Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Инталылық, әмелий нәтийжелерге ерисиўге умтылыў, тәртипке қатаң әмел етиў-белгиленген ўазыйпаларды орынлаўдың әҳмийетли факторы

2017-08-10 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 9-август күни Ташкентте быйылғы жылдың өткен 7 айы даўамында елимизди раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық салаларын жаңалаў, экономиканы еркинлестириў ҳәм халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, мәмлекетимиз басшысының орынларда халық пенен пикирлесиўлери ўақтында белгиленген мақсетлер ҳәм ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған селектор мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының басшылары, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, видеобайланыс арқалы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлардың ҳәм Ташкент қаласының, районлардың ҳәкимлери, тармақлардың жуўапкер адамлары қатнасты.

Мәжилисте Шавкат Мирзиёев өткен дәўир ишинде елимизди раўажландырыўға қаратылған 20 дан аслам нызам, Президенттиң 180 нен артық Пәрманы, 450 ден зыят қарары қабыл етилгени ҳәм бул процесс үзликсиз даўам етип атырғанын, усы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң әмелдеги орынланыўын тәмийинлеўде барлық буўындағы басшылардың жуўапкершилигин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, орынларда халық пенен өткерилген ушырасыўлар, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрлер, тармақлардың басшылары ҳәм ҳәкимлердиң есаплары елеге шекем аймақларға байланыслы кемшиликлер және машқалалар толық сапластырылмағанын көрсетпекте.

Оның тийкарғы себеплеринен бири усы ўақытқа шекем орайлық уйымлар ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымлары және тийкарғы орынлаўшы болған төменги буўын арасында өз-ара нәтийжели бирге ислесиў тәмийинленбей атырғанында. Көпшилик жуўапкер шахслар тек анық көзге тасланатуғын машқалаларды шешиў ямаса жоқарыдан берилетуғын тапсырмаларды орынлаў менен шекленип қалмақта. Оларда машқалаларды комплексли шешиў бойынша инталылық сезилмей атыр.

Және бир себеп соннан ибарат, орайлық уйымлардағы ўәкиллердиң аймақларға хызмет сапарлары тийисли тәризде муўапықластырылмай атырғаны ақыбетинде олардың көпшилиги бирин-бири қайталамақта. Орынлардағы басшылар орайдан келгенлер менен бирге жүриўге мәжбүр болып, өзиниң тиккелей ўазыйпаларынан шетлемекте.

Соның менен бирге, социаллық-экономикалық реформаларды баҳалаўда орынлардағы ҳақыйқый жағдайды сын көз-қарастан талқылаўға жетерлише итибар қаратылмай атыр. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыўда олардың ҳәр бириниң өзине тән өзгешеликлери, шийки зат ресурслары, раўажланыў дәрежеси ҳәм талабы толық есапқа алынбай атыр.

Соның менен бирге, республикалық ҳәм жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў ҳәм бөлистириў, инвестициялық бағдарламаларды ислеп шығыў және әмелге асырыў механизмлери тийкарғы жойбарларды мәнзилли ҳәм өз ўақтында қаржыландырыўды тәмийинлемей атыр.

Сондай-ақ, көплеген шөлкемлер менен ведомстволарда социаллық-экономикалық раўажланыўға байланыслы ең әҳмийетли бағдарламаларды әмелге асырыўдың орнына, көпшилик жағдайларда, тек ғана мәжилислер өткериў ҳәм пуқта ойланбаған қарарлар қабыл етиў, әмелий жумыс қалып, қағазпазлық пенен шуғылланыў жағдайлары ушыраспақта.

Усы мүнәсибет пенен Президент Шавкат Мирзиёев Бас министрдиң орынбасарлары, министрликлер ҳәм ведомстволар, хожалық бирлеспелери ҳәм ҳәкимликлер мәжилислердиң санын кескин қысқартыў, көрилетуғын мәселелерге тиккелей байланысы болмаған мәмлекетлик ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа да мәкемелердиң басшыларын мирәт етпеў зәрүрлигин атап өтти.

Бас министр А.Арипов ҳәм Бас прокурор И.Абдуллаевқа мәжилиспазлық, қағазпазлық ҳәм есабатпазлықты кескин азайтыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысында мағлыўмат алмасыўда заманагөй мәлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў бойынша ҳүкимет қарарын ислеп шығыў, орынланыўын айрықша қадағалаўға алыў ўазыйпасы жүкленди.

Президент Шавкат Мирзиёев орынлардағы жағдайды баҳалаў ушын арнаўлы жумысшы топар тәрепинен сегиз ўәлаяттағы жағдай үйренип шығылғанын ҳәм бул процессте бир қатар кемшиликлер менен машқалалар анықланғанын билдирип өтти. Атап айтқанда, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Бухара, Жиззақ ҳәм Наўайы ўәлаятларының айырым районларында ишимлик суўы тәмийнаты бағдарындағы жағдай қанаатландырарлы емес. Көп қабатлы жайлардың төбеси оңлаўды талап етеди, ақаба суў системасы истен шыққан, жайлардың әтирапын абаданластырыў төмен әмелге асырылмақта.

