Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Түркменстан Президентиниң Өзбекстан Республикасына сапары ҳаққында

2019-11-28

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов быйыл 28-ноябрь күни әмелий сапар менен мәмлекетимизге келеди.

Мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективларын додалайды және саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда қоспа жойбарлар әмелге асырылыў барысын көрип шығады.

Президентлер, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуаль мәселелер бойынша пикир алысады.

Түркменстан Президенти 29-ноябрь күни Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться