Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Халқымыздың абаданлығын арттырыў, турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў – тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады
2017-05-27 | Сиясат
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 26-май күни пайтахтымыздың Шайхантаҳур районында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар менен танысты.
Ғәрезсизлик жылларында пайтахтымыз өзгеше гөззаллыққа ҳәм заманагөй келбетке ийе болды. Бир-бирин тәкирарламайтуғын архитектуралық имаратлар, турақ жайлар, кең ҳәм тегис көшелер, заманагөй көпирлер, саўлатлы саўда комплекслери, базарлар бой тикледи.
Президентимиз Шайхантаҳур районындағы «Сузук ота» мавзолейинде ҳәм жомеъ мешитинде болды.
Елимизде ҳүждан еркинлигин, диний кеңпейиллик принциплерин тәмийинлеўге, олардың нызамлы тийкарларын жаратыўға ҳәм раўажландырыў мәселелерине айрықша әҳмийет берилмекте.
Президентимиздиң басшылығында миллий үрп-әдетлеримизди ҳәм қәдриятларымызды тиклеў, муқаддес динимизди, уллы ағартыўшыларымыздың ҳәм уламаларымыздың бай мийрасын үйрениў, олардың естеликлерин абаданластырыў, тарийхый естеликлерди қәстерлеп сақлаў жолында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Сузук атаның исми Мустафоқул болып, 1140-жылы туўылған. Ол Ахмед Яссаўийдиң қызы Гавҳари Ҳуштождың генже улы болған. Балалық пайытында бабасы оны еркелетип «Мениң сузигим (сүйиклим), хош келдиң!», деп мүрәжат еткени себепли әтираптағылар да оны усы исм менен шақыра баслаған. Сузук ата жүзлеген шәкиртлерге билим берип, өнерге, ҳадал мийнетке үйреткен. 1363-1364-жыллары уллы бабамыз Әмир Темур Яссаўийдиң ақлығы Сузук ата қойымшылығына мавзолей ҳәм мешит қурдырған.
Ғәрезсизлик жылларында бул муқаддес орын қайта тикленип, абаданластырылды. «Сузук ота» мәкан пуқаралар жыйынында бес мыңнан аслам халық жасайды. Мәҳәлледе өнерментшилик, ағаш усташылығы, оймакерлик раўажланған.
Бундай мешитлер ҳәм мовзолейлер руўхыйлығымызды буннан былай да арттырыўға, елимизге жақсылық нурын таратыўға хызмет етиўи керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Бул жерде де өнерментлер орайын ҳәм китапхана шөлкемлестириў зәрүр.
Президентимиз жуўапкер адамларға мовзолей менен мешитти реконструкциялаў, әтирапын абаданластырыў бойынша тапсырмалар берди.
Елимизде әмелге асырылған реформалар, миллий қәдриятларымызды тиклеў, базар экономикасын раўажландырыў, тынышлықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, келешегимиздиң ийелери болған бәркамал әўладты тәрбиялаўдағы ис-ҳәрекетлер, кең көлемли дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумысларының нәтийжеси ҳәммемизди шексиз мақтанышқа бөлемекте.
Шавкат Мирзиёев «Тошкент иссиқлик маркази» акционерлик жәмийетиниң 3-ыссылық орайында болды. Бул ыссылық орайы 1970-жыллары қурылған болып, райондағы 937 объектке ыссылық қуўатлығын жеткерип береди.
Бүгинги күнде қазанханалардың ҳәм тармақлардың техникалық ҳәм руўхый жақтан тозғаны, қазанханалар тутыныўшылардан алыс аралықта жайласқаны себепли ыссылық жеткерип бериўде айырым машқалалар жүзеге келмекте. Ташкент қаласын толық энергияны үнемлейтуғын локал қазанханаларға өткериў зәрүр, деди Президентимиз.
Усы жерде Шайхантаҳур районында экономикалық ҳәм социаллық салаларда әмелге асырылыўы режелестирилген перспективалы жойбарларды таныстырыў болып өтти.
