Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ишки ислер уйымлары өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында

2017-05-24 | Ҳүжжетлер

Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Ғәрезсизлик жылларында елимизде избе-из әмелге асырылған комплексли илажлар нәтийжесинде халықтың турмысы ҳәм саламатлығын, мәмлекетлик мүлкти, физикалық ҳәм юридикалық шахслар мүлки исенимли қорғаўды тәмийинлейтуғын бир пүтин өрт қәўипсизлиги системасы қәлиплестирилди.

Лекин өрт қәўипсизлиги саласында қабыл етилген нызам ҳүжжетлерине қарамастан бүгинги күнде елимизде халықтың, исбилерменлердиң, мәмлекетлик уйымлардың өрттиң алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў мәселелерине тийисли көз-қарасы қәлиплеспеди, соның менен бирге, ишки ислер уйымларының өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў саласындағы қадағалаў жумысының түрлери менен усыллары заман талапларына жуўап бермейди. Атап айтқанда, төмендегилер бул бағдардағы системалы кемшиликлердиң қатарына киреди:

өрт қәўипсизлиги инспекторларының өзиниң функционаллық миннетлемелерин зәрүр дәрежеде орынламай атырғаны, тәжирийбесиз ис-ҳәрекетлерге жол қойып атырған жағдайлары бақланбақта, бул лаўазымларға тийисли жоқары мағлыўматы жоқ хызметкерлерди қабыл етиў системасы пайда болғаны, инспекторлар халық, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары менен толық бирге ислеспей атырғаны буған себеп болмақта;

системаға, соның ишинде, жедел хызметлер менен бирге ислесиў ҳәм өрт өшириў бөлимлериниң күшлерин және қуралларын басқарыў саласына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў жумыслары талап дәрежесинде жолға қойылмаған.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-апрельде қабыл етилген «Ишки ислер уйымларының жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, жәмийетлик тәртипти, пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўде олардың жуўапкершилигин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық және барлық дережедеги буўынлардың өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў жумысын жетилистириў мақсетинде:

1. Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыўдағы төмендеги тийкарғы бағдарлардың орынланыўын тәмийинлеў Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң ең әҳмийетли ўазыйпасы деп есаплансын:

бириншиден, өртлер профилактикасының алдынғы түрлерин ҳәм усылларын енгизиў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў арқалы өрт қәўипсизлиги хызмети системасын жетилистириў, ҳәр бир инспектор өз хызмет миннетлемелерин «Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў – ең баслы ўазыйпа» принципи тийкарында сөзсиз орынлаўын тәмийинленсин;

екиншиден, Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызмети (буннан кейин – МӨҚХ) бөлимлериниң өрт қадағалаўын ҳәм өрт профилактикасын әмелге асырыў бойынша жумысын шөлкемлестириўдиң өрт қәўипсизлиги инспекторларының тийкарғы ўазыйпалары менен функцияларын анық белгилеўди ҳәм бөлистириўди нәзерде тутатуғын сапа жағынан жаңа тәртипти орнатыў;

үшиншиден, халық пенен жақыннан ислесиў, исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиў арқалы өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў системасына исенимди арттырыў;

төртиншиден, өртти өшириў күшлерин ҳәм қуралларын басқарыў, сондай-ақ, өртке қарсы қадағалаў жумысы саласына заманагөй илимий-техникалық жетискенликлерди ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў;

бесиншиден, өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң кадрлар потенциалын жақсылаў, хызметкерлердиң кәсиплик таярлығын ҳәм маманлығын арттырыў системасын жетилистириў, тараўда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў;

алтыншыдан, МӨҚХ жеке қурамында жоқары хызмет интизамын тәмийинлеў, оны материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық-ҳуқықый қорғаў арқалы нәтийжели хызмет етиў ушын шараятлар жаратыў.

2. Өзбекистан Республикасының «Өрт қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызамына муўапық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, жергиликли мәмлекетлик уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына оларға қараслы объектлер менен аймақларда өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етиў ушын жуўапкершилик жүкленгени атап өтилсин.

Жоқарыда көрсетилген лаўазымлы шахслар ҳәр шеректе өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилислер өткериўи, олар шеңберинде өзине қараслы объектлер ҳәм аймақлардың өртке қарсы жағдайын сын көз-қарстан талқылап барыў шәрт екени белгилеп қойылсын.

