Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасының ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да тереңлестириў ҳаққында БИРЛИКТЕГИ БИЛДИРИЎИ
2017-05-18 | Сиясат
Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 11-13-май күнлери мәмлекетлик сапар менен Қытай Халық Республикасында болды.
Еки мәмлекет басшылары жыллы ҳәм дослық орталығында сөйлесиўлер өткерди, дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан соң өткен 25 жыл даўамында Өзбекистан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы (кейинги орынларда - «Тәреплер») арасында биргеликте ерисилген әҳмийетли жетискенликлерге жоқары баҳа берди, еки тәреплеме қатнасықлар және бирин-бири қызықтырған халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысты, булар бойынша кең консенсусқа еристи.
Тәреплер Өзбекистан Республикасы менен Қытай Халық Республикасы арасында дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққында 2013-жыл 9-сентябрьде қол қойылған Шәртнама ҳәм Өзбекистан Республикасы менен Қытай Халық Республикасы арасында 2016-жыл 22-июньде қол қойылған Бирликтеги билдириўге, сондай-ақ, басқа да еки тәреплеме шәртнамалар менен келисимлерге, сиясий исеним ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге, улыўма раўажланыўға, жетилисиўге ҳәм миллий тиклениўге ерисиў ушын бирликте избе-из ҳәрекет етиўге тағы бир мәрте өз-ара садық екенлигин билдирди және төмендегилерди баян етти:
I бөлим
Тәреплер өз-ара исенимге, бирге ислесиўге ҳәм мәпдарлыққа тийкарланған ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын тереңлестириў нийетлерин ашық-айдын билдирди. Тәреплер өз-ара сиясий исеним Өзбекистан - Қытай ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларының әҳмийетли тийкары екенин атап өтти. Тәреплер мәмлекетлик суверенитет, қәўипсизлик ҳәм аймақлық пүтинлик сыяқлы еки мәмлекет халықларының тийкарғы мәплери менен байланыслы мәселелер бойынша бир-бирин қоллап-қуўатлаўды даўам еттиреди.
Тәреплер өзлериниң аймақларында үшинши мәмлекетлер ямаса ҳәр қандай шөлкемлер яки топарлардың басқа да Тәрептиң мәмлекетлик суверенитетине, қәўипсизлигине және аймақлық пүтинлигине зыян келетуғын жумыс алып барыўға жол қоймайды.
Тәреплер халықаралық мәселелерде ҳәм еки тәреплеме қатнасықларда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Режесин ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормаларына әмел етилиўин, тең ҳуқықлылық, өз-ара түсинисиў ҳәм бир-бирлериниң мәплерин есапқа алыў принциплери тийкарында бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаўды ҳәм раўажландырыўды билдиреди.
Қытай тәрепи Өзбекистан Республикасының ғәрезсизликке ерискеннен соң өткен 26 жыл даўамында раўажланыўдағы үлкен жетискенликлерин жоқары баҳалайды, Өзбекистанның өзиниң ишки шараятларына муўапық бийғәрез таңлаған раўажланыў жолын исенимли қоллап-қуўатлайды, сондай-ақ, Өзбекистан ҳүкимети тәрепинен ишки турақлылықты тәмийинлеўди ҳәм турақлы социаллық экономикалық раўажланыўды алға қойыў ушын алып барылып атырған барлық ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайды.
Өзбекистан тәрепи «бирден-бир Қытай» сиясаты алып барылатуғынын турақлы қоллап-қуўатлайды, Қытай Халық Республикасы ҳүкимети пүткил Қытайды сәўлелендиретуғын бирден-бир нызамлы ҳүкимет екенин, Тайвань ҳәм Тибет болса Қытай аймағының ажыралмас бөлеги екенлигин және бир мәрте билдиреди. Өзбекистан тәрепи ҳәр қандай түрдеги «Тайвань ғәрезсизлиги»не қарсы шығады, Тайвань қолтығының еки тәрепи арасындағы қатнасықлардың тыныш раўажланыўы және елимизди тыныш жол менен бирлестириў мақсетинде Қытай ҳүкимети тәрепинен алып барылып атырған барлық ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайды.
II бөлим
Тәреплер әмелий бирге ислесиў Өзбекистан-Қытай ҳәр тәреплеме стартегиялық шериклик қатнасықлардың әҳмийетли структуралық бөлеги есапланатуғынын ашық-айдынлық пенен атап өтти.
Тәреплер әмелдеги еки тәреплеме ҳүжжетлерди ҳәм биргеликте келисилген жойбарларды ҳәр тәреплеме кең көлемде енгизиўди, «Бир мәкан, бир жол» шеңберинде саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы техникалық, транспорт коммуникациялық ҳәм аўыл хожалығы сыяқлы салаларда, сондай-ақ, санаат парклерин жаратыўда ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда бирге ислесиўди тереңлестириўди даўам еттиреди.
Тәреплер өз-ара саўдадағы қолда бар кең имканиятлар менен потенциалдан толық пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти және өз-ара саўда көлемин буннан былай да арттырып баратуғынлығын билдирди. Өзбекистан тәрепи өз-ара мәпдарлық тийкарында, сондай-ақ, Узақ мүддетли саўда ҳаққында 2009-жыл 14-октябрьде қол қойылған Келисимди әмелге асырыў шеңберинде аўыл хожалығы өнимин, тәбийғый ресурслар ҳәм энергожанылғы сыяқлы товарларды Қытай Халық Республикасына жеткерип бериўге таяр екенин билдирди.
Тәреплер 2016-жылдың июнь айында Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң Өзбекистан Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыўды даўам еттиреди.
Тәреплер Өзбекистан Республикасы Сыртқы экономикалық байланыслар, инвестициялар ҳәм саўда министрлиги менен Қытай Халық Республикасы Коммерциялық министрлиги арасында инвестициялық бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумы шеңберинде энергетика, гидроэнергетика, химия тармақларында, ирригация ҳәм мелиорация, қурылыс материаллары санааты салаларында және транспорт инфрастуркутрасын раўажландырыў бойынша перспективалы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыўда Қытай Экспорт-импорт банки ҳәм Қытай мәмлекетлик раўажланыў банки қатнасын қоллап-қуўатлайды.
Тәреплер экономикалық-техникалық бирге ислесиўди беккемлеўди, Өзбекистанда денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў, мәденият ҳәм туризмди раўажландырыў ҳәм басқа да салаларда жойбарларды әмелге асырыўды даўам еттириўге келисип алды.
Тәреплер инфраструктура, киши ҳәм орта гидроэлектростанцияларды қурыў салаларында бирге ислесиўди тереңлестиреди.
Қытай тәрепи санаатты технологиялық модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў бойынша Өзбекистан тәрепи әмелге асырып атырған белсенди сиясатты қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Өзбекистан тәрепи Өзбекистан Республикасында Қытайдың жетекши компанияларының қатнасыўында қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўға ҳәм көмеклесиўге таяр екенин атап өтти.
Тәреплер Шийки зат пенен байланыслы болмаған ҳәм жоқары технологиялы тараўларда бирге ислесиў бағдарламасы қағыйдаларын әмелге асырыў шеңберинде Өзбекистан Республикасы аймағында, бәринен бурын, «Жыззақ» еркин экономикалық зонасында таяр өнимлерди ислеп шығарыў бойынша жоқары технологиялы қоспа кәрханалар жаратыў арқалы инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алды.
Тәреплер инвестициялық орталықты жетилистириў, инвестицияларды қабыл ететуғын мәмлекетлик нызамшылыққа муўапық шет елли инвесторлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў ушын ҳәрекетлерди әмелге асырады.
Тәреплер өндирис структураларын биргеликте трансформациялаў ҳәм модернизациялаў мақсетинде заманагөй жоқары технологиялы ҳәм экологиялық таза өндирислер ҳәм әсбап-үскенелер бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетлилигин атап өтти.
Қытай тәрепи Өзбекистанда еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын жаратыўды қоллап-қуўатлайды және олардың аймағында, бәринен бурын, жергиликли минерал ҳәм шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў тийкарында жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди таярлаў бойынша қоспа өндирислерди шөлкемлестириўге Қытайдың кәрханаларын хошаметлейди.
Тәреплер транспорт саласында регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў және еки елди бирлестиретуғын темир жол, автомобиль жолларын ҳәм ҳаўа транспорты жолларын алға қойыў бойынша ҳәрекетлерди даўам еттириўдиң үлкен әҳмийетин атап өтти.
Тәреплер бул сапар етиў даўамында Өзбекистан Республикасы Ҳүкимети менен Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында Халықаралық автомобиль қатнаўы ҳаққындағы келисимге қол қойылыўын мақуллады. Бул Келисимди әмелге асырыў ҳәм миллий тасыўлардың жумысынан және қолда бар транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў еки мәмлекет арасындағы сыртқы саўда байланысларын кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге көмеклеседи.
Тәреплер Өзбекистан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасын бирлестиретуғын нәтийжели темир жол тармағын жаратыў және «Өзбекистан-Қырғызстан-Қытай» темир жол қурылысының жойбары бойынша мәсләҳәтлесиўлерди жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Тәреплер бирге ислесиў бойынша Өзбекистан-Қытай Ҳүкиметлераралық комитети ҳәм оның киши комитетлериниң еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўин тереңлестириўдеги муўапықластырыўшы ҳәм хошаметлеўши ролин жоқары баҳалайды және олардың мәжилислерин турақлы өткерип барыўын даўам еттириўге келисип алды.
III бөлим
Тәреплер «үш жаўыз күш», наркотиклердиң нызамсыз айланысы, кибержынаятшылық ҳәм трансшегаралық шөлкемлескен жынаятшылық еки елдиң және регионның қәўипсизлиги менен турақлылығына үлкен қәўип болып есапланатуғынын ашық-айдын атап өтти. Бул қәўиплерге қарсы гүресиў ушын Тәреплер ҳуқық қорғаў ҳәм қәўипсизлик салаларында бирге ислесиў, жуўапкер ведомстволар арасында алмасыў, сондай-ақ, жылдам мәлимлемеден биргеликте пайдаланыўды кеңейтеди.
