Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Бәркамал әўлад» спорт ойынлары қатнасыўшыларына
2017-05-25 | Сиясат
Қәдирли ул-қызларым!
Бәринен бурын, мине усы умытылмас ҳәм толқынландырыўшы демлерде сиз, әзиз перзентлеримизди, сизлерге әўмет ҳәм табыслар тилеп турған қәдирли устаз-тренерлерди, ата-аналарды, барлық спорт ықласбентлерин гөззал ҳәм бийтәкирар Жиззақ қаласында «Бәркамал әўлад» спорт ойынларының салтанатлы ашылыўы менен шын жүректен қутлықлайман. Сизлерге жақсы белгили, елимизде әмелге асырылып атырған барлық реформа ҳәм өзгерислер, кең көлемли бағдарламалар бирден-бир уллы мақсетке қаратылған. Ол да болса, халқымыз турмысын және де абадан етиў, перзентлеримизди ҳәр тәреплеме жетик ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўдан ибарат.
Бүгин сизлер қатнасып атырған, елимизде жетинши мәрте өткерилип атырған «Бәркамал әўлад» спорт ойынлары усы жолдағы ис-ҳәрекетлеримиздиң және бир әмелий көриниси, десек, әйне ҳақыйқат болады.
Итибарлы аларлық тәрепи сонда, бул жарыслар биринши мәрте буннан он жети жыл алдын мине усы қутлы жерде мәрт ҳәм уллы инсанлар журты болған Жиззақ ўәлаятында өткерилген еди.
Өткен дәўир ишинде «киши олимпиада» деген ат пенен халқымыз арасында үлкен абырайға ерискен бул беллесиўлер жүзлеген, мыңлаған нәўқыран ул-қызларымыз ушын нағыз шынығыў ҳәм шеберлик асырыў мектеби, пәрўаз майданшасы болып хызмет етип атырғанын айрықша атап өтким келеди. Әне, усы спорт ойынларында шынығып, ҳәзирги күнде халықаралық майданларда Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип киятырған Хасанбай Дустматов, Руслан Нурудинов, Шахобиддин Заиров, Нигина Шарипова, Фазлиддин “ойибназаров, Шаҳрам “иёсов, Бектемир Мелиқўзиев, Барно Мирзаева, Умида Абдуллаева, Рустам Тўлаганов, Муратжан Ахмадалиев, Гулноза Матниёзова, Ихтиёр Наврўзов, Элмурод Тасмуродов, Диёр Ўрозбоев, Ришод Собиров сыяқлы белгили спортшыларымыздың атларын ҳәммемиз ҳүрмет ҳәм мақтаныш пенен тилге аламыз.
Ең әҳмийетлиси, қаншама жасларымыз усы жарыслар арқалы спорт пенен, саламат турмыс тәризи менен дос болғанын есапқа алатуғын болсақ, «^мит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада ойынларынан ибарат үш басқышлы системаның мазмуны ҳәм әҳмийети және де айқын болады. Ҳәммеңиздиң хабарыңыз бар, w0ly-жылы Бразилияда болып өткен жер жүзиниң ең күшли спортшылары қатнасқан XXXI жазғы Олимпия ойынларында Өзбекистан спортшылары le медальды қолға киргизип, улыўма командалық есапта wl-орынды, Азия мәмлекетлери арасында төртинши, Ғәрезсиз Мәмлекетлер дослығы Аўқамында ларында екинши, Орайлық Азияда биринши орынды ийелегени ҳеш гүмансыз үлкен тарийхый ўақыя болды.
Исенимим кәмил, сизлер әне усындай шеклерди ийелеп атырған шебер ҳәм пидайы спортшыларымыз изинен барып, келешекте буннан да үлкен нәтийжелерге ерисесиз.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшыларыӘ
Елимиздеги 1500 ден зыят лицей ҳәм колледжлер ўәкиллери қатнасатуғын бүгинги «Бәркамал әўлад» ойынларының жоқары дәрежеде ҳадаллық, мәртлик ҳәм әдиллик руўхында өтиўине, көтериңки ҳәм кескин гүреслерге бай болыўына, сизлердиң ҳәр бириңиз жеңис ушын барлық күш ҳәм имканиятыңызды жумсаўыңызға тек ғана физикалық жақтан емес, әйне ўақытта халқымызға тән бийбаҳа руўхый пазыйлетлерди де көрсететуғыныңызға исенемен.
Көпти көрген, турмыс сынаўларында шыныққан, не бир уллы инсанлар, жаўырыны жерге тиймеген палўанлар журты болған Жиззақ халқы, усы ўәлаяттағы заманласларыңыз бенен болатуғын шын жүректен сәўбетлесиўлер ҳәм ушырасыўлар ҳәммеңиздиң ядыңызда өшпес из қалдыратуғынына исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, жаслық ҳәм гөззаллық байрамы, тәжирийбе ҳәм кәмиллик таңлаўы болған жарысларды жоқары дәрежеде өткериў ушын заманагөй спорт комплекслери, инфраструктура объектлери қурылған, бул жолда шын кеўилден хызмет еткен бәрше пидайы инсанларға, пүткил Жиззақ халқына өз атымнан, халқымыз атынан терең миннетдаршылық билдиремен.
Қәдирли ул-қызларым!
Бизиң ҳәўес етиўге арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар. Ҳәўес етиўге арзыйтуғын уллы ата-бабаларымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын бийбаҳа байлықларымыз бар. Мен исенемен, Қуда қәлесе, ҳәўес етиўге арзыйтуғын уллы келешегимиз де болады.
Әне усындай жарқын келешекти бәринен бурын сиздей күш-ғайратқа толы, толып-тасқан арзыў-нийетлер менен өмирге кирип киятырған, ҳешкимнен кем болмайтуғын нәўқыран әўладымыз, пүткил Өзбекистан жаслары жаратады.
Усы жақсылық жолында ҳәммеңизге ең жоқары бахытты халқымыз ҳәм Ўатанымызға бәрҳама ылайық перзент болыў бахтын тилеймен.
Сизлерди мәмлекетимиз турмысындағы үлкен ўақыя «Бәркамал әўлад» спорт ойынларының ашылыўы менен және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлайман.
Ҳәмийше саў-саламат болың, әўмет ҳәм жеңис сизлерге ҳәмийше яр болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекистан Республикасы Президенти.