Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети жәмәәтине
2017-08-07 | Сиясат
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли дослар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң системасында мийнет етип атырған жумысшылар менен хызметкерлерди, қурылысшылар менен инженерлерди, машинистлер менен вагон бақлаўшыларын, барлық хызметкерлерди елимиздиң турмысында дәслепки мәрте белгиленип атырған қутлы сәне – Темиржолшылар күни менен шын жүрегимнен қутлықлап, бәриңизге өзимниң терең ҳүрметим менен жақсы тилеклеримди билдиремен.
Ғәрезсизлик жылларында пүткил елимиз қатарында Өзбекистан темир жоллары саласы да аўыр ҳәм машақатлы, әйне ўақытта абыройлы қәлиплесиў ҳәм раўажланыў жолын басып өти.
Өткен дәўирде елимиздиң барлық аймақларын исенимли ҳәм нәтийжели байланыстыратуғын, халықаралық транспорт тармақларына шығыўды тәмийинлейтуғын, бийғәрез, бирден-бир ҳәм бир пүтин темир жол транспорты коммуникацияларының қурылғаны, усы бағдарда ерискен ең үлкен тарийхый табысымыз болғанына гүман жоқ.
Ҳәзирге ўақытта жүк және жолаўшы тасыўдың тийкарғы бөлеги темир жол саласына туўры келетуғыны ҳәм бул тармақтың экономикамызды раўажландырыўдағы әҳмийетиниң барған сайын артып атырғаны сизлерге жақсы белгили.
Халықаралық транспорт системаларының ажыралмас бөлеги ҳәм әҳмийетли буўыны болған Өзбекистан темир жолларының халықаралық тасыўлар системасындағы роли жаңа басқышқа көтерилмекте.
Әййемги заманлардан берли Уллы жипек жолы ҳәм көплеген саўда жоллары тутасқан регионда орналасқан Өзбекистанның географиялық жақтан оғада әҳмийетли орны бул топырақта ҳәр қыйлы цивилизациялық ҳәм мәдениятлараралық пикирлесиў және бирге ислесиў байланыслары турақлы әмелге асырылыўы ушын қолайлы имканият жаратқанына гүман жоқ, әлбетте.
Халықаралық жәмийетшиликтиң билдириўинше, Өзбекистан Шығыс пенен Батысты, Қубла менен Арқаны байланыстыратуғын үлкен транспорт-коммуникация ҳәм транзит потенциалына ийе.
Әне, усы потенциал менен имканияттан нәтийжели пайдаланып атырған «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң көп миллетли жәмәәти темир жол транспорты коммуникацияларын раўажландырыў, жетилистириў ҳәм реконструкциялаў, темир жол арқалы жүк ҳәм жолаўшы тасыў қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында салмақлы жумысларды әмелге асырмақта.
Өткен жыллар даўамында темир жолшыларымыз тәрепинен 1100 километрден аслам жаңа темир жоллар қурылғаны, 4 мың километрлик темир жол магистралларының модернизацияланғаны, 1700 километрлик темир жол буўынларының электрлестирилгени мақтаўға ылайық.
Бул туўралы сөз еткенде, елимиздиң экономикасы ушын оғада зәрүр стратегиялық әҳмийетке ийе болған ҳәм Әмиўдәрья бойлап қурылған көпирди де қамтып алған Наўайы – Үшқудық – Нөкис – Султан Ўәйистаў, Ташгүзар – Байсын – Қумқорған ҳәм Ангрен – Пап темир жолларының қурылыўы менен Өзбекистанның бирден бир ҳәм бийғәрез жол тармағын қәлиплестириў жумысларының жуўмағына жеткерилгенин атап өтиў зәрүр.
Қурамалы таў ҳәм ықлым шараятында қурылған, теңиз қәддинен 1800 метр бәлентликтеги таў шоққылары арқалы өткен ҳәм заманагөй инфраструктура объектлери менен тәмийинленген, улыўма узынлығы 346 километр болған Ташгүзар – Байсын – Қумқорған және Ангрен – Пап темир жоллары Орайлық Азия регионында бийбаҳа объектлер болып табылады.
Әсиресе, Ангрен – Пап электрлестирилген жаңа темир жолының жойбарын әмелге асырыўда Өзбекистан темиржолшылары менен бирге қытайлы қәнигелер де үлкен үлес қосқанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим.
2016-жылы иске қосылған бул темир жол тармағы Ферғана ойпатлығын елимиздиң басқа да аймақлары менен исенимли байланыстырыў имканиятын жаратыў менен бирге, Қытай – Орайлық Азия – Европа жаңа халықаралық транзит темир жол системасының ажыралмас ҳәм әҳмийетли буўыны болып хызмет етип атырғаны айрықша итибарға ылайық.
Жаңа темир жоллардың пайдаланыўға тапсырылыўы елимиздиң арқа ҳәм қубла аймақларының экономикалық потенциалын буннан былай да раўажландырыў, минерал ресурслар, нефть ҳәм газ, реңли металлар, қурылыс материаллары ҳәм басқа да шийки затқа бай кәнлерди комплексли өзгертиў, ең әҳмийетлиси, жаңа жумыс орынларын жаратып, мың-мыңлаған жерлеслеримизди жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын берип атырғаны бәримизге қуўаныш бағышлайды.
