Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКИСТАННЫҢ НЕФТЬ-ГАЗ ҲӘМ ЭНЕРГЕТИКА ПОТЕНЦИАЛЫ КӨРСЕТИЛМЕКТЕ
2017-05-17 | Экономика
«Өзэкспорай» да «Өзбекистан нефть ҳәм гази - OGU 2017» және «Энергетика, энергияны үнемлеў, энергияның альтернатив дәреклери - Power Uzbekistan 2017» халықаралық көргизбелери ашылды.
Илажлар «Өзбекнефтьгаз» миллий холдинг компаниясы, Өзбекистан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги, «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги жанындағы «Өзсуўэнерго» арнаўлы бирлеспеси, Саўда-санаат палатасы, ITE Uzbekistan компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Көргизбениң ашылыўында елимизде экономиканың барлық тармақларын, соның ишинде, нефть-газ және энергетика салаларын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жоқары нәтийжелерди берип атырғаны айрықша атап өтилди.
Нефть-газ санааты елимиз экономикасының жетекши тармақларынан. Өзбекистан дүнья еллери арасында тәбийғый газ қазып алыў бойынша жетекши орынлардан биринде турады. Ғәрезсизлик жылларында елимиздиң нефть ҳәм газ санаатында түпкиликли өзгерислер әмелге асырылды. Елимиз газ, полиэтилен ҳәм қайта исленген нефть өнимлериниң ири экспортшысына айланды. Экономиканы еркинлестириў, оның барлық салаларын, соның ишинде, нефть-газ тармағын буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғын қолайлы инвестициялық орталық жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Тараўда жаңа объектлерди қурыў, әмелдегилерин заман талаплары тийкарында реконструкциялаў және модернизациялаў жумыслары жедел даўам етпекте. Өнидирис нәтийжелилигин арттырыў, ишки базарда жергиликли өнимлердиң үлесин көбейтиў, жергиликлилестириўди кеңейтиў, кооперациялық байланысларды раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар, имканиятлар ҳәм жеңилликлер жаратылмақта. Бүгинги күнде елимизде нефть қайта исленбекте, автобензин, дизель жанылғысы, мазут, нефть майлары, битум, авиакеросин ислеп шығарылмақта. Газди қайта ислейтуғын заводлар суйылтылған газ ҳәм полиэтилен ислеп шығарыўды буннан былай да кеңейтиўди белгилеген.
- Бул халықаралық көргизбениң илимий-техникалық әҳмийети айрықша, - дейди «Өзбекнефтьгаз» миллий холдинг компаниясының бөлим баслығы Акмал Маткаримов. – Бул әнжуман тараўда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге, әмелдеги байланысларды буннан былай да беккемлеўге, инвестициялық жумысымызды раўажландырыўға хызмет етпекте.
Компаниямыз тәрепинен жақын келешекте сексенге шамалас жойбарды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Быйыл Инвестициялық жойбар шеңберинде сырт елли инвесторлардың қатнасыўында улыўма суммасы 16 миллиард доллардан аслам 20 жойбарды әмелге асырыў белгиленген. Усы халықаралық көргизбеде де көплеген пайдалы шәртнамалар дүзиў нийетиндемиз.
Сырт елли инвесторлар ушын жаратылған қолайлы инвестициялық орталық, кең имканиятлар ҳәм жеңилликлер шет елли исбилерменлердиң бирге ислесиўге қызығыўшылығын барған сайын арттырмақта. «Өзбекистан нефть ҳәм гази» көргизбеси қатнасыўшылары қатарының жыл сайын кеңейип атырғаны елимиздиң нефть-газ санааты потенциалының артып атырғанынан дәрек береди. Бул ретки көргизбеде Өзбекистан, Қытай, Австрия, Аўғанстан, АҚШ, Уллы Британия, Германия, Дания, Италия, Индонезия, Қубла Корея, Латвия, Нидерландия, Норвегия, Әзербайжан, Польша, Россия, Сингапур, Түркия, Украина, Франция, Чехия, Щвейцария сыяқлы еллерден бир жүз жетпистен аслам фирма ҳәм компания қатнаспақта.
«Өзбекистан нефть ҳәм гази» халықаралық көргизбесиниң турақлы қатнасыўшысымыз, - дейди Японияның «Мitsubishi Heavy Industries» компаниялар топарының ўәкили Александр Бисикало. – Нефть-газ санааты саласында әҳмийетли ўақыя есапланған бул көргизбе өзбекстанлы шериклеримиз бенен бирге ислесиўимизди буннан былай да беккемлеў имканиятын берип атырғанынан оғада қуўанышлымыз. Өзбекистанда еркин ҳәм нәтийжели жумыс алып барыў ушын барлық қолайлықлар менен имканиятлар бар.
«Өзбекистан нефть ҳәм гази - OGU 2017» көргизбеси қәнигелерге нефть ҳәм газ қазып алыў, углеводородларды тасыў, қайта ислеў бағдарында миллий ҳәм шет елли компаниялар ерискен ең соңғы жетискенликлер менен жақыннан танысыўда және перспективалы жойбарларды әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Көргизбе павильонларынан нефть ҳәм газ қазып алыў, қайта ислеўди жедделлестириў имканиятын беретуғын заманагөй технологиялар орын алған. Жетекши нефть-газ компаниялары тәрепинен тараўдағы ең соңғы жетискенликлер көрсетилмекте.
Көплеген еллердиң жанылғы-энергетика комплексиниң басшылары, илимпазлар ҳәм қәнигелер, исбилермен топарлар ўәкиллери қатнасып атырған «OGU 2017» көргизбеси нефть-газ саласы бағдарында пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў, өз-ара пайдалы бизнес байланысларын орнатыў және әмелдеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, бирликте жаңа жойбарлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, жаңа шәртнамаларға қол қойыў имканиятын береди.
«Энергетика, энергияны үнемлеў, энергияның альтернатив дәреклери – Power Uzbekistan 2017» халықаралық көргизбеси энергетика тармағында жаңа исленбелер менен алдыңғы технологияларды енгизиўде, халықаралық байланысларды беккемлеўде және инвестицияларды тартыўда үлкен әҳмийетке ийе. Көлеми ҳәм қатнасыўшылардың саны барған сайын кеңейип атырған бул халықаралық әнжуман Өзбекистанның энергетика комплексин раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бағдарындағы бай потенциалды көрсетпекте. Көргизбе стендлеринде электр ҳәм ыссылық энергиясын ислеп шығарыў, ыссылық пенен тәмийинлеў саласындағы исленбелер, энергияны өзгертиў, жеткерип бериў ҳәм бөлистириў үскенелери, альтернатив энергия дәреклери, энергияны үнемлеў саласындағы ең жаңа жетискенликлер, турмыслық мақсетлерде қолланылатуғын ыссылық, энергия, газ, суў есабын жүргизиў және қадағалаў әсбаплары сыяқлы өнимлер көрсетилмекте.
Елимизде ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыўға, гидроэнергетиканы буннан былай да арттырыўға қаратылған избе-из реформалар жоқары нәтийжелерди бермекте. Бул бағдарда 2017-2021-жылларда гидроэнергетиканы буннан былай да раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы Өзбекистанда қайта тикленетуғын энергияның экологиялық таза дәреклеринен кеңнен пайдаланыўдың есабынан энергетиканың жаңа қуўатлықларын жаратыў ҳәм әмелдегилерин модернизациялаўда әҳмийетли қолланба болмақта.
Көргизбеде Өзбекистан, Қытай, Германия, Италия, Латвия, Польша, Россия, АҚШ, Түркия ҳәм Украина сыяқлы еллерден қырық бес фирма ҳәм компания өзиниң өнимлерин және хызметлерин усынбақта.
Елимизде табыслы жумыс алып барып атырған «Chirchiq Transformator Zavodi», «Hi-Tech Kabel», «Procab» сыяқлы компаниялар көргизбеде усынып атырған энергетика үскенелери ҳәм электротехника өнимлери жоқары сапасы, халықаралық стандартларға сәйкес келиўи ҳәм өнимдарлығы менен көпшиликте үлкен қызығыўшылық оятпақта.
- Исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған жоқары итибардың нәтийжесинде жумысымыз жылдан-жылға кеңейип бармақта, - дейди «Hi-Tech Kabel» кәрханасының коммерциялық директоры Азизжон Усмонов. – Бүгинги күнде кәрханамыз қоңсылас еллерге жоқары сапалы кабельлерди жеткерип бермекте. Көргизбеде шет елли шериклерди буннан былай да кеңейтиўди режелестиргенбиз.
Ҳәр тәреплеме байланысларды раўажландырыўда, қоспа кәрханалар шөлкемлестириў ушын зәрүрли шараят жаратыўда «Энергетика, энергияны үнемлеў, энергияның альтернатив дәреклери – Power Uzbekistan 2017» көргизбесиниң әҳмийети үлкен. Бул илаждан гөзленген тийкарғы мақсет те экономикамызды буннан былай да раўажландырыў, электр энергетикасы саласында пайдаланыўға мөлшерленген илимий жаңалықларды ҳәм санаат үскенелерин, ең соңғы технологиялық қолланбаларды көрсетиў, тәжирийбе алмасыў, кәрханалар, шөлкемлер, фирмалар ҳәм компаниялар арасындағы кооперациялық байланысларды және де кеңейтиў ҳәм сол арқалы елимиздиң энергетика саласын және де раўажландырыўдан ибарат болып табылады.
- Өзбекистан экономикалық жақтан турақлы раўажланып атыр, - дейди Россияның «Объединённая двигателестроительная корпорация» компаниясының бөлим баслығы Алексей Лапин. - Өзбекистанда жумыс ислеў ушын барлық зәрүр факторлар, қолайлы шараятлар, имканиятлар, преференциялар бар. Шет елли исбилерменлердиң елиңиздеги бизнес адамлары менен бирге ислесиўди кеңейтиўге қызығыўшылығы үлкен. Мақсетимиз Өзбекистанның энергетика базарындағы орнымызды кеңейтиў, жаңа шериклер табыў ҳәм пайдалы байланысларды раўажландырыў болып есапланады.
Елимизде энергияны үнемлейтуғын заманагөй технологияларды кеңнен енгизиўге үлкен итибар қаратылмақта. Онда альтернатив энергиядан пайдаланыў көлемин кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе. Альтернативалы энергия дәреклери арасында қуяш энергиясы айрықша орын ийелейди. Қуяшлы елимиз – қуяш нурынан энергия алыў технологияларын қолланыў ушын оғада қолайлы. Өзбекистанның жалпы қуяш энергиясының жыллық потенциалы 50 миллиард 973 миллион тонна нефть эквивалентине тең. Қуяш энергиясы экологиялық жақтан тазалығы ҳәм қолайлылығы көз-қарасынан перспективалы болып есапланады. Қуяш қурылмалары, әсиресе, орайласқан электр ҳәм ыссылық системаларынан узақта жайласқан аймақларды электр энергиясы ҳәм ыссылық пенен тәмийинлеўде қолайлы болып табылады.
Көргизбе энергетика санаатының электр энергетикасы, электротехника, көмир санааты, қурылыс, энергия объектлерин қорғаў, автоматластырыў, қадағалаў ҳәм басқарыў сыяқлы барлық заманагөй бағдарларды өзине жәмлеген. Онда ҳәр қыйлы электр машиналары ҳәм комплектлеўши бөлеклер, төмен және жоқары вольтлы үскенелер, кабельлер, сымлар, изоляторлар, трансформаторлар, электр-монтажлаў үскенелери, жақтыландырғышлар, жақтылықты өлшеў әсбаплары ҳәм техникалық хызмет көрсетиўге байланыслы көплеген бөлимлер бар.
Көргизбелердиң ашылыўында Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ғ.Ибрагимов шығып сөйледи.
Б.БОЗОРОВ,
ӨзА ның хабаршысы