Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Ҳиндистан Бас министриниң Өзбекистанға сапарына байланыслы

2015-07-06

Өзбекистан Республикасы Президенти Ислам Каримовтың мирәти бойынша Ҳиндистан Республикасы Бас министри Нарендра Моди 2015-жыл 6-7-июл күнлери рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болады.

Жоқары дарежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер пайытында Өзбекистан Ҳиндистанның бирге ислесиўиниң бүгинги ҳалаты ҳәм оны және де раўажландырыў перспективалары, әҳмийетли аймақлық ҳәм халықаралық мәселелер додаланады.

Сөйлесиўлер жуўмағы бойынша Өзбекистан Республикасы ҳәм Ҳиндистан Республикасының Қоспа баянаты қабыл етилиўи, көп қырлы өзара бирге ислесиўди және де беккемлеўге қаратылған ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳүжжетлерге қол қойылисыўи режелестирилген.

Поделиться