Коммерциалық банклер халыққа банк хызметлерин көрсетиў менен бирге, оларды исбилерменликке тартыўда, дәраматын арттырыўда, жумыс пенен тәмийинлеўде де нәтийжели жумыс алып бармақта. Таныстырылған жойбарларда, әне, усындай мәселелер өз сәўлелениўин тапқан. Онда коммерциалық банклер тәрепинен халықты исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар келтирилди. Жойбарларда жаратылатуғын жумыс орынларына қарап кредиттиң жыллық ставка проценти азайып барады. Бир жумыс орнын ашқан исбилермен ушын 9 процент, еки жумыс орнын ашқаны ушын 8 процент, бес ҳәм оннан аслам жумыс орнын ашқан исбилерменниң кредит ставкасы 6 процент етип белгиленеди.
Бул жойбарлардан гөзленген мақсет – халқымыздың абаданлығын арттырыў ҳәм турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў болып табылады. Сол себепли ҳәр бир жойбарды сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаўға айрықша итибар бериў керек, деди мәмлекетимиз басшысы.
Быйылғы оқыў жылында райондағы 9 кәсип-өнер колледжин 4,5 мыңнан аслам оқыўшы тамамлайды. Олардың көпшилиги менен төрт тәреплеме шәртнама дүзилген, питкериўшилер экономикалық комплекске киретуғын шөлкемлерде әмелият өтемекте.
Райондағы колледжлерде оқыўшылар қандай салалар бойынша оқыўды тамамлап атырғаны, кредит алып өз исбилерменлигин басламақшы болған жаслар туўралы мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы питкериўшилердиң бирде-биреўи жумыссыз қалмаўы, олардың жумысқа орналасыўын қатаң қадағалаўға алыў зәрүрлигин атап өтти.
Районда шөлкемлестирилиўи режелестирилип атырған көп тармақлы санаат кластери перспективалы жойбар сыпатында баҳаланды.
Шайхантаҳур районында санаатты буннан былай да раўажландырыў керек, деди Президентимиз. Бул ушын саланы ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм шет елли инвесторларды тартыў зәрүр.
Шөлкемлестирилип атырған кластерде трикотаж, фармацевтика, былғары-аяқ кийим, электротехника өнимлерин ислеп шығарыўға кең орын бериледи. 2 мың жумыс орны жаратылыўы нәзерде тутылған жойбардың улыўма баҳасы 250 миллион долларды қурайды.
Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки тәрепинен қаржыландырылып атырған қағаз ислеп шығарыў жойбарында қағаз өнимлерине болған талап, енгизилип атырған заманагөй өндирис технологиясы туўралы мағлыўмат берилди.
Елимизде жеке меншик медицина тармағы да жедел раўажланбақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың 2017-жыл 1-апрельдеги «Денсаўлықты сақлаў саласында жеке секторды буннан былай да рапўажландырыў илажлары ҳаққанда»ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли басқышты баслап берди. Шайхантаҳур районында әмелге асырылатуғын жойбарларда бул салаға да айрықша итибар қаратылған.
«Тrust medikal centre» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ашып атырған орайға раўажланған мәмлекетлерден жоқары сапалы хирургиялық үскенелер әкелинип орнатылмақта. Быйылғы жылдың үшинши шерегинде пайдаланыўға тапсырылатуғын бул клиникада 60 жумыс орны жаратылады.
«Zangiota zam-zam» ЖШЖ «Савдогарбанк» кредитлери есабынан отолорингология ҳәм гинекология саласында заманагөй медициналық хызмет көрсетиў бойынша жойбарды әмелге асырыўға кирискен. 2018-жылдың екинши шерегинде толық иске қосылыўы күтилип атырған жойбарда 30 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Районда 2017-жылы санаат ҳәм хызмет көрсетиў саласын раўажландырыў ушын киргизилетуғын инвестициялар туўралы да мағлыўмат берилди.
Химия ҳәм нефть-химия, қурылыс материаллары, мебель ҳәм қағаз, азық-аўқат, тоқымашылық, фармацевтика, былғары-аяқ кийим, кондитер өнимлери, мийманхана хожалығы, электротехника салаларындағы жойбарларға ажыратылатуғын кредитлердиң муғдары, жаңа кәрханаларда жаратылатуғын жумыс орынлары туўралы толық мәлимлеме берилди.
Шавкат Мирзиёев Белтепа ҳәм Жарариқ көшелериниң кесилискен жеринде қурылып атырған кеўилашар дем алыў бағының қурылысы менен танысты.
