Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлериниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳаққында

2017-07-07 | Сиясат

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-июль күни Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшысы дәслеп Қазақстан Президентин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлады.

Өзбекистанда Президент Нурсултан Назарбаевты дүнья жүзиндеги уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм үлкен сиясатшы, елимиздиң жақын досты ҳәм исенимли шериги сыпатында таныйтуғыны атап өтилди.

Бүгин мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық салаларында әмелге асырылып атырған кең көлемли бағдарлама ҳәм жойбарлар, бәсекиге шыдамлы экономика, санаат ҳәм аўыл хожалығы тармақларының диверсификация ҳәм модернизация етиў тийкарында турақлы раўажланып атырғаны, инфраструктураның жетилисип атырғаны Қазақстан басшылығы тәрепинен узақты гөзлеп жүргизилип атырған сиясаттың нәтийжелилигинен дәрек береди.

Қазақстанның халықаралық абыройы турақлы артып бармақта. Июнь айында усы елде нәтийжелерге бола тарийхый әҳмийетке ийе Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммити болып өтти. 6-июль сәнеси Пайтахт күни сыпатында белгиленетуғын, раўажланып атырған заманагөй Астанада «ЭКСПО-2017» халықаралық қәнигелестирилген көргизбеси жоқары дәрежеде өтпекте.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекет басшылары быйыл жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыўдың әҳмийетли тәреплерин додалады.

Барлық салаларда өз-ара бирге ислесиў жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыўдың көлеми кеңейди, Ташкент, Астана ҳәм Алматы қалалары арасында поезд қатнаўы жолға қойылды, пайтахтларымыз арасында авиақатнаў көбейди, автобус қатнаўын қайта тиклеў мәселеси көрип шығылмақта. Еллеримиз аймақлары арасында өз-ара шериклик қатнасықлары жолға қойылып, избе-из раўажланбақта.

Тәреплер өзлерин қызықтырған әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша да пикир алысты.

Сәўбетлесиў жуўмағында Өзбекистан Президенти Қазақстан басшысын және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар, туўысқан Қазақстан халқына тынышлық ҳәм абаданлық тиледи.

Сәўбетлесиў дәстүрий шын жүректен ҳәм дослық руўхында өтти.

Поделиться