Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме
2017-08-26 | Сиясат
2017-жыл 25-август күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Сенаторлар Ташкент ўәлаяты Тўйтепа қаласының атамасын өзгертиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.
Бурын хабар етилгениндей, Сенат Тўйтепа қаласын Ташкент ўәлаятының ҳәкимшилик орайы етип белгилеў ҳаққында қарар қабыл еткен еди.
Мәжилистиң екинши күнинде сенаторлар Өзбекистан Республикасы Конститутциясының 78-статьясына ҳәм «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамының 7-статьясына муўапық Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усынысын көрип шығып, Ташкент ўәлаяты Тўйтепа қаласын Нурафшон деп өзгертиў ҳаққында қарар қабыл етти.
Буннан соң сенаторлар Өзбекистан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Өзбекистан Республикасы Конститутциясының 80-статьясына муўапық сенаторлар Өзбекистан Республикасы Президентиниң усынысын көрип шығып, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы Судының бир қатар судьяларын сайлаў ҳаққында қарар қабыл етти. Талабанларды додалаў ўақтында Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-февральда қабыл етилген судьяларды таңлап алыў ҳәм лаўазымларға тайынлаў системасын түп-тийкарынан реформалаўға байланыслы илажларды нәзерде тутатуғын «Өзбекистан Республикасы суд системасының структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын избе-из ҳәм сөзсиз әмелге асырыў зәрүр екени атап өтилди.
Соңынан сенаторлар Өзбекистан Республикасының Түркия Республикасындағы Айрықша ҳәм тең ҳуқықлы елшиси лаўазымына тайынлаў ҳаққындағы, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларының әдеплилиги қағыйдаларына қосымшалар менен өзгерислер киргизиў ҳаққындағы, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Регламентине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселелерди көрип шықты. Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты комитетлериниң қурамына, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Регламент ҳәм әдеплилик комиссиясының қурамына өзгерислер киргизилди. Усы мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Сенаторлар Өзбекистан Республикасындағы мәденият ҳәм дем алыў бағларында, сондай-ақ, басқа да мәдений-кеўилашар орынларда орнатылған жоқары технологиялы аттракционлардан пайдаланыўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жолға қойылған мәмлекетлик қадағалаўдың жағдайы ҳаққында Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери бойынша мәлимлемени додалады.
Парламентлик сораўға муўапық министрликлер менен ведомстволардың басшыларынан ибарат жумысшы топар тәрепинен 148 мәденият ҳәм дем алыў бағының жағдайы үйренилгени атап өтилди. Мәденият ҳәм дем алыў бағларында ислеп турған 1 758 аттракцион ҳәм ойын қурылмасы олардан пайдаланыўда қәўипсизликти тәмийинлеў көз-қарасынан тексерилди.
Орынлардағы жумыслардың жағдайын үйрениў нәтийжелерине бола Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен усы объектлерден қәўипсиз пайдаланыўды тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириўге, усы саладағы бирден-бир мәмлекетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыўға бағдарланған илажлар режеси ислеп шығылды.
Додалаў ўақтында сенаторлар бир қатар усынысларды билдирип, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң илажлар режесинде нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти. Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетине усы мәселе бойынша Сенат қабыл еткен қарардың орынланыўы үстинен мониторинг жүргизиў тапсырылды.
Буннан соң сенаторлар «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң қурамына кирмейтуғын кәрханалардың темир жолларын сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў жағдайы, сондай-ақ, усы кәрханаларда тәмир жол арқалы тасыўлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик қадағалаўдың жағдайы ҳаққында Өзбекистан Республикасы Бас министрине парламентлик сораў жибериў туўралы мәселени көрип шықты.
Жалпы мәжилисте Олий Мажлис Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды.
Усының менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он биринши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Сенаттың он биринши жалпы мәжилисинде елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасын басқышпа-басқыш орынлаўға қаратылған 27 мәселе, соның ишинде, 10 нызам (соннан алтаўы жаңа нызам) көрип шығылды. Сенаттың он биринши жалпы мәжилисинде қабыл етилген қарарлар пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин буннан былай да беккемлеўдиң, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўдың, елимизде турақлылық пенен татыўлықты беккемлеўдиң әҳмийетли факторы болатуғыны атап өтилди.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының Мәлимлеме хызмети