3. МӨҚХ Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги системасында бирден-бир мәмлекетлик өртти қадағалаў уйымы есапланатуғыны;

МӨҚХ ның мәмлекетлик өрт  қәўипсизлигин әмелге асыратуғын лаўазымлы шахслары өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўин қадағалаў бойынша илажларды өткериўде өзиниң миннетлемелерин орынламағаны ямаса зәрүр дәрежеде орынламағаны ушын жеке жуўапкер екенлиги белгиленсин.

4. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

районлық (қалалық) ҳәм объектлердиң өрт қәўипсизлиги бөлимлери (бөлимшелери)нде өрт қәўипсизлиги мәмлекетлик өрт қадағалаўын ҳәм өрт профилактикасын әмелге асырыў бойынша бийғәрез бөлимлер (топарлар) шөлкемлестириў ҳәм өрт қәўипсизлиги инспекторларының лаўазымларын өрт өшириў бөлимлериниң қурамынан шығарыў ҳаққындағы;

өрт қәўипсизлиги инспекторларының жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде  олардың ҳәр бирине хызмет аймағы шеңберинде белгили бир секторды бириктириў  ҳаққындағы;

МӨҚХ өрт техникасы паркин ҳәм арнаўлы үскенелерди үзликсиз жаңалаў мақсетинде ҳәр жылы 38 тийкарғы өрт өшириў автомобилин, стреласының узынлығы 35 метрге шекем болған 6 өрт автозәнгисин, 1000 өртти өшириў жеңлери комплектин, дем алыў ағзаларын қорғайтуғын 300 аппарат ҳәм басқа да өрт-техника мүлкин сатып алыў ҳаққындағы;

МӨҚХ техника хызметиниң аймақлық бөлимшелерине физикалық ҳәм юридикалық шахслардың арнаўлы техникасына ҳәм үскенелерине техникалық хызмет көрсетиў, оңлаў ҳәм диагностика хызметлерин көрсетиў ҳуқықын бериў ҳаққындағы.

5. Төмендегилер:

оғада үлкен мәмлекетлик әҳмийетке ийе ямаса өрт ҳәм жарылыў қәўпи болған объектлердеги өрт қәўипсизлиги   басқармаларының (бөлимлериниң, бөлимшелериниң) үлги структуралары 8, 9, 10-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрине:

Қаржы министрлиги менен келисе отырып шәртнама тийкарында хызмет көрсетиўден түскен қаржылардың есабынан ишки ислер уйымлары өрт қәўипсизлиги бөлимлери хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў;

МӨҚХ ның шәртнама тийкарында хызмет көрсетиўден түскен қаржылар есабынан тәмийинленетуғын бөлимшелериниң структурасына ҳәм штат бирликлерине өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.

6. Ҳәптениң ҳәр сәршемби күни «Өртлер профилактикасы күни» деп белгиленсин ҳәм МӨҚХ ға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:

халықтың, шөлкемлердиң ҳәм билимлендириў мәкемелериниң арасында өрт қәўипсизлиги илажларына әмел етиў ҳаққында кең түсиник жумыслары алып барыў, өртлердиң алдын алыўға ҳәм табыслы сапластырыў илажларына жәмийетшиликти кеңнен тартыў;

мәҳәлле белсендилери менен биргеликте үйме-үй жүрип, түсиник жумысларын әмелге асырыў, олардың жуўмағында өртке қарсы жағдай бойынша анықланған кемшиликлерди пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында додалаў;

барлық дәрежедеги ҳәкимлер менен биргеликте жүз берген ири ҳәм өзине тән өзгешеликке ийе өртлердиң себеплерин, өрт пайда болыўына алып келген шараятларды және тийисли аймақлардағы объектлердиң өртке қарсы жағдайын терең ҳәм сын көз-қарастан талқылаўды шөлкемлестириў, оның жуўмағында өрттиң алдын алыў ҳәм оны сапластырыў ушын шараятлар жаратыўға қаратылған «Жол карталары»н ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

оғада әҳмийетли мәмлекетлик әҳмийетке ийе ямаса өрт ҳәм жарылыў қәўпи жоқары болған объектлерде өрт қәўипсизлигин беккемлеў, олардың басшылары менен өрт-тактикалық оқыў ҳәм шынығыўлар, түсиник жумысларын шөлкемлестириў бойынша илажлар комплексин әмелге асырыў;

ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, интернет тармағында өртлердиң, олардың себеплериниң және өртлердиң алдын алыў ҳәм өрт пайда болғанда қалай ҳәрекет етиў ҳақындағы мағлыўматларды сәўлелендириў;

Өзбекистан Миллий  телерадиокомпаниясы менен келисилген ҳалда белгили бир орайлық ҳәм ўәлаятлық телеканалларда өртке байланыслы ўақыяларды, олардың жүзеге келиў себеплерин ҳәм шараятларын сәўлелендириўге бағышланған арнаўлы мәлимлеме көрсетиўин, сондай-ақ, ўақыяларды сәўлелендириў топарлары тәрепинен таярланатуғын өрт пайда болған орынлардан оларды сапластырыў бойынша жедел репортажларды эфирге жеткерип бериў.

7. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси. ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, қалалар ҳәм районлар ҳәкимликлери жанында өрт қәўипсизлиги бойынша комиссиялар шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер олардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, өрттиң келип шығыў себеплерин ҳәм шараятларын анықлаў, оларды сапластырыўға қаратылған илажлар комплексин әмелге асырыў;

тастыйықланған реже – кестелерге муўапық системалы тийкарда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары баслықларының қатнасыўында мәҳәллелердиң аймағында өртке қарсы шынығыўлар өткериў, онда өртти өшириў автомобильлериниң өтиў жолларын ҳәм суў дәреклериниң жағдайын үйрениў;

мәмлекетлик уйымлардың, исбилерменлик субъектлериниң ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының өрт профилактикасы саласындағы жумысын муўапықластырыў;

тараўда әмелге асырылып атырған илажларды баҳалаў ҳәм мониторинг етиў, олардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

аўыллық жерлерде ҳәм узақ елатлы пунктлерде ықтыярлы өрт өшириў бөлимшелерин шөлкемлестириўге көмеклесиў, оларды материаллық ҳәм социаллық хошаметлеў.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, қала ҳәм районлардың ҳәкимлериниң орынбасарлары тийислисинше өрт қәўипсизлиги бойынша комиссиялардың баслықлары болып есапланатуғыны;

комиссия қурамына аймақлық өрт қәўипсизлиги басқармалары (бөлимлери, бөлимшелери), мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм пуқаларадың өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары киретуғыны;

комиссия мәжилислери ҳәр шеректе кеминде бир мәрте, сондай-ақ, өрт қәўипсизлиги саласындағы жағдайдан келип шығып өткерилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы комиссиялар Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине есап беретуғыны;

Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы мәлимлеме-талқылаў ҳәм басқа да материалларды таярлаў, улыўмаластырыў және Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў ушын жуўапкер жумысшы уйым болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине (А.Арипов):

бир ай мүддетте Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызмети, Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги бас басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы Өрт қәўипсизлиги бойынша комиссиялар ҳаққындағы режелерди тастыйықласын;

еки ай мүддетте МӨҚХ ны арнаўлы өрт-техника ҳәм изертлеў үскенелери, байланыс қураллары және хызмет кийими менен басқышпа-басқыш тәмийинлеўди, өрт қәўипсизлиги бөлимшелериниң имаратлары  менен объектлерин қурыўды, реконструкциялаўды, ири оңлаўды нәзерде тутатуғын комплексли бағдарламаларды тастыйықласын;

еки ай мүддетте кәрханалардың, соның ишинде, базар ҳәм ири саўда комплекслериниң өртке қарсы жағдайы ушын жуўапкер штатта туратуғын ҳәм штаттан тысқары лаўазымлы шахслардың жумысын шөлкемлестириў және материаллық хошаметлеў. сондай-ақ, бул объектлердиң өрттен қорғаў системалары менен қуралларын белгиленген талапларға муўапық жағдайларға келтириў системасын сын көз-қарастан қайта қарап шықсын ҳәм нәтийжели механизмин жаратсын;

үш ай мүддетте өрт қәўипсизлиги инспекторлары, сондай-ақ, жоқары кәсиплик шеберлигин көрсетип атырған, өртлердиң алдын алыўға ҳәм өшириўге салмақлы үлес қосып атырған өрт өшириў бөлимлериниң әпиўайы хызметкерлериниң қурамын ҳәм хызметкерлерди материаллық хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын;

үш ай мүддетте ықтыярлы өрттен сақлаў хызмети бөлимлерин ҳәм жас өрт өшириўшилер дружиналарын шөлкемлестириў ҳәм жумысын тәмийинлеў мәселелерин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлесин;

2017-жылдың q-сентябрине шекем Өрт өшириў  күшлери менен қуралларын басқарыў ҳәм муўапықластырыў орайлары, Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс орайларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған илажлар комплексин тастыйықласын.

9. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине (А.Раматов):

еки ай мүддетте qq-қосымшада келтирилген дизим бойынша өрт-техника өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен мәмлекетлик унитар кәрханасын шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылсын ҳәм тийисли усыныслар киргизилсин;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети (Б.Зокиров) пенен биргеликте имаратларды, объектлерди жойбарластырыўда ҳәм қурыўда заманагөй өртке қарсы қорғаўшы техникалық қураллардың қолланылыўын тәмийинленсин.

10. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети  (У.Розуқулов) еки ай мүддеттте өрт қәўипсизлиги бөлимшелериниң автомобильлер ҳәм басқа да арнаўлы техника менен мәнзилли тәмийинлениўин, сондай-ақ, ири өндирис кәрханалары ҳәм саўда комплекслери (базарлар) тәрепинен елимизде ислеп шығарылған өрт автотехникасын ҳәм үскенелерин сатып алыўды нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети қарарының жойбарын тастыйықлаў ушын киргизсин.

11. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигине (А.Азизов):

а) Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы (Х.Мирзоҳидов) ҳәм «Өзбеккино» миллий агентлиги (О.Мусаев) пенен биргеликте ҳәр шеректе орайлық ҳәм аймақлық телеканалларда:

темаға байланыслы көрсетиўлер, өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етилиўин тәмийинлемей атырған кәрханалар ҳәм олардың басшылары сынға алынған репортажлар, аймақлық өрт қәўипсизлиги бойынша комиссиялардың баслықлары, өрт қәўипсизлиги уйымларының ўәкиллери, тараўдағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына жол қойған лаўазымлы шахслардың тиккелей қатнасыўында әҳмийетли мәселелердиң додаланыўына бағышланған тематикалық көрсетиўлер, соның ишинде, «ток-шоу»лар;

халықтың өрт пайда болғанда қалай ҳәрекет етиўи және өртлердиң алдын алыў мәселелери ҳаққында мағлыўмат беретуғын видеокөрсетиўлер ҳәм ҳүжжетли фильмлер берилиўин шөлкемлестирсин;

б) Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги (М.Ҳазратқулов) пенен биргеликте баспа ғалаба хабар қуралларында өрт қәўипсизлиги саласында әмелге асырылып атырған илажларды, өткерилген тексериўлердиң нәтийжелерин, анықланған өрт қәўипсизлиги талапларының бузылыў жағдайларын өртке жол қойған шахсларды көрсете отырып сәўлелендириўди шөлкемлестирсин.

12. МӨҚХ басқарыў уйымларын ҳәм бөлимшелерин қаржылай ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны, шөлкемлер  менен дүзилген шәртнамалар тийкарында шөлкемлестирилетуғын бөлимшелер буған кирмейтуғыны;

шөлкемлер  менен дүзилген шәртнамалар тийкарында шөлкемлестирилген МӨҚХ бөлимшелери усы шөлкемлердиң қаржылары есабынан тәмийинленетуғыны;

 МӨҚХ бөлимшелериниң жумысын муўапықластырыў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте МӨҚХ қәрежетлер сметасына муўапық Өзбекистан Республикасы  Қаржы министрлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны, шәртнамалар тийкарында шөлкемлестирилген бөлимшелер буған кирмейтуғыны белгилеп қойылсын.

13  Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигине (А.Азизов):

еки ҳәпте мүддетте МӨҚХ бөлимшелериниң штат кестесин, 2017-2025-жылларда офицерлер қурамы лаўазымларын толықтырыў реже-кестелерин тастыйықласын;

еки ай мүддетте өрт қәўипсизлиги инспекторларына шеберлик талапларын ҳәм олардың кәсиплик уқыплылығын баҳалаўдың рейтинг системасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

еки ай мүддетте «Өрттеги ерлик ушын» ҳәм «Өрттен сақлаў хызмети ағласы» ведомстволық көкирек белгисин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар бойынша усыныслар киргизсин.