Барлық ўәлаятлардың орайларында ыссылық тәмийнаты системасы дерлик ислемейди. Көпшилик қала ҳәм районларда электр жеткерип бериў тармақларын ҳәм трансформатор пунктлерин капитал оңлаў кешикпекте. Қосымша суйылтырылған газге, газ баллонларына ҳәм оларды тасыйтуғын арнаўлы автотранспорт қуралларына талап елеге шекем жоқарылығынша қалмақта.

Аймақларда турмыслық шығындыларды жыйнаў, тасыў, қайта ислеў, утилизациялаў ҳәм көмиў жумыслары системалы түрде шөлкемлестирилмеген. Айырым районларда нызамсыз шығынды таслаў орынлары сапластырылмаған.

Усы мүнәсибет пенен Шавкат Мирзиёев орынлардағы машқалалар менен кемшиликлерге Бас министрдиң орынбасарлары, ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының басшылары, Қарақалпақсатан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлардың, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлери жеке итибар қаратыўы зәрүр екенин атап өтти.

Мәжилисте атап өтилгениндей, «Ўздонмаҳсулот», «Ўзбекнефтгаз», «Ўзкимёсаноат» ҳәм басқа да тармақлардың кәрханаларында энергияны жумсаў ҳәм артықша өндирислик қәрежетлерди азайтыў бойынша жетерлише жумыс алып барылмай атыр. Ақыбетинде өнимлердиң рентабельлиги ҳәм бәсекиге шыдамлылығы төменлигинше қалып, электротехника, жеңил ҳәм химия санаатының 63 ири кәрханасында өндирис көлеми 645 миллиард сумға азайған.

Соннан келип шыққан ҳалда, Министрлер Кабинетиниң Экономикалық комплексине орынлардағы экономикалық-қаржы машқалаларын системалы шешиўди шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды. Онда орынлардағы экономикалық комплекс ведомстволарының ис-ҳәрекетлерин бирлестирип, олардың аймақларды раўажландырыў, соның ишинде, жаңа кәрханалар ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, сол арқалы халықтың турмыс шараятын жақсылаўдағы қатнасын және жуўапкершилик сезимин күшейтиў зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы еки айда барлық аймақта биреўден районда экономикалық комплекстиң жумысын үлги тәризинде шөлкемлестирип, барлық қала ҳәм районларға енгизиўди тәмийинлеў ҳаққында көрсетпе берди.

Мәжилисте жәмийетимиз турмысына ҳәм елимиздиң турақлы раўажланыўына айрықша тәсир ететуғын орынлардағы руўхыйлық орталық саласындағы жумыслар додаланды.

Онда атап өтилгениндей, барлық аймақларда, ҳәр бир мәҳәлледе ҳәм шаңарақта руўхыйлық орталығын жақсылаў мақсетинде үйме-үй жүриў ҳәм оған кең жәмийетшиликти тартыў бойынша жаңа ис-усыллары енгизилгенине қарамастан, еле күтилген нәтийжелерге толық ерисилгени жоқ. Мәселен, Ферғана ўәлаятында жас өспиримлер арасында жынаятшылық өскен. Улыўма, өткен 7 ай дуўамында ўәлаятта жас өспиримлер тәрепинен 129 жынаят исленген. Ўәлаяттың 10 қаласы ҳәм районында жас өспирим балаларды үйде жасырынша диний оқытыў жағдайлары анықланған.

Бул ушын Ҳаял-қызлар комитети, Халық билимлендириў министрлиги, Өзбекистан жаслар аўқамы, «Нураний» қоры ҳәм мәҳәллелердиң басшылары тиккелей жуўапкер болып есапланады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң жақында қабыл етилген «Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, жергиликли ҳәкимият уйымларының жумысына бир қатар жаңа механизмлер менен усыллар енгизилмекте. Атап айтқанда, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары аймақларға қайтадан бириктирилди. Бул жуўапкер адамлар тийисли аймақлардағы машқалаларды нәтийжели шешиў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының жумысын муўапықластырыў, олардың орынлардағы ҳәкимликлер менен өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыўы керек.

Бизге белгили, Қарақалпақстан Республикасын, ўәлаятларды, районларды комплексли раўажландырыў мәселелери бойынша секторлар шөлкемлестирилип, оларға ҳәким, прокуратура, ишки ислер ҳәм салық уйымларының басшылары басшылық етпекте. Бул секторлардың жумысы «мәҳәлле-район-ўәлаят-республика» избе-излиги тийкарында шөлкемлестирилип, олардың ўазыйпалары менен миннетлемелери белгилеп берилди.

Бәринен бурын, сектор басшысы мәҳәлле дәрежесинде өзине бириктирилген аймақтағы  ҳәр бир шаңараққа ҳәр шеректе кеминде бир мәрте барып, ол жердеги жағдай, жәмийетлик орталық, балалар тәрбиясына қатнас, анықланған машқалаларды шешиў илажларын ҳәм билдирилген усынысларды көрсетип барыўы зәрүр.

Сол жерде шешилмеген машқалаларды район, ўәлаят ҳәм республиканы раўажланыў бағдарламасына киргизиў бойынша усыныслар таярлаў керек.

