Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Ташкентте Венгрия елшиханасы ашылды
2017-06-28 | Сиясат
Ташкентте 27-июнь күни Венгрия елшиханасының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.
Өзбекистан ҳәм Венгрияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Елшихана имаратында Венгрия менен Европа Аўқамының байрақлары көтерилди.
Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министри А.Комилов быйыл Өзбекистан менен Венгрия арасында дипломатиялық қатнасықлардың орнатылғанына 25 жыл толғаны, бул елшихана еллеримиздиң бирге ислесиў тарийхында жаңа бет ашатуғынын ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли буўын булатуғынын атап өтти.
Венгрия сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм сыртқы ислер министри Петер Сийарто елшихананың ашылыўына көрсеткен жәрдеми ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң раўажланыўына итибары ушын Өзбекистан басшылығына миннетдаршылық билдирди. Бул мәкеме еки ел арасындағы байланысларды буннан былай да кеңейтиўге хызмет ететуғынын, соның менен бирге, Орайлық Европа менен Орайлық Азия мәмлекетлери бирге ислесиўиниң раўажланыўына да мүнәсип үлес қосатуғынын атап өтти.
Илажда елимиздеги дипломатиялық корпустың ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Венгрия сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм сыртқы ислер министри Петер Сийарто басшылығындағы делегация ағзалары бир қатар министрликлер менен ведомстволарда ушырасыўлар өткерди.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев пенен сөйлесиў ўақтында еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, оларды ҳуқықый жақтан беккемлеў мәселелери туўралы сөз болды.
Мийманларға 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында айтып берилди. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басшылығында мәмлекетлик ҳәкимият системасында Олий Мажлистиң ролин арттырыў, парламентлик қадағалаўды күшейтиў, нызам дөретиўшилигиниң сапасын арттырыў, суд-ҳуқық системасын жетилистириў бойынша избе-из реформалардың алып барылып атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетлераралық қатнасықларды раўажландырыўда парламентлераралық байланыслардың әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. Еки елдиң нызам шығарыўшы уйымлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы мәселелер бойынша пикир алысылды.
– Венгрия Өзбекистанның раўажланыўына ҳүрмет пенен қарайды, деди Венгрия сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм сыртқы ислер министри Петер Сийарто. – Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы халықаралық бирге ислесиў ушын әжайып имканиятлар ашпақта. Инвестиция, пул-валюта сиясатында унамлы өзгерислер күтилмекте. Венгрия Өзбекистан менен саўда-экономикалық, аўыл ҳәм суў хожалығы, фармацевтика және басқа да салаларда бирге ислесиўди кеңейтиў нийетинде.
Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министри А.Комилов пенен ушырасыўда Өзбекистанның ҳәм Венгрияның сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўине байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Мәмлекетлераралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, исбилерменлер ҳәм илимий топарлар, мәденият ҳәм көркем өнер белсендилери арасында байланысларды беккемлеўден еки тәреп те мәпдар екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда қаржы, аўыл ҳәм суў хожалығы, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм билимлендириў салаларындағы перспективалы жойбарлар додаланды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен Венгрия Инсан ресурслары министрлиги арасында денсаўлықты сақлаў саласында 2017-2020-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
Венгрия делегациясының Сыртқы саўда министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасының басшылары менен де ушырасыўлар өткерди.
А.САМАДОВ. ӨзА ның хабаршысы