Әне, усы жумыслардың избе-из даўамы сыпатында Мароқанд – Қаршы темир жол участкасында электрлестириў жумыслары жуўмағына жеткерилди, Қаршы – Термиз темир жол участкасын электрлестириў жумыслары жедел алып барылмақта.
«Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң транспорт саласындағы хызмет көрсетиў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў мақсетинде ҳәрекетленетуғын қурамды заманагөй, жоқары нәтийжели локомотив ҳәм қолайы вагонлар менен тәмийинлеўге ҳәм модернизациялаўға айрықша итибар берилмекте. Соңғы жылларда 49 заманагөй электровоз ҳәм 10 жолаўшы тасыйтуғын тепловоз сатып алынғаны, 120 локомотив модернизацияланғаны бул бағдардағы жумыслар көлеминиң барған сайын артып атырғанын көрсетеди.
«Қуюв-механика заводи» сыңар кәрханасында ҳәрекетленетуғын қурамды оңлаў базасын раўажландырыў, вагон қурылысын шөлкемлестириў ҳәм металл қуйыў кәрханасын реконструкциялаўға қаратылған жойбарды әмелге асырыў процесинде 26,5 мың тонна металл қуйыў қуўатлылығына ийе болған кәрхана шөлкемлестирилди, жаңа жүк вагонларын, көп тонналы контейнерлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм жүк вагонларын ири оңлаў ҳәм қайта тиклеў жумыслары жуўмағына жеткерилди.
Испанияның дүньяға белгили «Тальго» компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған, жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын «Afrosiyob» электропоездлери қысқа мүддетте халқымыздың ҳәм шет елли мийманлардың итибары менен исенимине еристи, деп айтыўға бүгин барлық тийкарларымыз бар.
Ҳәзирги күнде усы поездлер пайтахтымыз Ташкент қаласынан Самарқанд, Бухара, Қаршы сыяқлы тарийхый қалаларымызға қатнамақта, жолаўшыларымыздың ўақтын еки есеге шекем қысқартпақта.
Өткен дәўирде елимизде 16 жаңа темир жол вокзалы қурылды, 9 вокзал реконструкцияланды және жолаўшыларға халықаралық стандартлар менен талаплар дәрежесинде хызмет көрсетиў имканиятын беретуғын заманагөй техникалар ҳәм технологиялар менен тәмийинленди.
Ғәрезсизлик жылларында темир жол транспорты коммуникацияларын раўажландырыў ҳәм инфраструктураларды абаданластырыў мақсетинде 7,5 миллард доллардан аслам капитал қойылмалар, соның ишинде, 2,4 миллиард долларлық шет ел инвестициялары бағдарланды.
Бүгинги имканияттан пайдаланып, жол, энерия тәмийнаты, телекоммуникациялар, локомотивлер, вагонлар менен контейнерлерден пайдаланыў, жолаўшы тасыў хожалықлары, сондай-ақ, тармақтың жойбарлаўшылары, қурылысшылары және санаат кәрханалары елимиздиң темир жол системасын раўажландырыўға, оның нәтийжели жумыс көрсетиўине салмақлы үлес қосып атырғанын миннетдаршылық пенен атап өтпекшимен.
«Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети шөлкемлестирилген күннен берли дәслепки тасыў көлеми 2,1 есеге, жолаўшы тасыўдың көлеми 2 есеге көбейгени, темир жоллар арқалы 1,4 миллиард тонна жүк тасылып, 350 миллион жолаўшы өз мәнзилине жеткерилгени сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз бенен әмелге асырылған жумыслардың салмағы қаншелли үлкен екенинен дәрек береди.
Өз қурамында 73 мың жоқары маманлықтағы инженер-техник хызметкерлер менен қәнигелерди, жол қурыўшыларды, машинистлерди, санаат, жойбарлаў ҳәм қурылыс кәрханаларының, социаллық инфраструктура объектлериниң жумысшылары менен хызметкерлерин бирлестирген мийнет жәмәәти тармақтың дөретиўши күши ҳәм бийбаҳа байлығы екенине гүман жоқ.
Әйне, әне усындай өз кәсибине садық ҳәм пидайы жерлеслеримиздиң шын жүректен ислеп атырған нәтийжели мийнети, билим ҳәм тәжирийбеси себепли темир жол тармағы халқымыздың арасында ҳақылы түрде абырой-мәртебеге ҳәм ҳүрмет-иззетке ийе болып келмекте.
Ҳүрметли темир жол транспорты хызметкерлери!
Сизлерди бүгинги кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлап, пидәкерлик мийнетиңиз, Ўатанымыздың раўажланыўы менен абаданлығы жолында қосып атырған мүнәсип үлесиңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Бәриңизге саў-саламатлық, бахыт ҳәм әўмет, ийгиликли жумысларыңызда жаңадан-жаңа табыслар, шаңарақларыңызға тынышлық-татыўлық ҳәм қут берекет тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекистан Республикасы Президенти