Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Президенти Россия ишки ислер министрин қабыл етти
2017-05-23 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев we-май күни елимизге әмелий сапар менен келген Россия Федерациясы ишки ислер министри Владимир Колокольцевти қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, еки елдеги ҳуқық қорғаў уйымларының терроризмге, экстремизмге, шөлкемлескен жынаятшылыққа, наркотрафик ҳәм қурал-жарақлардың нызамсыз айланыўына қарсы гүресиў саласындағы өз-ара белсенди бирге ислесиўди даўам еттириў оғада әҳмийетли екенин атап өтти.
Ушырасыўда Президентимиздиң усы жыл 4-5-апрель күнлери Россия Федерациясына жоқары дәрежедеги сапар етиўи даўамында қабыл етилген еки тәреплеме, соның ишинде, миграция саласына байланыслы келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ҳуқық қорғаў структуралары ушын кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша системалы және узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыў тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында атап өтилди.
Россия ишки ислер министри Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң жақсы тилеклерин жеткерди.
В. Колокольцев елимиздиң ишки ислер уйымларының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады және еки елдиң ҳуқық қорғаў ведомостволары арасында кең көлемли бирге ислесиўге таяр екенин атап өтти.
Дерек: Qaraqalpaqstan Respublikasınıń mámleketlik húkimet portalı