиўге уқыплы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;

жетиншиден, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлерин материаллық хошаметлеў системасын жаратыў  ҳәм тәжирийбели, жоқары маманлықтағы және кәсиплик жақтан пуқта таярланған педагог кадрларды ҳәм тәрбияшыларды тәлим-тәрбия процесине тартыў;

сегизиншиден, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрбияланыўшыларының рационал ҳәм белгиленген нормалар тийкарында саламат және дурыс аўқатланыўын тәмийинлеў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, кеўилашар ҳәм билим беретуғын шынығыўлар элементлери болған, көлеми және интенсивлиги тийкарғы медициналық усыныслар менен белгиленетуғын ҳәрекетли ойынларды ҳәм шынығыўларды шөлкемлестириў;

тоғызыншыдан, Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балаларға медициналық хызмет көрсетиўди және олардың өмирин ҳәм денсаўлығын қорғаў бойынша профилактика илажларын муўапықластырыў.

  1. 3. Ведомстволық бойсыныўына қарамастан, барлық мәмлекет қарамағындағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги системасына белгиленген тәртипте өткерилсин.
  2. 4. Төмендегилер:

Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мектепке шекемги билимлендириў саласындағы барлық ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл ететуғын қарарлары мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий  болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. 5. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў республикалық оқыў-методикалық орайы негизинде Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институты (кейинги орынларда Институт деп жүргизиледи) шөлкемлестирилсин ол Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги қурамына киргизилсин ҳәм оған алдынғы шет ел тәжирийбеси тийкарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң басшы және қәнигелеринде заманагөй менеджмент ҳәм педагогикалық технологиялар бойынша салаға тийисли билимлерди ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў ўазыйпалары жүкленсин.
  2. 6. Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мектепке шекемги билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 9-сентябрьдеги ПҚ-3261-санлы қарары менен тастыйықланған Мектепке шекемги билимлендириў системасын сын көз-қарастан үйрениў бойынша комиссияға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң жумысын шөлкемлестириў және оларға жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда көмеклесиў;

еки ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлериниң басшылық етиўши буўынларын министрликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға уқыплы, терең билим және жоқары кәсиплик шеберликке ийе болған тәжирийбели ҳәм маман қәнигелер менен толықтырыў;

мектепке шекемги билимлендириў системасының жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабын аймақлар бойынша үйрениў ҳәм талқылаў нәтийжелерине бола педагогика бағдарына қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелерине мақсетли қабыллаў квоталары бойынша усыныслар таярлаў;

республика аймақларында 50, 70, 100, 120 ҳәм 150 орынға мөлшерленген мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қосымша қурыў арқалы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен басқышпа-басқыш толық қамтып алыў, балаларға  мектепке шекемги тәлим-тәрбия бериўдиң альтернативалы түрлерин әмелиятқа енгизиўге қаратылған комплексли бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте белгиленген тәртипте Өзбекистан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳәм Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң жумысын жетилистириў ҳаққындағы Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарлары жойбарларын киргизсин
  2. Өзбекистан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа ҳәм халық билимлендириў министри У.И.Иноятовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 30-сентябрь

Поделиться