Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Файзулла Муллажанов

2017-05-24 | Жәмийет

Елимиздиң банк-қаржы системасы аўыр жоғалтыўға ушырады.

Өзбекистан банк системасының тийкарын салыўшылардан бири, белгили экономист, тәжирийбели басшы, Өзбекистан Республикасы Орайлық банки баслығы Файзулла Муллажанов усы жыл 23-май күни 67 жасында тосаттан қайтыс болды.

 Ф. Муллажанов 1950-жылы Сырдәрья ўәлаятында туўылды. 1971-жылы Ташкент халық хожалығы институты (ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик экономика университети)н экономист қәнигелиги бойынша тамамлады. Мийнет жолын мәмлекетлик банктиң Сырдәрья ўәлаяты бөлиминде кредит қадағалаўшысы ўазыйпасынан баслады. Соң усы ўәлаятта банк саласында ҳәр қыйлы жуўапкерли лаўазымларда хызмет етти.

Үлкен мийнет ҳәм турмыс тәжирийбесине ийе болған Ф. Муллажанов 1991-жылы, елимиз енди ғана мәмлекетлик ғәрезсизлигин қолға киргизип, жаңа дәўирге қәдем таслаған қыйын бир шараятта Өзбекистан Республикасы Орайлық банки баслығы болып тайынланды.

Әне, усы оғада жуўапкерли лаўазымда дерлик 26 жыл нәтийжели жумыс ислеп, Ф. Муллажанов ески ҳәкимшилик-буйрықпазлық системадан базар экономикасы қатнасықларына өтиў процесинде банк-қаржы системасын қәлиплестириў және раўажландырыў, миллий валютамызды енгизиў, алтын-валюта резервин беккемлеў, банк саласы ушын заманагөй кадрлар таярлаў бойынша өзиниң жоқары шөлкемлестириўшилик ҳәм инталылылық уқыбын көрсетти.

Ф. Муллажановтың Өзбекистан банк системасын халықаралық талаплар менен өлшемлер тийкарында раўажландырыў, оның кадрлар потенциалын беккемлеў, дүнья жүзиндеги абырой-мәртебесин арттырыў бағдарындағы үлкен хызметлери халқымызға жақсы белгили.

Бүгинги күнде елимиз экономикасының ҳәр қыйлы салалары менен тармақларында хызмет етип атырған көплеген басшы хызметкерлер, банк-қаржы қәнигелери ҳақылы түрде өзлерин Ф. Муллажановтың шәкиртлери деп есаплайды.

Ф. Муллажановтың көп жыллық жемисли мийнетлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланған. Ол «Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен экономист» ҳүрметли атағы, «Меҳнат шуҳрати» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланған еди.

Өзбекистан банк-қаржы саласының ири ғайраткери, меҳрибан устаз, кеңпейил инсан Файзулла Муллажановтың естелиги қәлбимизде ҳәмийше сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Н. Йўлдошев, Н. Исмоилов,

 А. Арипов, У. Исмоилов

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться