Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Дослыққа ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған бирге ислесиў
2017-09-06 | Сиясат
Бишкек, 5-сентябрь. ӨзА ның арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Ўразов хабарлайды.
Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбоевтың мирәт етиўине бола 5-cентябрь күни мәмлекетлик сапар менен усы елге келди.
Бишкек қаласындағы «Манас» халықаралық аэропортында елимиз Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти. Мәмлекетимиз басшысын Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбоев күтип алды. Еки мәмлекетттиң байрақлары менен безелген аэропортта жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Өзбекистан ҳәм Қырғызстанның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл сапының алдынан өтти.
Соңғы ўақытларда Өзбекистан менен Қырғызстан арасындағы дәстүрий бирге ислесиў және де байып, өз-ара байланыслар сезилерли түрде жеделлести. Мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўлары, ҳүкиметлер ҳәм аймақлар дәрежесинде делегациялардың сапар етиўи әмелге асырылды.
Халықларымыз әзелден бир дәрьяның еки жағасында, жақын қоңсы сыпатында жасап келген. Тарийхымыз улыўмаласқан болып, мәдений ҳәм диний қәдриятларымыз бирдей, дәстүрлеримиз бенен үрп-әдетлеримиз уқсас. Белгили жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың айтқанындай, «Халықларымыздың қаны бир, тили бир».
Бишкек қаласындағы Ала-Арча резиденциясында Президентлердиң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти. Онда Өзбекистан менен Қырғызстан арасында сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң және беккемлеўдиң перспективалары, еллеримиздиң шегараалды аймақларының байланысларын жетилистириў, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар додаланды.
Президентимиз Қырғызстан Республикасы Президентине шын жүректен қабыл еткени ҳәм Өзбекистан делегациясына көрсетилген жоқары ҳүрмет ушын миннетдаршылық билдирди.
Халықларымыз арасында тарийхый қәлиплескен дослық ҳәм татыў қоңсышылық қатнасықларын жоқары қәдирлеймиз. Әйне, мине, усы қатнасықлар еки мәмлекет арасындағы байланыслардың беккем тийкары болып хызмет етпекте, деди мәмлекетимиз басшысы.
Алмазбек Атамбоев Шавкат Мирзиёевти Қырғызстанға мәмлекетлик сапары менен қутлықлап, бул еки мәмлекет арасында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң логикалық даўамы, тәреплерди қызықтырған мәселелерди додалаў ушын қолайлы имканият екенин атап өтти. Еки мәмлекет арасындағы өз-ара бирге ислесиў байланыслары барлық салаларда избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.
Өзбекистан ҳәм Қырғызстан Президентлериниң сөйлесиўлери рәсмий делегациялардың қатнасыўында даўам еттирилди.
Сөйлесиўлерде еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды. Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық салаларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў туўралы ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Өзбекистанның сыртқы сиясатында Орайлық Азия регионы тийкарғы бағдар сыпатында үстинликке ийе болып табылады. Қырғызстан Президенти Алмазбек Атамбоевтың өткен жыл декабрь айында Самарқандқа сапары бүгинги пикирлесиўлерге тийкар болып, сөйлесиўлер «Самарқанд ушырасыўының руўхы» тийкарында даўам еттирилди.
2017-жылдың өткен дәўиринде еллеримиз арасындағы товар алмасыўдың көлеми 60 процентке өсти.
Ушырасыўда Президентлер суў ресурсларынан мәмлекетлеримиздиң улыўмалық мәплерине сәйкес түрде ақылға уғрас пайдаланыў бойынша да келисип алды.
Еки мәмлекет басшылары бурынғы сөйлелесиўлеринде регионда нәтийжели транспорт жолларын раўажландырыў, Қырғызстан аймағы арқалы Қытай менен байланыстыратуғын қысқа аралықтағы темир жол қурыў бойынша сөйлесиўлер алып барған еди. Бур ретки ушырасыўларда оның ҳуқықый тийкарларын жаратыўды жеделлестириў бойынша келисип алынды.
