Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

2017-05-29 | Сиясат

2017-жыл 27-май күни Ташкент қаласында Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси болып өтти. Онда Министрлер Кабинетиниң мирәт етилген ағзалары, министрликлер ҳәм ведомстволардың, басқа да шөлекемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Сенаторлар жумысты «Өзбекистан Республикасы Конституциясының айырым статьяларына өзгерислер киргизиў ҳаққында (80, 93, 108 ҳәм 109-статьяларына)»ғы Өзбекистан Республикасының нызамын көрип шығыўдан баслады.

Додалаў даўамында атап өтилгениндей, нызам 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген суд-ҳуқық саласын реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин кеңейтиў, олардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин, әдил судлаўды әмелге асырыў нәтийжелилигин ҳәм сапасын арттырыў, судьялар лаўазымына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, тәбиятты қорғаў ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў илажларын күшейтиў ўазыйпаларын жүзеге шығарыўға қаратылған принципиал қағыйдалардан ибарат.

Соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў саласында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманы менен Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети етип қайта шөлкемлестирилди ҳәм өз жумысында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине есап беретуғыны белгилеп қойылды.

Тийкарғы нызамымыздың 80-статьясына киргизилип атырған өзгерислерде Өзбекистан Республикасы Президентиниң усынысына бола, Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитеттиң баслығын тайынлаўды ҳәм оны лаўазымынан азат етиўди, сондай-ақ, Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының есабатын тыңлаўды Олий Мажлис Сенатының ўәкилликлеринен шығарыў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, Өзбекистан Республикасы Конституциясының 93-статьясына киргизилген дүзетиўлерге муўапық Конситутциялық суд Өзбекистан Республикасы Президентиниң усынысына бола, Олий Мажлис Сенаты тәрепинен Судьялар жоқарғы кеңеси усыныс еткен шахслар арасынан, Қарақалпақстан Республикасының ўәкилин қосқан ҳалда сайланады.

Тийкарғы нызамымыздың 108- ҳәм 109-статьяларына киргизилип атырған дүзетиўлерде констиутциялық нызамлардың халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў ҳаққындағы нызамларға қол қойылғанға шекем Конституцияға муўапықлығын тексериў, Жоқарғы судтың белгили бир жумыста қолланылыўы зәрүр болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң Конституцияға муўапықлығы ҳаққында судлардың басламасы менен киргизилген мүрәжатларды көрип шығыў, сондай-ақ, ҳәр жылы Олий Мажлис палаталарына ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентине елимиздеги конституциялық нызамлылықтың жағдайы ҳаққында мәлимлеме бериў бағдарындағы Конституциялық судтың ўәкилликлерин кеңейтиў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикирине бола, усы өзгерислер менен қосымшалар экология ҳәм қоршаған орталық саласындағы мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириўге, сондай-ақ, Конституциялық суд жумысының нәтийжелилигин ҳәм абыройын арттырыўға көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң Конституциялық судтың ўәкилликлерин кеңейтиўге, оны қәлиплестириў тәртибин буннан былай да демократияластырыўға қаратылған «Өзбекистан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының Конституциялық нызамы көрип шығылды.

Нызамда судьялар ўәкилликлериниң мүддети ҳәм судьялыққа талабанларға қойылған талаплар анық белгилип қойылған, соның ишинде, Конституциялық суд ағзаларының еки мәртеден артық сайланыўы мүмкин емеслиги, әмелдеги 5 жыллық ўәкилликтиң мүддети сақланып қалынатуғыны белгиленбекте. Судьялыққа талабанларға жас цензин 30 дан 35 жасқа көтериў ҳәм судья лаўазымында болыўдың ең жоқары жасы 70 жасты қурайтуғыны нәзерде тутылмақта. Судьялардың ўәкилликлерин мүддетинен алдын тоқтатыў тийкарлары кеңейтилмекте.

Конституцияның үстинлиги, тәреплердиң тартысыўы ҳәм тең ҳуқықлылығы сыяқлы приницплердиң қосылғанлығы есабынан Конституциялық суд жумысының тийкарғы принциплери кеңеймекте. Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Конституциялық судта көрип шығыў ушын мәселелер киргизиў ҳуқықына ийе болған субъектлердиң қатарына киргизилди.

Ҳуқықый ҳүжжетте Конституциялық суд жумысының шөлкемлестириўшилик мәселелери толық ашып берилмекте. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте «Суд ҳәм Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды жанындағы Суд нызамшылығын демократияластырыў ҳәм либералластырыў және суд системасы бийғәрезлигин тәмийинлеў бойынша изертлеў орайы хызметкерлериниң лаўазым дәрежелери ҳаққындағы режеге өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды. Усы нызам Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекистан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына, Өзбекистан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 7-апрельдеги  «Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды жанындағы Судлар жумысын тәмийинлеў департаменти жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ҳәм 2017-жыл 19-апрельдеги «Өзбекистан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў изертлеў орайы жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарларына муўапық ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

Режеге киргизилген өзгерислерге муўапық судлардың, Судьялар жоқарғы кеңесиниң, Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў бойынша изертлеў орайының ҳәм Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды жанындағы Судлар жумысын тәмийинлеў департаменти ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң хызметкерлерине арнаўлы атақлардың - лаўазым дәрежелердиң берилиўин нәзерде тутатуғын тәртип орнатылмақта.

Усы өзгерислер менен қосымшалар суд ҳәкимияты жумысының нәтийжелигин ҳәм абыройын арттырыўға көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерди өз күшин жоғалтқан деп табыў ҳаққында»ғы  Өзбекистан Республикасы нызамын көрип шықты. Нызам 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманларын ҳәм қарарларын орынлаў мақсетинде ислеп шығылғанлығы атап өтилди.

Соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-апрельдеги «Ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, жәмийетлик тәртипти, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўде олардың жуўапкершилигин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы, 2017-жыл 21-апрельдеги «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў саласында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманларына ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерге муўапық  «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳаққында»ғы Конституциялық нызамға «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты регламенти ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының регламенти ҳаққында»ғы, «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы, «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Нызамда орнатылған тәртипке бола, Олий Мажлис Сенаты ишки ислер министриниң ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикалық жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин, сыртқы ислер министриниң өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин жылына еки мәрте тыңлайды, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы денсаўлықты сақлаў министриниң өз жумысы ҳаққындағы мәлимлемесин Олий Мажлис палаталарының тийисли комитетлеринде дәслепки түрде көрип шыға отырып, жылына еки мәрте тыңлайды.

Нызамда Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитет буннан былай Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине есап бериў мүнәсибети менен Өзбекистан Республикасы Президентиниң усынысына бола, Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитеттиң баслығын тайынлаўды ҳәм оны лаўазымнан азат етиўди, сондай-ақ, Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети баслығының есабатын тыңлаўды Олий Мажлис Сенатының ўәкилликлеринен шығарыў нәзерде тутылмақта. Олий Мажлистиң 1996-жыл wy-апрельде қабыл етилген «Өзбекистан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары өз күшин жоғалтқан деп табылмақта.

Сенаторлардың атап өткениндей, өзгерислер менен қосымшалар мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысының системалылығын арттырыўға, Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды күшейтиўге көмеклеседи.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў саласында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизилмекте. Усы өзгерислер жерлерден өз басымшалық пенен пайдаланғанлық ямаса оларды жарамсыз жағдайға келтириў, жер асты байлықларын қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў талапларын, суў резервлерин қорғаў қағыйдаларын, санаат, турмыслық шығындыларды ҳәм басқа да шығындыларды тасыў, жайластырыў, пайдаланыў, көмип таслаў ўақтында тәбиятты қорғаў талапларын бузғаны ушын, соның ишинде, усы ҳуқықбузарлықларды қайтадан ислегени ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 9-февральдағы қарары менен тастыйықланған «Саламат ана ҳәм бала жылы» Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы ҳәм «Ғамқорлық ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Бул өзгерислер менен қосымшалар толық мәмлекетлик тәмийнатта болған балалардың категориясын анықлаўды ҳәм ғамқор ямаса қәўендер етип тайынланыўына тосқынлық ететуғын кеселликлерге шалынған шахсларды ғамқор ямаса қәўендер етип тайынлаўға шеклеў орнатыўды нәзерде тутпақта.

Районлардың жергиликли бюджетлери ушын қосымша дәреклерди қәлиплестириў ҳәм жергиликли бюджетлердиң республикалық бюджетке бойсыныўын басқышпа-басқыш азайтыў мақсетинде Өзбекистан Республикасының Бюджет кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Усы өзгерислер менен қосымшаларда Өзбекистан Республикасы республикалық бюджеттиң басқа да дәраматлары қурамына акциялардың мәмлекетлик үлеси (пайы) бойынша дивидендлерди (дәраматларды) да киргизиў, буған жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының үлеси бойынша дивидендлер (дәраматлар) кирмейди,  және Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетлердиң басқа да дәраматлардың қурамына жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының үлеси бойынша дивидендлерди (дәраматларды) де киргизиў нәзерде тутылмақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 5-октябрьдеги пәрманы менен тастыйықланған Өзбекистан Республикасында исбилерменлик жумыстың жедел раўажланыўын тәмийинлеў, жеке меншикти ҳәр тәреплеме қорғаў ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы комплексли илажлар бағдарламасына муўапық «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында»ғы нызамға, Хожалық процессуал кодексине, Салық кодексине  өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Усы өзгерислер менен қосымшалар мәмлекетлик салық хызмети уйымларының жумысында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыўды буннан былай да кеңейтиўге, салықларды ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди жыйнаўға жумсалатуғын қәрежетлердиң азайыўын тәмийинлейтуғын ҳәкимшилик жумысларды жетилистириўге, аралық (камерал) қадағалаўды кең енгизиўге ҳәм салық төлеўшилердиң ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға, судлар ҳәм процесс қатнасыўшылары арасында ҳүжжетлер алмасыў механизмин әпиўайыластырыўға ҳәм оперативлигин арттырыўға қаратылған.

