Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
«Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў ҳаққында
2017-05-19 | Ҳүжжетлер
Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Елимиздиң гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, суў-энергетика ресурсларын басқарыўдың бирден-бир системасын қәлиплестириў, электр энергия ислеп шығарыў қурамында қайта тикленетуғын гидроэнергетика ресурсларының үлесин избе-из арттырыў, жаңа экологиялық таза энергия пайда ететуғын қуўатлықларды шөлкемлестириў, бар гидроэлектростанцияларды техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў, гидроэнергетиканы раўажландырыўға шет ел инвестицияларын кеңнен тартыў ҳәм сол тийкарда кәрханалар менен халықтың электр энергияға болған талабын және де толығырырақ қанаатландырыўды тәмийинлеў мақсетинде:
1. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетиниң:
«Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетиниң гидроэлектростанцияларын, гидротехника ҳәм басқа да гидроэнергетика менен байланыслы бөлимлери;
Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң «Өзсуўэнерго» бирлеспеси тийкарында «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
2. «Өзбекгидроэнерго» АЖ Министрлер Кабинетиниң Геология, жанылғы-энергетика комплекси, химия, нефть-химия ҳәм металлургия санааты мәселелери комплексиниң қурамына киретуғыны белгилеп қойылсын.
3. Төмендегилер «Өзбекгидроэнерго» АЖның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
гидроэлектростанцияларда электр энергиясын ислеп шығарыў саласында бирден-бир техникалық сиясатты әмелге асырыў, гидротехникалық объектлерден қәўипсиз ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, гидроэнергетика объектлерин орайластырылған технологиялық жақтан басқарыў;
гидроэнергетика потенциалын комплексли өзлестириў тийкарында гидроэнергетика саласын раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў және республикамыздың энергетика балансы қурамында гидроэнергетиканың үлесин көбейтиўди тәмийинлеў;
ири, орта, киши ҳәм микро гидроэлектростанцияларды жойбарластырыў ҳәм қурыў саласында заманагөй ҳәм ҳәр тәреплеме терең тийкарланған илимий-техникалық шешимлер тийкарында жаңа гидроэлектростанциялар қурыў және ислеп турғанларын модернизациялаў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў;
жаңадан гидроэлектростанциялар қурыў ҳәм ислеп турғанларын модернизациялаў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға шет ел инвестицияларын ҳәм алдыңғы технологияларды тартыў бойынша халықаралық компаниялар және қаржы институтлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў;
республикамыздың суў потенциалына үнемлилик пенен қатнас жасаўды тәмийинлеў, гидротехника объектлерин қурыў ҳәм олардан пайдаланыўда бар флора ҳәм фаунаны сақлаў, сондай-ақ, елимиздиң ықлымын, тәбийғый ҳәм басқа да өзгешеликлерин есапқа ала отырып суў ресурсларын нәтийжели басқарыў;
гидроэнергетика саласында жоқары ҳәм орта мағлыўматқа ийе болған кадрларды системалы тийкарда таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў.
4. «Өзбекгидроэнерго» АЖ «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетиниң гидроэлектростанциялары, гидротехника ҳәм басқа да гидроэнергетика менен байланыслы бөлимлери, Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң «Өзсуўэнерго» бирлеспеси, соның ишинде, халықаралық қаржы институтлары, шөлкемлер ҳәм донор еллер менен дүзилген әмелдеги келисимлер шеңберинде ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқор есапланатуғыны;
«Өзбекгидроэнерго» АЖ «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетиниң гидроэлектростанциялары, гидротехникалық ҳәм басқа да гидроэнергетика менен байланыслы бөлимлери, Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң «Өзсуўэнерго» бирлеспеси, «ТўполангсувГЭСқурилиш» ЖШЖның, соның ишинде, халықаралық қаржы институтлары, шөлкемлер ҳәм донор еллер менен дүзилген әмелдеги келисимлер шеңберинде ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгиленсин.
5. «Өзбекгидроэнерго» АЖға Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-майдағы ПҚ-2947-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасының өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша атқарыўшы және жуўапкер уйым ўазыйпасы жүкленсин.
