Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

«Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў» Глобал форумы

2022-12-05

Самарқанд қаласында «Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў» Глобал форумы өз жумысын баслады.

Бул абырайлы халықаралық әнжуманды өткериў басламасы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 76-сессиясы ҳәм БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясында алға қойылған еди.

Усы баслама тийкарында Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының шөлкемлестириўинде өткерилип атырған форум БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасы, Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссардың Орайлық Азия бойынша регионаллық бюросы, БМШтың мәмлекетимиздеги ўәкилханасы, ЮНИСЕФ, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларын муўапықластырыўшы офиси, Европа Кеңеси, Фридрих Эберт қоры менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим-тәрбия ҳаққындағы декларация қабыл етилгениниң он жыллығына бағышланған форумда халықаралық, регионаллық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң 100 ден аслам ўәкили оффлайн ҳәм онлайн тәризде қатнаспақта. Форум қатнасыўшылары қатарында, сондай-ақ, 150 миллий шөлкемниң 2 мыңнан артық ўәкили бар. Олар тийкарынан 20 министрлик ҳәм уйымлар, елимиздиң барлық аймақларынан 50 жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм илимий шөлкемлер, 60 тан аслам пуқаралық жәмийети институты, соның ишинде, жаслар шөлкемлериниң белсендилеринен ибарат.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директоры Акмал Саидов Глобал форумды ашып, илажды «Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў: декларациядан-әмелиятқа» сүрени тийкарында өткериўди усыныс етти ҳәм бул баслама қатнасыўшылар тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Мәресимде БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Фолькер Тюрк видеомүрәжаты, БМШтың Өзбекстандағы Турақлы муўапықластырыўшысы ўазыйпасын атқарыўшы Мунир Мамедзадениң қутлықлаўы, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси баслығы, елши Федерико Вильегастың видеомүрәжаты, ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы директоры Маттео Мекаччидиң қутлықлаўы, Европа Кеңеси Инсан ҳуқықлары ҳәм нызам үстинлиги басқармасы бас директоры Христос Гиякумопулостың видеомүрәжаты тыңланды.

Глобал форумның биринши жалпы мәжилисинде БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим-тәрбия ҳаққындағы декларациясы ҳәм Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының 2005-жылдан берли әмелге асырылыў процесслери ҳаққында сөз болды.

Онда тийкарынан инсан ҳуқықлары бойынша нәтийжели билимлендириўге ерисиў принциплери ҳәм қатнаслары додаланды. Сондай-ақ, заманагөй машқалаларды есапқа алған ҳалда, дүньяның ҳәр қыйлы аймақларында инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў тараўындағы технологиялардың раўажланыўы ҳәм мине, усы тараўда ерисилген жетискенликлер, сабақ ҳәм жуўмақлар талланды.

– Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў Өзбекстанда инсан ҳуқықлары мәдениятын қәлиплестириўге байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири,-деди Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов. –Олий Мажлис тәрепинен 2019-жылы БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўындағы тәлим-тәрбия ҳаққындағы декларациясының қағыйдаларын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2021-жылдың декабрине шекем толық орынланғаны буны айқын тастыйықлайды.

Сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясы шеңберинде жоқары оқыў орынлары ушын инсан ҳуқықлары бойынша оқыў курсларын енгизиў ўазыйпасы белгилеп берилген. Бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам етпекте.

Өзбекстан Президентиниң 2021-жыл 7-июньдеги бийлигине муўапық, Өзбекстан Республикасында инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў бойынша Миллий комиссия шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта Миллий комиссия ағзаларының қатнасыўында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий тәлим бағдарламасының жойбары ислеп шығылды.

Мәжилисте БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Басқармасы Инсан ҳуқықлары бойынша билимлендириў ҳәм оқытыў бөлиминиң муўапықластырыўшысы Елена Ипполити БМШтың Инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў бойынша басламалары әмелге асырылыў жағдайын глобал көлемде таллады. Ҳиндстан Инсан ҳуқықлары бойынша миллий комиссиясының Бас хаткери Девендра Кумар Сингх болса онлайн түрде Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим-тәрбия ҳаққындағы декларацияны әмелге асырыў бағдарында ерисилген жетискенликлер, ҳәзирги машқалалар ҳәм имканиятлар ҳаққында баянат жасады.

БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Басқармасы Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим-тәрбия бөлиминиң киши хызметкери Паулина Тандиона БМШ Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасы төртинши басқышының 2020-2024-жыллары әмелге асырылыў процесслери ҳаққында өз пикирлери менен ортақласты.

Глобал форумның кейинги сессиясында инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириўге регионаллық қатнаслар көрип шығылды.

Халықаралық билимлендириў бойынша Америка кеңеслери президенти ҳәм атқарыўшы директоры Дэвид Паттон халықаралық билим алыў имканиятын кеңейтиў перспективалары, Европа Кеңесиниң Әдил судлаў ҳәм инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша билимлендириў бөлиминиң басшысы Эва Пастрана онлайн шығыўында инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириўге европаша қатнас, Ислам бирге ислесиў шөлкеми жанындағы Инсан ҳуқықлары бойынша бийғәрез турақлы комиссия баслығы Хожи Али Ачикгюл бул тараўға өзи тийисли халықаралық шөлкемниң қатнасы ҳаққында пикир билдирди.

Сондай-ақ, Азия-Тыныш океаны Инсан ҳуқықлары бойынша мәлимлеме орайының жетекши изертлеўшиси Жефферсон Плантилла усы регионда инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў бағдарында арттырылған үлги тәжирийбелер ҳаққында онлайн режимде айтып берди.

Россия Президенти жанындағы Пуқаралық жәмийети ҳәм инсан ҳуқықларын раўажландырыў бойынша кеңес баслығы Валерий Фадеев онлайн баянатында БМШтың инсан ҳуқықлары тараўындағы тийкарғы ҳүжжетлерин заман көзқарасынан таллады.

Буннан тысқары, форум шеңберинде «Инсан ҳуқықлары тараўындағы рәсмий билимлендириў принциплери ҳәм қатнаслары: глобаллық, регионаллық ҳәм миллий тәжирийбе» темасында параллел мәжилислер өткерилди. Оларда технологиялардың раўажланыўы, Интернет-ресурслар ҳәм дүньяның тез өзгериўшең геосиясий көринисин есапқа алған ҳалда, инсан ҳуқықлары тараўындағы рәсмий ҳәм рәсмий емес билимлендириўге алдыңғы тәжирийбе, инновациялық, гендер ҳәм инклюзивлик қатнаслар додаланып, ҳәзирги бағдардағы жаңа басламалар усынылды.

Қатнасыўшыларға инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириў темасына байланыслы оннан артық әдебият, сондай-ақ, «Демократластырыў ҳәм инсан ҳуқықлары» журналының арнаўлы саны берилди.

Ғолиб ҲАСАНОВ

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться