Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан Президенти Түркменистан£а келди

2017-05-20 | Сиясат

Түркменбашы, 19-май. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Абу Бакир Оразов хабарлайды.

Өзбекистан Республикасы    Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменистан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 19-май күни әмелий сапар менен Түркменистанға келди.Түркменбашы халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине Өзбекистан ҳәм Түркменистанның мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Түркменбашы қаласында болып өтетуғын ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер Президентимиздиң усы жыл 6-7-март күнлери Түркменистанға мәмлекетлик сапары шеңберинде өткен жоқары дәрежедеги сойлесиўдиң логикалық даўамы болып, оларда еллеримиз арасында сиясий,   саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитар ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўге байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланады, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылады.

Еки мәмлекет Президентлериниң сөйлесиўлери жуўмағында түрли тараўлардағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған ҳүкиметлераралық, ведомостволараралық ҳәм басқа да бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған. Еллеримиздиң исбилермен топарлары ўәкиллери арасында өз-ара пайдалы  коммерциялық шәртнамаларға ҳәм келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев «Аваза» миллий туристлик зонасының «Камалак» балалар кеўилашар бағында өзбекистанлы балалар менен ушырасты.

Быйылғы май айы басында Президентимиз Шавкат Мирзиёев пенен Түркменистан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедовтың телефон арқалы сөйлесиўинде Түркменистан Президенти Каспий бойындағы балалар саламатландырыў орайлары өзбекистанлы балаларды қабыл етиўге таяр екенлигин билдирген еди.

Усы мирәт етиўге бола Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәләятларынан 100 бала «Даянч» балалар саламатландырыў орайына жиберилди. Шавкат Мирзиёев балалар менен дем алыў тәсирлери, түркменистанлы заманласлары менен дослық қатнасықлары ҳаққында сәўбетлести, саламатландырыў орайында жаратылған қолайлықлар менен қызықсынды. Балаларға саўғалар берди.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Түркменистанға әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА

Поделиться