«Өзбекгидроэнерго» АЖ ның гидроэлектростанцияларында ислеп шығылған электр энергиясын сатыўдан түскен қаржылар, жумыс алып барып атырған гидроэлектростанцияларды сақлап турыў қәрежетлерин шегирип таслаған ҳалда, қайта инвестициялаў жолы менен Бағдарламада нәзерде тутылған жаңа гидроэлектростанциялар қурыўға ҳәм ислеп турғанларын модернизациялаўға бағдарланатуғыны және юридикалық шахслардың пайда салығы салық базасынан шығарылатуғыны;
«Өзбекгидроэнерго» АЖның гидроэлектростанцияларында ислеп шығылған электр энергия ушын ҳақы төлеў қосымша қун салығын есапқа алған ҳалда тутыныўшылар ушын соңғы тарифтиң 85 проценти муғдарында қәлиплестирилетуғын тарифлер бойынша әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
6. Энергетика системасы турақлы ҳәм исенимли ислеўин тәмийинлеў мақсетинде «Өзбекэнерго» АЖ:
Миллий диспетчерлик орайы арқалы «Өзбекгидроэнерго»АЖ кәрханаларының жылдам-диспетчер басқарыў мәселелери улыўма муўапықластырылатуғыны;
«Өзбекэнерго» АЖ кәрханалары тәрепинен ислеп шығылған электр энергияның 100 процент сатып алыныўын әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.
7. «Өзбекэнерго» АЖны шөлкемлестириў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў муўапықластырыў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў бойынша қосымшаға муўапық қурамда Жумысшы комиссия шөлкемлестирилсин.
Жумысшы комиссия (Ғ.И.Ибрагимов) терең ҳәм талқыланған сын көз-қарас тийкарында Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекгидроэнерго» жәмийетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын тастыйықлаў ушын бир ҳәпте мүддетте белгиленген тәртипте киргизсин, онда «Өзбекгидроэнерго» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханалардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажларын нәзерде тутсын.
8. Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзбекгидроэнерго» АЖ Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
9. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 18-май
Өзбекистан Рсеупбликасы Президентиниң 2017-жыл 18-майдағы «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманына
ТҮСИНИК
Өзбекистан гидроэнергетика ресурсларына бай ел болып есапланады. Бул бағдарда республикамызда өзлестирилиўи мүмкин болған гидроэнергетика ресурсларына жылына 27,4 миллиард киловатт/саат электроэнергия ислеп шығарыў көлемине тең екенин айтыўдың өзи жеткиликли. Соның менен бирге, ҳәзир елимиздиң гидроэнергетика потенциалының тек ғана 6,5 миллиард киловатт/сааты ямаса 23,7 проценти өзлестирилген.
Гидроэнергетика ресурслары тәбийғый, экологиялық жақтан таза ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреги болғаны себепли олардан пайдаланыўды ҳәр тәреплеме кеңейтиў республикамыздың заманагөй раўажланыў стратегиясына сәйкес болып есапланады. Бул санаат ҳәм коммуналлық кәрханаларда, аўыл хожалығы ҳәм аймақларда халықтың электр энергиясына болған артып атырған талабын кепилликли қанаатландырыўды, елимиздеги органикалық жанылғы резервлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм оларды үнемлеўди, сондай-ақ, қоршаған орталыққа зыянлы шығындылардың шығарылыўы азайтылыўын тәмийинлейди.
Бүгинги күнде Өзбекистанның гидроэнергетика саласы 36 гидроэлектростанцияларды өз ишине алады, олардан 25 и қырық-сексен жыл бурын иске түсирилген ҳәм өзиниң техникалық ресурсларын дерлик өтеп болған, әсбап-үскенелер менен объектлер модернизациялаўға ҳәм реконструкциялаўға мүтәж.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-майдағы 2017-2021-жылларда гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы ҳаққындағы ПҚ-2947-санлы қарары республикамыздың гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, электрэнергиясын ислеп шығарыў қурамында қайта тикленетуғын гидроэнергетикалық ресурслардың үлесин арттырыў, жаңа экологиялық таза өндирислик қуўатлықларды жаратыў және бар гидроэлектрстанцияларды техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеў мақсетинде қабыл етилди.