Тәреплер еки елдиң ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм қәўипсизлик хызметлериниң қоспа антитеррор тренинглерин өткериўди даўам еттиреди, турақлылықты сақлаў ҳәм айрықша жағдайларда ҳәрекет етиў мақсетинде қоспа жумысларының потенциалын арттырып барады.
Тәреплер тәбийғый өзгешеликке ийе айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў саласында бирге ислесиўди раўажландырады, сондай-ақ, бул тараўға жаңа мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўге көмеклеседи.
Тәреплер еки елдиң қорғаныў уйымларының бирге ислесиў нәтийжелерин унамлы баҳалайды, барлық дәрежелерде байланысларды беккемлеўди даўам етеди, жақын әскерий-техникалық бирге ислесиўди қоллап-қуўатлайды.
IV бөлим
Өзбекистан ҳәм Қытай Жипек жолындағы әййемги цивилизацияларға ийе мәмлекетлер есапланған ҳалда, оның руўхын раўажландырыў ушын биргеликте ҳәрекетлерди әмелге асырады, Өзбекистан ҳәм Қытай цивилизацияларының жемислери еки елдиң халықларына еле де көбирек пайда келтириўи ушын гуманитарлық алмасыўды тереңлестиреди, мәдений мийрасты сақлаў бойынша бирге ислесиўди беккемлейди және мәдений дәстүрлер менен инновацияларды қоллап-қуўатлайды ҳәм сақлап қалады.
Тәреплер мәденият, билимлендириў, илим, спорт, туризм сыяқлы салаларда бирге ислесиўди кеңейтиўди даўам еттиреди, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары, илимий мәкемелер, дослық жәмийетлери, көркем өнер жәмәәтлери арасында дослық алмасыўларды беккемлейди, Конфуций институтының Өзбекистандағы филиалының жумысын биргеликте басқарады.
Тәреплер әййемги Хийўа қаласындағы архитектуралық естеликлерди реставрация етиў ҳәм қайта тиклеў жумысларын жоқары баҳалады және археология, мәдений байлықларды сақлаў ҳәм реставрация етиў, сондай-ақ, қәнигелерди кәсипке таярлаў салаларындағы бирге ислесиўди раўажландырыўды даўам етеди.
Тәреплер туризм саласында еки тәреплеме бирге ислесиў потенциалын толық әмелге асырыў, Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен Қытай Халық Республикасы Туризм ислери бойынша мәмлекетлик басқармасы арасында алмасыўды ҳәм бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў Тәреплердиң туристлик кәрханаларын өз-ара туристлер алмасыўын көбейтиўди хошаметлеў нийетинде.
V бөлим
Тәреплер еки мәмлекет регионлары ҳәм дос қалалары арасында алмасыўды ҳәм бирге ислесиўди раўажландырады, Өзбекистан Республикасының Бухара ўәлаяты Бухара қаласы менен Қытай Халық Республикасының Хэнань провинциясы Лоян қаласы арасында дослық байланыслары орнатылыўын ҳәм раўажланыўын мақуллайды.
VI бөлим
Тәреплер халықаралық мәселелер бойынша өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм муўапықластырыў еки мәмлекет арасындағы стратегиялық исенимниң жоқары дәрежесин көрсететуғынын атап өтти.
Тәреплер БМШ ҳәм ШБШ сыяқлы көп тәреплеме структуралар шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаўды ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўди, әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша өз ўақтында пикир алысыўды, позицияларды муўапықластырыўды, глобаллық ҳәм регионаллық қәўиплерге қарсы биргеликте ҳәрекет етиўди даўам еттиреди.
Тәреплер Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты ҳәм раўажланыўды қоллап-қуўатлаў регион еллери ҳәм улыўма пүткил дүнья ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин ашық-айдынлық пенен атап өтти. Халықаралық жәмийетшилик Орайлық Азия регионының тарийхый-мәдений дәстүрлерин толық ҳүрмет етиўи, биргеликте регионның раўажланыўына үлес қосыўы лазым. Тәреплер Орайлық Азия мәселеси бойынша үзликсиз муўапықласыўды қоллап-қуўатлаўға, регионда Өзбекистан ҳәм Қытай мәплерин биргеликте қорғаўға таяр.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинге Өзбекистан делегациясына көрсетилген шын жүректен дослық ҳүрмет пенен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди және ҚХР баслығы Си Цзиньпинди еки тәреп ушын қолай болған ўақытта Өзбекистанға мәмлекетлик сапар менен келиўге мирәт етти.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат МИРЗИЁЕВ
Қытай Халық Республикасы Баслығы Си ЦЗИНЬПИН
Пекин, 2017-жыл 12-май