Хожалық жумысларын, соның ишинде, электрон тәризде қәлиплестириў тәртиби белгиленбекте. Бул болса, бағдарламалық тәмийинат ислеп шығыўды, сондай-ақ, суд мәжилислериниң залларында замангөй компьютерлерди, сканерлер ҳәм басқа да үскенелерди орнатыўды нәзерде тутады.

Сенаторлардың пикирине бола, бул дүзетиўлердиң киргизилиўи салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди жыйнаўға жумсалатуғын қәрежетлердиң азайыўын тәмийинлейди, процесс қатнасыўшыларының қаржыларын ҳәм кететуғын ўақтын қысқартыў, сондай-ақ, салық уйымлары, судлардың ҳәм салық төлеўшилердиң ўақытын үнемлеў имканиятын береди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-январьдағы «Исбилерменлик мақсетлеринде пайдаланыў ушын мәмлекетлик мүлк объектлерин сатыўды жеделлестириў ҳәм оның тәртип-қағыйдаларын буннан былай да әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық айырым нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Усы өзгерислер менен қосымшалар Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарына бола, меншиклестирилетуғын объектлерди, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлерине мәмлекетлик мүлктиң стратегиялық болмаған объектлерин, соның ишинде, мәмлекеттиң көшпес мүлк объектлерин инвестициялық мәжбүриятларды қабыл ете отырып, «ноль»лик баҳада сатып алыў бойынша реализациялаў ҳаққында қарарлар қабыл етиў ҳуқықы берилиўи мүнәсибети менен айырым объектлерди мәмлекет қарамағынан шығарылатуғын ҳәм меншиклестирилетуғын объектлердиң дизиминен шығарады. 

Өзбекистан Республикасының «Прокуратура ҳаққында»ғы нызамына да өзгерислер киргизилмекте. Соның ишинде, Бас прокурорға жүкленген ўазыйпалардың сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде айрықша жағдайларда, прокуратура уйымларындағы хызметке экономика, қаржы, социология, мәлимлеме-коммуникация технологиялары саласында ҳәм басқа да салаларда жоқары мағлыўматқа, зәрүр билим және тәжирийбеге ийе болған қәнигелерди қабыл етиў ҳуқықы берилмекте.

Өзбекистан Республикасының «Дәри қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында»ғы нызамын (жаңа редакцияда) ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-февральдағы «Дәри қуралларын ҳәм медицина буйымларын сатыў, фармацевтика жумысын лицензиялаў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилмекте. Атап айтқанда, дәри қураллары, медицина ушын мөлшерленген буйымлар сыяқлы түсиниклерге жаңа сыпатламалар берилди, медициналық техника, дәрилик өсимлик шийки заты сыяқлы жаңа түсиниклер киргизилди.

Буннан тысқары, фармацевтика жумысының түрин-дәри қуралларын ҳәм медицина ушын мөлшерленген буйымларды усақлап реализациялаўды лицензиялаў бойынша ўәкилликлерди Өзбекистан Республикасының Денсаўлықты сақлаў министрлигинен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына өткерилип берилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, нызам менен Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлери өз күшин жойытқан деп табылмақта. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар бир қатар халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳаққындағы нызамларды көрип шықты. «Өзбекистан Республикасы менен Түркменстан арасындағы Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнаманы (Ашхабад, 2017-жыл 6-март) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Өзбекистан Республикасы, бир тәрептен, ҳәм Европа Жәмийетшилиги және оларға ағза мәмлекетлер, екинши тәрептен, арасында шерикшилик шөлкемлестириўши Шерикшилик ҳәм Бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимге еки тәреплеме тоқымашылық Шәртнамасының әмел етиў мүддети жуўмақланғанын есапқа алып, Келисим қағыйдаларын тоқымашылық өнимлериниң еки тәреплеме саўдасына кеңирек көлемде қолланыў мақсетинде Келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында Билдириўди (Ташкент, 2011-жыл 7-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы, және «Қайта тиклениўши энергия бойынша Халықаралық Агентлик уставын (Бонн, 2009-жыл 26-январь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасының нызамлары усылардың қатарына киреди.

