Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Экономика тармақларының ҳәм елимиз аймақларының экспорт имканиятларын арттырыў-ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпа
2017-06-28 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 27-июнь күни Ташкент қаласында видеоселектор мәжилиси болып өтти.
Онда 2017-жылдың биринши ярым жыллығында экспорт бағдарламасының орынланыўы, жергиликли өнимлерди жаңа шет ел базарларына сатыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң экспорт хызметин буннан былай да қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығы және санаат өнимлерин экспортқа бағдарлаў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги көрип шығылды.
Мәжилисте Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйлери, тийисли министрликлер менен ведомостволардың, хожалық бирлеспелериниң басшылары қатнасты. Сондай-ақ, видеоконференция байланысы арқалы Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында, ўәлаят орайларында шөлкемлестирилген студияларда Қарақалпақстан Республикасы басшылары, жергиликли ҳәкимликлердиң, министрликлер менен ведомостволардың аймақлық структураларының, кәрханалардың басшылары, экспортшы исбилерменлер ҳәм фермерлер қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде Өзбекистан экономикасының турақлы және жоқары пәт пенен өсиў тенденциясын сақлап қалыўдың ҳәм беккемлеўдиң ең әҳмийетли факторларынан бири-экономика тармақларының ҳәм елимиз аймақларының экспорт потенциалын избе-из арттырыў, ислеп шығарылған өнимлердиң сыртқы базардағы бәсекиге шыдамлылығын күшейтиў екенлигин айрықша атап өтти. Бул бағдарда елимизде экспортшы кәрханалар менен исбилерменлик субъектлериниң экспорт хызметин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, нызам ҳүжжетлери менен оларға берилген жеңилликлер және жаратылып атырған шараятларға айрықша тоқтады.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев экспорт саласындағы жумыслардың жағдайын ҳәр тәреплеме талқылады.
«Ўзбекозиқовқатхолдинг» холдинг компаниясы басқармасы баслығы О.Рустамов, «Ўзагроэкспорт» акционерлик жәмийетиниң бас директоры Ж. Холмуҳамедов ийелеп турған лаўазымына ылайық емеслиги көрсетип өтилди.
Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары У. Розуқуловқа, сыртқы саўда министри Э. Ғаниевке бар кемшиликлери көрсетилип өтилди ҳәм оларды сапластырыў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы «Ўзқурилишматериаллари» компаниясы, «Ўзбекенгилсаноат» акционерлик жәмийети, «Ўзбекчармпойабзали» ассоциациясы басшыларында жуўапкершилик, талапшаңлық ҳәм инталылық жетиспей атырғанын, соның ақыбетинде өнимлер менен хызметлердиң экспорт көлемин арттырыў бойынша кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығын қатты сынға алды.
Бул тармақлардың басшыларына «сөгис» жәрияланып, оларға өнимлер экспорты саласындағы бар кемшиликлерди тез арада сапластырыў ҳәм экспорт көлемин избе-из арттырыў бойынша сезилерли өзгерислерди тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар жүкленди.
Сондай-ақ, жетистирилген мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўди шөлкемлестириў мәселесинде босаңлыққа жол қойған Ташкент, Жиззақ ҳәм Әндижан ўәлаятлары, сондай-ақ, бир қатар район ҳәкимликлери басшылары қатаң ескертилди.
Елимиздеги ислеп шығарыўшылардың дәстүрий сыртқы базардағы орнын беккемлеў және кеңейтиў, жаңа сыртқы базарларды өзлестириў бағдарында системалы жумысларды тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинети комплекслери, тармақлар ҳәм аймақлардың басшыларына ҳәр бир тармақ және аймақ бойынша экспорт стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы тапсырылды.
Мәжилисте сыртқы базарларда нәтийжели жумыс ислеў ушын заманагөй инфраструктураны жаратыў, кәрханалар ҳәм шөлкемлер тәрепинен шет еллерде шөлкемлестирилген саўда үйлери ҳәм логистика орайларының жумысын және де арттырыў, мәмлекетимиз елшиханаларының саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарындағы жумысларын жетилистириў мәселелери додаланып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Мәжилисте Министрлер Кабинети комплекслери, министрликлер менен ведомостволардың, компаниялар және ассоциациялардың, ҳәкимликлер басшыларының есаплары, усыныслары тыңланды ҳәм додаланды, елимиздиң экспорт потенциалын буннан былай да арттырыў, экспорт географиясын және номенклатурасын кеңейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.