Гидроэлектрстанциялардың улыўма санынан жылына орташа 5,2 миллиард киловатт/саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 28 «Өзбекэенрго» акционерлик жәмийети системасына киретуғынын, жылына орташа 1,3 миллиард киловатт/саат электрэнергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе 8 гидроэлектростанция болса Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги қарамағындағы «Өзсуўэнерго» бирлеспесиниң қарамағында екенин атап өтиў керек. Бул сыяқлы бөлиниў соңғы нәтийжеде гидроэнергетика саласын техникалық басқарыўдың зәрүрий бир пүтинлигин тәмийинлемейди.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң Пәрманы менен елимиздиң суў-энергетика ресурсларын басқарыўдың бирден-бир системасын қәлиплестириў, гидроэнергетиканы раўажландырыўға избе-из түрде шет ел инвестицияларын кеңнен тартыў ҳәм сол тийкарда кәрханалардың және халықтың электр энергияға болған талабы толық қанаатландырылыўын тәмийинлеў мақсетинде бурын «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети қурамына кирген, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң «Өзсуўэнерго» бирлеспесине қараслы болған барлық гидроэлектростанцияларды бирлестиретуғын «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
«Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетине төмендеги әҳмийетли ўазыйпалар жүкленбекте:
гидроэлектростанцияларда электр энергиясын ислеп шығарыў саласында бирден-бир техникалық сиясатты әмелге асырыў, гидротехникалық қурылмалардан қәўипсиз және нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, гидроэнергетика объектлерин орайластырылған технологиялық басқарыў;
гидроэнергетика потенциалын комплексли өзлестириў тийкарында гидроэнергетика саалсын раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў және республикамыздың энергетика балансы қурамында гидроэнергетиканың үлесин көбейтиўди тәмийинлеў;
ири, орта, киши ҳәм микро гидроэлектростанцияларды жойбарластырыў ҳәм қурыў саласында заманагөй және ҳәр тәреплеме терең тийкарланған илимий-техникалық шешимлер тийкарында жаңа гидроэлектростанцияларды қурыў ҳәм ислеп турғанларын модернизациялаў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў;
жаңа гидроэлектростанцияларды қурыў ҳәм ислеп турғанларын модернизациялаў бойынша жойбарларды әмелге асырыўға шет ел инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларды тартыў бойынша халықаралық компаниялар және қаржы институтлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў;
республикамыздың суў потенциалына үнемлилик пенен қатнас жасаўды тәмийинлеў, гидротехника қурылмаларын қурыў ҳәм олардан пайдаланыўда бар флора ҳәм фаунаны сақлаў, сондай-ақ, елимиздиң ықлым, тәбийғый ҳәм басқа да өзгешеликлерин есапқа ала отырып, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў;
гидроэнергетика саласында жоқары ҳәм орта арнаўлы мағлыўматқа ийе болған кадрларды системалы тийкарда таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў.
Өз гезегинде, «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетине Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-майдағы ПҚ-2947-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша атқарыўшы және жуўапкер уйым болған функциялары жүкленгенин атап өтиў керек.
Елимиздиң энергетика системасының турақлы ҳәм исенимли жумысын тәмийинлеў мақсетинде «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетиниң төмендеги ҳуқықлары сақлап қалынды:
әмелдеги Миллий диспетчерлик орайы арқалы «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети кәрханаларын жедел-диспетчерлик басқарыў мәселелерин бир пүтин муўапықластырыў;
«Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылатуғын электр энергиясын жүз процент сатып алыў.
Пәрманның орынланыўы шеңберинде қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары менен шөлкемлестирилип атырған «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетиниң структурасы тастыйықланды ҳәм оның устав қорын қәлиплестириў және шөлкемлестириў ҳүжжетлерин тастыйықлаўға байланыслы тийисли тапсырмалар берилди.
«Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетине республикамызда ҳәм шет елде, соның ишинде, жетекши шет елли инжиниринг, консалтинг ҳәм қурылыс компаниялары менен биргеликте инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў ушын консорциумлар ҳәм қәнигелескен сыңар кәрханалар шөлкемлестириўге руқсат берилди.
Қабыл етилген қарар менен «Гидрожойбар» акционерлик жәмийети «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетиниң инвестициялық жойбарлары бойынша жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығарыў бойынша бас жойбарлаўшы етип белгиленди, «ТўполангсувГЭСқурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине болса халықаралық қаржы институтларының ҳәм донор еллердиң шәртлери тийкарында әмелге асырылатуғын инвестицялық жойбарлардан тысқары «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети объектлерин қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша бас бөлип алып ислеўши функциялары жүкленди.
Өз гезегинде, «Гидрожойбар» акционерлик жәмийетине «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийети менен келисе отырып, гидроэнергетика объектлерин қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша инвестициялық жойбарлар шеңберинде жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын ең жақсы жергиликли және шет елли қәнигелестирилген жойбарлаў ҳәм инжиниринг шөлкемлерин, сондай-ақ, жетекши қәнигелер менен экспертлерди, суб бөлип алып ислеўшилер сыпатында олардың жумысын муўапықластыра отырып, шәртнама тийкарында тартыў ҳуқықы берилди.
Гидроэнергетика саласының жоқары ҳәм орта арнаўлы мағлыўматлы, кәсип-өнерге ийе маман кадрларға болған талабын анықлаў ҳәм оларды республикамыздың жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәм кәсип-өнер клледжлеринде, ведомстволық бойсыныўына қарамастан, таярлаў бойынша жуўапкер уйымның функциялары «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетине жүкленди.
Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў орайы Өзбекистан Республикасы Мийнет министрлиги ҳәм «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетине басқа да мәпдар министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери менен биргеликте орынлаў ушын төмендеги тапсырмалар берилди:
гидроэнергетика саласы ушын маман кадрлар таярлаў бойынша жоқары мағлыўмат бағдарлары ҳәм қәнигеликлери, орта арнаўлы, кәсип-өнер бағдарлары, кәсиплери менен қәнигеликлериниң дизимин және оларды таярлайтуғын жоқары билимлендлириў мәкемелерин ҳәм кәсип-өнер колледжлерин анық белгилеў;
гидроэлектростанцияларда, гидротехника ҳәм гидроэнергетика менен байланыслы кәрханалар менен шөлкемлерде мәжбүрий оқытыў, әмелият ҳәм тәжирийбе өтеўди киргизе отырып, билимлендириў стандартларын, оқыў режелери менен бағдарламаларын заман талаплары және халықаралық тәжирийбе тийкарында сын көз-қарастан қайта көрип шығыў;
ҳәр жылы қәнигелестирилген жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелерине қабыллаў квоталарын қәлиплестириў даўамында 2017-2021-жылларда гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў бойынша қабыл етилген Бағдарламаның әмелге асырылыўын есапқа ала отырып, гироэнергетика саласының маман қәнигелерге болған ҳақықый талабын инабатқа алыў;
жоқары билимлендириў мәкемелерин ҳәм кәсип-өнер колледжлерин питкериўшилердиң таңлаған кәсиплери ҳәм қәнигеликлери бойынша гидроэнергетика саласындағы кәрханалар менен шөлкемлерде жумыс пенен тәмийинлениўи үстинен қадағалаўды, сондай-ақ, биринши гезекте, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери басшыларының жуўапкершилигин арттырыўдың әмелий механизмлерин тәмийинлеў.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң қабыл етилген қарары менен Пәрманының әмелге асырылыўы төмендегилерге имканият жаратады:
бириншиден, республикамыздағы бар гидроэлектростанциялардың материаллық-техникалық базасын ҳәм оларға хызмет көрсететуғын қурылыс, монтажлаў, оңлаў, сазлаў, илимий жойбарлаў шөлкемлерин бирден-бир гидроэнергетика саласына бирлестириў;
екиншиден, электрэнергиясын ислеп шығарыўдың тәртибин муўапықластырыў, гидрэлектростанциялардың әсбап-үскенелерден ҳәм объектлерден көп жыллық қәўипсиз пайдаланыў стратегиясын әмелге асырыў, тараўды динамикалық раўажландырыў, ҳуқықый ҳәм нормативлик-методикалық базаны жетилистириў, жоқары маманлықтағы қәнигелерди қәлиплестириў арқалы гидроэнергетиканың шөлкемлестириўшилик, қаржы ҳәм технологиялық басқарыўды әмелге асырыў;
үшиншиден, заманагөй технологиялар ҳәм үскенелерди қолланып, оларды итималлы түрде жәмлеў ҳәм стандартластырыў, гидроэлектростанцияларды жойбарлаў, қурыў және қадағалаўда халықаралық илимий-техникалық жетискенликлерди қолланыў арқалы жоқары энергетика көрсеткишлерин ҳәм гидроэлектростанциялардың оптималь жумыс тәртибин ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў;
төртиншиден, елимиздеги гидроэнергетика ресурсларынан толық пайдаланыў, бар гидроэлектростанцияларды жаңалаў ҳәм толық ислеўин тәмийинлеў, Өзбекистан энергетика балансы қурамында гидроэнергетиканың үлесин арттырыў ушын ҳәр қыйлы қуўатлықлардағы гидроэлектростанцияларды қурыўды тәмийинлейтуғын гидроэнергетиканы басқышпа-басқыш раўажландырыў бағдарламасын енгизиў;
бесиншиден, бар тәбийғый потенциалға ҳәм қоршаған орталыққа итибарлы қатнас жасаў арқалы республикамызда суў ҳәм энергетика дәреклери комплексли өзлестирилиўин тәмийинлеў, энергетика, суў хожалығы, ирригация, ишимлик суўы және аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәплери жолында олардан ақылға уғрас пайдаланыў;
алтыншыдан, жоқары технологиялық мийнет етиўдиң абыройын хошаметлей отырып, гидроэнергетика саласында билим алыўға, көнликпе ҳәм маманлығын арттырыўға, турмыс тәризин және сапасын жақсылаўға умтылатуғын маман инженер-техник ҳәм кәсип-өнерли кадрларды әмелий таярлаў, көбейтиў ҳәм тәрбиялаў.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары елимиздиң энергетика еркинлигин күшейтиў, бар гидроэлектростанциялардан нәтийжели ҳәм қәўипсиз пайдаланыў, жоқары манёврлы ҳәм нәтийжели жаңа электр энергиясын ислеп шығарыў шөлкемлерин жаратыў арқалы Өзбекистанда бирден-бир гидроэнергетика саласын жаратыў жолындағы үлкен қәдем болып есапланады.