Қысқа ўақыт ишинде аймақларымыз арасындағы байланыслар беккемленди. Қырғызстанның Баткен, Жалалабад, Ош ўәлаятлары ўәкиллериниң Әндижан қаласына, Өзбекистан делегациясының Ош қаласына сапар етиўи әмелий нәтийжелердиң дәлили болып табылады.
Президентимиз шәртнамалық миннетлемелерди әмелиятқа избе-из енгизиў мақсетинде шегараалды аймақларда Ҳәкимлер кеңесин дүзиўди усыныс етти.
Еки мәмлекет арасында мәдений-гуманитарлық салалардағы жақын бирге ислесиў, дослық ҳәм қоңсышылық байланысларын беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Сол мәнисте, быйылғы жылдың февраль айында Заҳириддин Муҳаммед Бабур атындағы Ош мәмлекетлик өзбек музыкалы академиялық драма театрының Ферғана ойпатлығына дөретиўшилик сапарын, июнь айында болса, Муқимий атындағы Өзбекистан мәмлекетлик музыкалы театры жәмәәтиниң Ош, Ўзген, Араван, Навқат, Қарасуў, Жалалабад қалаларына дөретиўшилик сапарын айрықша атап өтиў зәрүр.
Өзбекистанның жәрдеминде Ош қаласында қурылып атырған улыўма билим бериў мектеби халықларымыз дослығының айқын үлгиси болды. Бул мектеп заманагөй оқыў қураллары ҳәм әнжамлары, сабақлықлар, көркем әдебиятлар менен тәмийинленеди.
Быйылғы жылдың октябрь айында Қырғызстанда Өзбекистан мәденияты күнлерин, 2018-жылы Өзбекистанда Қырғызстан мәденияты күнлерин өткериўге келисип алынды.
Жақында Самарқанд қаласында болып өткен «Шарқ тароналари» халықаралық музыка фестивалында Қырғызстан ўәкиллери табыслы қатнасып, екинши орынды қолға киргизди.
Бүгин Өзбекистанда 300 мыңға шамалас қырғыз миллетине тән болған жерлеслеримиз жасайды. Олардың өз мәденияты, тили, дәстүрлери менен үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын барлық имканиятлар жаратылған. 6 қырғыз миллий мәдений орайы жумыс алып бармақта, 56 мектепте билим бериў қырғыз тилинде алып барылады.
Сөйлесиўлер өз-ара қатнасықлардың избе-из раўажланып атырғанын ҳәм тийкарғы бағдарлар бойынша бирге илесиўдиң перспективасы айдын екенин айқын көрсетти.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында Шавкат Мирзиёев ҳәм Алмазбек Атамбоев Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасындағы Биргеликтеги билдириўге ҳәм Өзбекистан-Қырғызстан мәмлекетлик шегарасы ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды. Әндижан ҳәм Ош, Ташкент ҳәм Бишкек қалаларының арасында саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық салаларда бирге ислесиў ҳаққындағы, еки мәмлекеттиң Саўда-санаат палаталары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы, Салық нызамшылығына әмел етиў мәселелери бойынша бирге ислесиў ҳәм өз-ара жәрдем ҳаққындағы, Регионлараралық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық, илимий-техникалық бирге ислесиў, Жоқары билимлендириў саласындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер, Шегаралас регионлар арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша 2017-2019-жылларға мөлшерленген биргеликтеги илажлардың режеси, Парламентлераралық бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға ҳәм басқа да әҳмийетли ҳүжжетлерге қол қойылды.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Шавкат Мирзиёев ҳәм Алмазбек Атамбоев сөйлесиўлер өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм әмелий руўхта өткенин, ерисилген тарийхый келисимлер Өзбекистан Қырғызстан бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа көтеретуғынын атап өтти.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғызстан Республикасына мәмлекетлик сапары даўам етпекте.