Бул бағдың концепсиясында миллий архитектуралық дәстүрлерге ҳәм заманагөй қала қурылысы талапларының бирдейлигине айрықша итибар қаратылған. Бағдың аймағы 10 гектар болып, бул жерде кеўилашар орайлар, заманагөй аттракционлар, қысқы бағ, шығыр, музыкалы фонтанлар, скейтборд ҳәм шана ушыў орынлары, велосипед жоллары, бағ бойлап аспа арқан жолы, кафелер, 5 қабатлы автомобильлер турақ жайының қурылысы режелестирилген.
Бул бағдағы жабық кеўилашар орайлар жылдың төрт мәўсиминде де адамлардың дем алыўы ушын кең имканият жаратады. Бағ аймағына қуяш энергиясы жәрдеминде ислейтуғын жақтыландырыў әсбаплары ҳәм заманагөй саябанлар орнатылады.
Аймақтың абаданлығын тәмийинлеў мақсетинде бағқа каштан, қарағай, япон сафорасы, магнолия, қайың сыяқлы ҳаўаны тазалайтуғын ҳәм кислород пенен байытатуғын тереклер, ҳәр қыйлы путалар егиледи.
Дем алыў бағында ғалаба тамашаларды, концерт бағдарламаларын, көргизбелерди, спорт жарысларын ҳәм басқа да ҳәр қыйлы илажларды өткериў имканияты туўылады. Ҳәр қыйлы өнерментлик, спорт дөгереклери, шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи.
Жойбарды әмелге асырыў ушын биринши басқышта 18 миллион доллар, екинши басқышта 22 миллион доллар қаржы өзлестирилиўи мөлшерленбекте.
Бағдың биринши басқышын 2018-жылы, екинши басқышын 2019-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Бағ толық иске қосылғаннан соң, 350 адам жумыс пенен тәмийинленеди.
Мәмлекетимиз басшысы бағдың жойбары менен танысып, бул орай пайтахтымыз халқының ҳәм мийманлардың сүйикли орынларынан бири болыўы, адамлардың дем алыў ушын барлық зәрүр қолайлықлар, қоршаған орталықтың абаданлығын тәмийинлейтуғын инфраструктура қурыў зәрүр екенин атап өтти.
Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз – адамлардың нәтийжели мийнети ҳәм кеўилли дем алыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыўдан ибарат, деди Шавкат Мирзиёев. Бул жерде сейил етиў ушын имканият жаратыў ҳәм ҳәр қыйлы аттракционлар орнатыў менен шекленип қалмастан, бул орайды үлкен-киши ушын сүйикли дем алыў орайына айландырыў зәрүр.
Жуўапкер адамларға қурылыс жумысларын сапалы әмелге асырыў, абаданластырыў жумысларында декоратив тереклерди ҳәм путаларды көбирек егиў бойынша зәрүр көрсетпелер берилди.
Президентимиздиң көрсетпесине муўапық пайтахтымызда қурылатуғын Қорақамиш дем алыў бағы, «Эски шаҳар» саўда комплекси, көп қабатлы турақ жайлар, студентлердиң миллий илимий-ағартыўшылық орайы, Ислам мәденияты орайы жойбарлары және жетилистирилди.
Ислам Кәримов көшесинде 3,5 мың орынлық Универсал спорт сарайы, Мақтымқулы көшесинде Ашхабад бағы, Шайхантаҳур районында заманагөй саўда орайы, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий бағында Жазыўшылар аўқамының имаратын қурыў бойынша жойбарлар ислеп шығылды.
Усы жойбарлардың қурылысын тезлетиў бойынша жуўапкер адамларға тийисли тапсырмалар берилди.
Президентимиздиң басшылығында Мәмлекетлик салық комитети имаратында болып өткен мәжилисте Ташкент қаласы ҳәм районлардың ҳәкимлери, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары, пайтахт жәмийетшилигиниң ўәкиллери қатнасты. Онда мәмлекетимиз басшысы тийкар салған Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, орынлардағы Халық қабыллаўханалары халық пенен пикирлесиўдиң нәтийжели системасына айланғаны, ҳәр қыйлы мәселелерге өз ўақтында шешим табылып, адамларды разы етип атырғаны атап өтилди. 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Мәжилисте халыққа барлық зәрүр шараятлар жаратыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, коммуникация системаларын жаңалаў, аймақларды абаданластырыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
ӨзА