Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Қашқадәрьяда көрискенше хош, «Бәрркамал әўлад»!
2017-05-27 | Спорт
25-27-май күнлери Жиззақ қаласындағы «Сўғдиёна» универсал спорт комплекси стадионы бойлап академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжи оқыўшыларының «Бәркамал әўлад – 2017» спорт ойынларының факели жанып турды.
Гезектеги «Бәркамал әўлад» жарысы да елимизде енгизилген үш басқышлы система – «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынларының нәтийжелилигин және бир мәрте көрсетти. Елимиздиң келешеги болған жас әўладты анна-Ўатанға муҳаббат, киндик қаны тамған топыраққа садықлық руўхында тәрбиялаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге қаратылған бул ситеманың абыройы жылдан-жылға артып бармақта.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, үш басқышлы спорт ойынларының финалы болып өтип атырған қалаларда халықаралық талапларға жуўап беретуғын онлаған спорт объектлери қурылмақта, аймақлар және де абаданластырылмақта. Жарыслар мүнәсибети менен Жиззақта қурылған жаңа спорт объектлерин, жүзиў бассейнлерин, түп-тийкарынан реконструкцияланған спорт залларын, оқыў имаратларын көрген адам дөретиўши халқымызға алғыслар айтады.
«Бәркамал әўлад – 2017» спорт ойынлары жүзден аслам ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен турақлы сәўлелендирилип барылды. Интернет тармағында ашылған www. barkamol-avlod.uz сайтында қызғын беллесиўлер туўралы мағлыўматлар, фото көринислер, өзбек, рус, инглис тиллеринде берип барылды. Жарыс күнлери шет еллерде жасайтуғын мыңлаған адамлар усы тармаққа мүрәжат етти.
… 27-май. саат 19.00 «Суғдиёна» универсал спорт комплекси стадионы байрамға тән безелген. Шақырық намасы жаңлады. Жас спортшылардың ҳәм көркем өнер хызметкерлериниң атқарыўындағы вокал-хореографиялық композиция менен «Бәркамал әўлад – 2017» спорт жарысларының салтанатлы жабылыў мәресими басланды. Мыңлаған тамашагөйлердиң қол шаппалаўлары астында майданға жарыс қатнасыўшылары - Қарақалпақстан Республикасының, барлық ўәлаятлардың ҳәм Ташкент қаласының сайланды командалары кирип келди.
Бир неше күн даўамында қызғын даўам еткен жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими басланды.
Жарыста ең көп медаль топлап, биринши орынды ийелеген Ташкент қаласының командасы бас сыйлық - Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың «Бәркамал әўлад – 2017» спорт ойынларының қатнасыўшыларына қутлықлаў сөзиниң түп нусқасы ҳәм Президент саўғасы – «Damas» автомобили менен сыйлықланды.
Улыўма командалық есапта екинши орынды ийелеген Әндижан ўәлаятының ҳәм үшинши орынды алған Самарқанд ўәлаятының қомандаларына Президент саўғасы – «Damas» автомобиллери тапсырылды.
Қызғын гүреслерде айрықша шеберлик көрсеткен, заманласлары арасында жоқары нәтийжелерге ерискен бир топар оқыўшы-спортшылар арнаўлы сыйлықларға ийе болды.
– Спорт ҳәм дослық байрамы - «Бәркамал әўлад – 2017» беллесиўлери рекордлар ҳәм умытылмас ўақыяларға бай болды, - дейди аўыр атлетика бойынша алтын медаль ийеси қарақалпақстанлы Ғайрат Айтмуратов. – Бул жарыслар елимиздиң барлық аймақларында спорттың избе-из раўажланып атырғанын және бир мәрте дәлилледи.
Спорттың 17 түри – баскетбол, волейбол, футбол, қол тобы, шахмат, аўыр атлетика, бокс, дзюдо, таэквондо, ВТФ, еркин гүрес, грек-рим гүреси, жүзиў, жеңил атлетика, теннис, стол тенниси, бодминтон ҳәм көркем гимнастика бойынша беллесиўлерде лицей ҳәм колледжлердиң 898 оқыўшысы қатнасты. Спортшылар 193 алтын, 193 гүмис ҳәм 214 қола медалы ушын беллести.
Жарыслардың жабылыў мәресиминде «Бәркамал әўлад – 2017» спорт ойынларының байрағы түсирилди. Оны жиззақлы спортшылар академиялық ҳәм кәсип-өнер колледжи оқыўшыларының гезектеги финал жарысын өткеретуғын Қашқадәрья ўәлаятының ўәкиллерине тапсырды.
Үш күн даўамында жанып турған «Бәркамал әўлад – 2017» факели әсте сөндирилди.
«Бәркамал әўлад – 2017» ойынларының жабылыў мәресими спортшылардың көргизбели шығыўлары ҳәм көркем өнер хызметкерлериниң үлкен концерти менен жуўмақланды.
«Бәркамал әўлад – 2017» спорт жарысларының жабылыў мәресиминде Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Арипов қатнасты.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Тошқул БЕКНАЗАРОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары