Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекстан Президентиниң Японияға сапар етиўи

2019-12-17

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Синдзо Абэниң мирәт етиўине байланыслы 2019-жыл 17-20-декабрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Япония Бас министри Синдзо Абэ, Парламенттиң Мәсләҳәтшилер палатасы президенти Акико Санто, Парламенттиң Ўәкиллер палатасының спикери Тадамори Осима, Бас министрдиң орынбасары, қаржы министри Таро Асо менен сөйлесиўлер болып өтеди. Тәреплер Өзбекстан-Япония қатнасықлары, соның ишинде, бирге ислесиўди раўажландырыўдың узақ перспективаға мөлшерленген тийкарғы бағдарларын додалайды, халықаралық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша пикир алысады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Япония Императоры Нарухито тәрепинен қабыл етиледи.

Сапар етиў бағдарламасынан, сондай-ақ, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) президенти Синичи Китаока, жетекши санаат ҳәм финанс структуралары басшылары менен ушырасыўлар орын алған. Мәмлекетлеримиздиң исбилермен топарлары арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, Япония компаниялары ўәкиллерин Өзбекстандағы ири инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға өз-ара пайдалы шәртлер тийкарында тартыў мәселелерин көрип шығыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Японияның ең әҳмийетли экономикалық орайларынан бири – Нагоя қаласына барып, қалалар ҳәм билимлендириў мәкемелери арасында шериклик байланысларын орнатыў перспективаларын додалаў ушын Аичи префектурасы губернаторы Хидэаки Омура, қала мэри Такаси Кавамура, Нагоя университетиниң ректоры Сейичи Мацуо менен ушырасады.

Сөйлесиўлердиң нәтийжеси бойынша Өзбекстан менен Япония арасында стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў ҳаққында Биргеликтеги билдириў қабыл етилиўи, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, бажыхана, туризм, илимий-техникалық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң шәртнамалы-ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

Поделиться