Сенаторлардың пикиринше, бул ҳүжжетлердиң ратификацияланыўы елимиздиң шет мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен қатнасықларын жаңа стратегиялық басқышқа алып шығады, кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўге, елимиздиң экспорт потенциалын күшейтиўге, жаңа базарларды өзлестириўге, тоқымашылық өнимлериниң саўдасын халықаралық көлемде жаңа басқышқа алып шығыўға, сондай-ақ, энергияны үнемлеўши технологияларды ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў бағдарындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге хызмет етеди.

Буннан соң сенаторлар Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласы ҳәм Хийўа районының шегараларын өзгертиў және Хийўа қаласын ўәлаят бойсыныўындағы қалалар структурасына киргизиў ҳаққындағы, Шаҳрисабз қаласын ўәлаят бойсыныўындағы қалалар структурасына киргизиў ҳаққындағы, сондай-ақ, Жыззақ ўәлаятының Замин ҳәм Зарбдор районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселелерди көрип шықты.

Атап өтилгениндей, елимиз ҳүкимети тәрепинен киргизилген бул усыныслардың мақулланыўы Жыззақ, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларының ҳәкимшилик-аймақлық структурасын, аймақлардың тәртипсиз жайласыўын ҳәм оларды басқарыў нәтийжелилигин жетилистириўге, жергиликли халықтың жасаў шараятларын жақсылаўға көмеклеседи, туризм саласының буннан былай да тез раўажланыўына түртки береди.

Соң сенаторлар Өзбекистан Республикасы сыртқы ислер министриниң Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң сыртқы экономикалық байланысларды раўажландырыў, экономика тармақларына ҳәм елдиң регионларына сырт ел инвестицияларын және заманагөй технологияларды тартыў, туризмди раўажландырыў ҳәм Өзбекистанның халықаралық абыройын беккемлеў саласындағы жумысы ҳаққындағы есабын тыңлады ҳәм додалады. Соңғы 9 ай даўамында жоқары дәрежедеги 10 сапар етиў ҳәм ҳүкиметлик делегациялардың 460 сапар етиўи шөлкемлестирилди, солардың шеңберинде көплеген инвестциялық ҳәм саўда келисимлерине қол қойылды.

Соның менен бирге, сенаторлар өз шығып сөйлеўлеринде Сыртқы ислер министрлигиниң ҳәм Өзбекистан Республикасының шет елдеги ўәкилханаларының жумысында айтарлықтай кемшиликлер, өз шешимин табыўды күтип атырған машқалалар ҳәм пайдаланылмаған имканиятлардың бар екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, елимиз регионларына шет ел инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларды тартыў, елимиз экспортшыларының өнимлерин жаңа базарларға алып шығыў бойынша жумыслар жетерли дәрежеде жетилиспеди. Кадрлар таярлаўда ҳәм қайта таярлаўда кемшиликлер бар. Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң шет елдиң жетекши жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўи зәрүр дәрежеде жолға қойылмаған.

Додалаў ўақтында сенаторлар Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң белсендилигин буннан былай да жетилистириўге ҳәм есабатты тыңлаў ўақтында атап өтилген бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар көриўге қаратылған бир қатар пикир-усынысларды билдирди. Додалаўлардың жуўмақлары бойынша Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

«Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Конституциялық нызамға, «Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының регламенти ҳаққында»ғы ҳәм «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамларға муўапық сенаторлар мәмлекетлик зәрүрликлер ушын аўыл хожалығы өнимлерин жетистиретуғын фермер хожалықларының тәмийнатшы, хызмет көрсетиўши ҳәм басқа да шөлкемлер алдындағы қарыздарлығын келтирип шығаратуғын себеплер ҳаққында Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары – аўыл ҳәм суў хожалығы министри З.Т.Мирзаевқа парламентлик сораў жибериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Буннан соң сенаторлар Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, шет ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығын және баслықтың орынбасарын сайлаў, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды баслығын ҳәм ағзаларын сайлаў, Өзбекистан Республикасының Бельгия Патшалығындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшисин лаўазымға тайынлаў және Өзбекистан Республикасының Корея Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшисин лаўазымға тайынлаў ҳаққындағы мәселелерди көрип шықты.

Жалпы мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды. Тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде елимизде алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыўға, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаны басқышпа-басқыш орынлаўға қаратылған 21 мәселе, соның ишинде, 7 нызам көрип шығылды. Сенаттың оныншы жалпы мәжилисинде қабыл етилген қарарлар пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплериниң кепилликлерин буннан былай да беккемлеўдиң, халықтың турмыс дәрежесин арттырыўдың, елимизде турақлылықты ҳәм абаданлықты беккемлеўдиң әҳмийетли факторы болатуғынлығы атап өтилди.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының оныншы жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекистан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети

Поделиться