Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистанда Ислам цивилизациясы орайы шөлкемлестириледи

2017-09-01 | Сиясат

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 21-апрель күни Ташкент қаласының Алмазар районына сапар етиўи ўақтында Имам Термизий жоме мешитин реконструкция етиў бойынша тапсырма берген ҳәм Ҳәзирети Имам (Ҳастимам) комплексинде Ислам мәденияты орайын шөлкемлестириў усынысын билдирген еди.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 23-июньдеги «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанында Өзбекистандағы Ислам мәденияты орайын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Шавкат Мирзиёев 1-сентябрь күни Ҳәзирети Имам (Ҳастимам) комплексинде болып, бул орайдың жойбары менен танысты.

Елимизде муқаддес динимизди, уламаларымыздың бай мийрасын үйрениўге, тарийхый естеликлерди қәстерлеп сақлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Самарқандта Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилмекте, Шерабад районындағы Абу Али Иса Муҳаммад Термизий, Қаршы районындағы Абул-Муъийн Насафий зыяратханаларында ҳәм басқа да орынларында қурылыс-оңлаў жумыслары орынланбақта.

Усы сыяқлы саўаплы жумыслар жерлеслеримиз ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кең қоллап-қуўатланбақта. Соларды есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы Ислам мәденияты орайының атын Ислам цивилизациясы орайы, деп өзгертиў усынысын билдирди.

Жойбарға бола, бул орайда академия, китапхана, архив ҳәм қолжазбалар фонды шөлкемлестирилип, оларды бүгинги Өзбекистан үлкесинен жетисип шыққан уллы ойшыллар ҳәм уламалар тәрепинен тийкар салынған илимий ҳәм диний мектеплерге байланыслы елимизде ҳәм шет еллерде сақланып атырған әййемги қолжазба ҳәм тасбаспа китаплар, тарийхый дәлил ҳәм ҳүжжетлер, археологиялық табылмалар, әсбап-үскенелер, усы бағдардағы заманагөй илимий-изертлеў жумыслары, видео ҳәм фото ҳүжжетлер менен байытыў, 300 орынлық конференция залын қурыў нәзерде тутылған.

Биз бабаларымыз бенен бәрқулла мақтанып келгенбиз, деди мәмлекетимиз басшысы. Солай екен, өзимиз де оларға мүнәсип болыўымыз керек. Шөлкемлестирилип атырған орайда да буның ушын барлық шараятларды жаратыў, жетик илимпазларды тартыў зәрүр. Бул тараўға байланыслы әдебиятларды жәмлеў, шет еллерде болса, елимизге алып келиў илажларын көриў зәрүр. Буннан тысқары, елимиздеги диний бағдардағы тоғыз орта арнаўлы ҳәм еки жоқары оқыў орны да орайға өткериледи. Бул жерде сабақ беретуғын оқытыўшылардың билими ҳәм дәрежесине айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Шавкат Мирзиёев орайдың қурылысы бойынша усынылған жойбарға айрықша итибар қаратты.

Бул орай ислам динин үгит-нәсиятлаўда жүзимиз болады. Солай екен, оның сыртқы көринисине, бул жерде пайдаланылатуғын қурылыс материалларына да итибар қартыў лазым. Әдеттеги, көзимиз үйренип қалған жойбарлардан ўаз кешип, жаңа форма ҳәм дизайн табыўымыз керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Жойбарларда орай қурылысы мүнәсибети менен басқа орынға көширилетуғын халық ушын қурылатуғын заманагөй жаңа турақ-жайлар ҳаққында мағлыўматлар да өз көринисин тапқан.

Президентимиз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, Мусылманлар мәкемеси басқармасы, имам-кәтиплер, мәҳәлле белсендилери менен сөйлести.

 

Абу Бакир Ўрозов,

ӨзАның хабаршысы

Поделиться