14. Қаржы министрлиги (Б.Хўжаев) Ишки ислер министрлиги (А.Азизов) пенен биргеликте 2018-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет параметрлерин ислеп шығыўда  Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң топланған қәрежетлер сметасына тийисли өзгерислер киргизе отырып, МӨҚХтың 2018-жылғы қәрежетлер сметасын тастыйықлаўды ҳәм дизимнен өткериўди нәзерде тутсын.

15. Ишки ислер министрлиги (А.Азизов) Мийнет министрлиги (А.Абдуҳакимов) ҳәм Қаржы министрлиги (Б.Хўжаев) менен биргеликте еки ай мүддетте шет ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында  Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине МӨҚХ қәнигелестирилген бөлимлери хызметкерлери айрықша лаўазымларының улыўма белгиленген пенсия жасын азайтыў ҳаққында тийкарланған усыныслар киргизсин.

16. Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмай атырған ҳәм усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған дизимлер бойынша сырттан алып келинетуғын әсбап-үскенелер, техника байланыс системалары менен қураллары, бағдарламалық өнимлер ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар 2025-жылдың 1-январына шекем бажыхана төлемлеринен азат етилсин (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымлары буған кирмейди).

17. Усы Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи О.Б.Муродовқа, Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Ж.Раматовқа,  Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министри А.А.Азизовқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 23-май

***

Өзбекистан Республикасы Президенти Ишки ислер уйымларының өрт қәўипсизлиги бөлимлериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққындағы қарарына қол қойды.

Усы ҳүжжетке муўапық өрт қәўипсизлигин барлық дәрежеде тәмийинлеўге байланыслы жумысты жетилистириў мақсетинде:

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, сондай-ақ, орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқараларадың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына оларға қараслы объектлерде және аймақларда өрт қәўипсизлиги талапларына әмел етиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленди;

жоқарыда атап өтилген лаўазымлы шахслар ҳәр шеректе өзлерине қараслы объектлер менен аймақлардағы өртке қарсы жағдайды сын көз-қарастан талқылаўы зәрүрлиги белгиленди.

Қарарда ҳәптениң ҳәр сәршемби күни «Өртлер профилактикасы күни» деп белгиленди ҳәм Мәмлекетлик өрт қәўипсизлиги хызметине төмендеги тийкарғы ўазыйпалар жүкленди:

барлық дәрежедеги ҳәкимлер менен биргеликте жүз берген үлкен өртлердиң себеплерин ҳәм олардың пайда болыўына алып келген шараятларды терең және сын көз-қарастан талқылаў ҳәм сол талқылаўлардың жуўмағы бойынша өртлердиң алдын алыўға қаратылған «Жол карталары» тастыйықланады.

мәмлекетлик әҳмийетке ийе айрықша объектлерде өрт қәўипсизлигин беккемлеў, сондай-ақ, өрт-тактикалық оқыў шынығыўларын ҳәм сол объектлердиң басшылары арасында түсиник жумысларын шөлкемлестириўге байланыслы комплексли илажлар өткериў;

орайлық ҳәм ўәлаятлық телеканалларда өртке байланыслы ҳәдийселерди көрсетиў бойынша арнаўлы мәлимлеме көрсетиўлерин, сондай-ақ, өрт жүз берген орынлардан ҳәм оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында жылдам репортажлар таярлап эфирге узатыў.

Усы қарарға муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, қала ҳәм районлардың ҳәкимликлери жанында өрт қәўипсизлиги бойынша комиссиялар шөлкемлестирилетуғынын айрықша атап өтиў зәрүр.

Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, өрттиң жүз бериўине алып келетуғын себеплер менен шараятларды анықлаў ҳәм сапластырыў, өртлердиң алдын алыў саласында мәмлекетлик уйымлар, исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў, аўыллық жерлерде ҳәм узақ елатлы пунктлерде ықтиярлы өрт бөлимшелерин шөлкемлестириўге көмеклесиў және оларды материаллық ҳәм социаллық хошаметлеў комиссиялардың тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.

Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı

Поделиться