Соның менен бирге, мәҳәллелерде анықланған машқалаларды талқылаў тийкарында районды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў керек.

Сондай-ақ, Министрлер Кабинети дәрежесинде аймақлардың «жол карталары»н әмелге асырыў нәтийжелилигин талқылап, мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалар ислеп шығыў, ҳәр шеректе мәмлекет басшысына есап бериў системасын енгизиў зәрүр.

Және бир мәселе сонда, сектор басшыларының есапларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслеринде  тыңлап барыў системасын енгизиў керек. Бул олардың жуўапкершилигин арттыратуғын әҳмийетли фактор болады.

Соның менен бирге, секторлардың жумысын ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирип барыў, олардың жумысын, жумысының нәтийжелерин халыққа таныстырыў зәрүр. Бул мәселе бойынша Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясына ҳәм Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигине орынлардағы секторлар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды сәўлелендириў ушын орайлық ҳәм жергиликли телерадиоканалларда айрықша көрсетиўлер және еситтириўлер, газета ҳәм журналларда айрықша рубрикалар шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды.

Мәжилисте Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўшылардың итибарын бүгинги күнде елимиз көлеминде, аймақларда ҳәм тармақларда ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәжилис өткериў әмелияты ескиргенине қаратып, жаңа концепция ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў зәрүрлиги жүзеге келгенин атап өтти.

Онда, бәринен бурын пуқаралар, исбилерменлик субъектлери тәрепинен көтерилген ең әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша анық илажларды белгилеўге, көрилип атырған илажлардың ҳәм ерисилген нәтийжелердиң жағдайы турмыс сапасына қай дәрежеде тәсир етип атырғанына айрықша итибар қаратыў керек.

Президентимиздиң атап өткениндей, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм орынлардағы машқалаларды шешиў ушын мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары басшыларының жуўапкершилигин арттырыў мәселеси турақлы дыққат орайында болыўы шәрт.

Соннан келип шыққан ҳалда, аймақлар, экономикалық тармақлар ҳәм социаллық саланың раўажланыў жағдайын үйрениў бойынша жаңа механизм енгизиў ушын арнаўлы комиссия дүзиў усынысын билдирди. Оған бола Бас министрге, Экономика ҳәм Қаржы министрлигине басқа жуўапкер мәкемелер менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў жуўмақларын шығарыўдың жаңа концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.

Елимизди жаңалаўға ҳәм раўажландырыўға, соның ишинде, мәмлекетлик уйымлардың жумысын жетилистириўге байланыслы жаңа ўазыйпалар, биринши гезекте, барлық басшылардан пидайылықты, инталылықты ҳәм қатаң тәртипти талап етеди, деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысының атап өтиўинше, барлық аймақларда тәртипке әмел етиў мәселеси үйренип шығылған ҳәм орынларда қатаң талапшаңлық  және қадағалаў тәмийинленбей атырғаны, ақыбетинде ҳәкимликлерде және ведомстволарда тәртип, соның ишинде, атқарыў ҳәм мийнет тәртиби анағурлым босасып кеткени анықланған. Атап айтқанда, дерлик барлық ҳәкимликлерде ҳәм төменги ведомстволарда ҳүкимет қарарларының орынланыўын шөлкемлестириў бойынша ислеп шығылып атырған илажлар белгиленген ўазыйпалардың толық орынланыўын тәмийинлемей атыр.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик уйымларда ҳәм кәрхана-шөлкемлерде атқарыў ҳәм мийнет тәртибине қатаң әмел етилиўи үстинен қадағалаўды күшейтиў, кемшиликлерге жол қойып атырған басшылардың жуўапкершилигин арттырыў ҳәм жуўмақ шығармағанына кескин илажлар көрип барыў бойынша көрсетпелер берилди.

Буннан былай талап, қадағалаў, үйрениў ҳәм тәртип мәселелери және де қатаң итибарда болыўы керек. Барлық дәрежедеги басшылардың жумысына ҳәм жумысының нәтийжелерине усы өлшемлер тийкарында баҳа бериледи.

Президент Шавкат Мирзиёев жылдың жуўмақланыўына 5 айдан аз ўақыт қалғанын, бүгинги күнде ҳәр бир буўындағы басшылардың ең әҳмийетли ўазыйпасы 9 ай ҳәм улыўма, 2017-жыл ушын белгиленген барлық болжаў және мақсетли көрсеткишлер бағдарламалар менен тапсырмалар, әсиресе, аймақларға сапар етиўлер даўамында берилген тапсырмалар өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўден ибарат екенин айрықша атап өтти.

Мәжилисте шығып сөйлегенлер Президент Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақларын баҳалаў, тәртипти беккемлеў бойынша енгизилетуғын жаңа система басшылардың жуўапкершилигин жаңа басқышқа алып шығатуғынына исеним билдирип, барлық басшылар бүгин көрилген мәселелерден дурыс жуўмақ шығарып, инталылық пенен өз қолы астындағы тармақты ямаса аймақты тек ғана бүгин емес, ал орта ҳәм узақ перспективада турақлы раўажландырыў илажларын көретуғыны үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Поделиться