Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ҚАЗАҚСТАН ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ӨЗБЕКСТАНҒА МӘМЛЕКЕТЛИК САПАРЫ ҲАҚҚЫНДА

2019-04-14

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиётиң мирәт етиўине муўапық Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 2019-жыл 14-апрель күни еки күнлик мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизге келеди.

Мәмлекет басшылары Қасым-Жомарт Тоқаевтың Қазақстан Президенти лаўазымына кирискенинен соң биринши мәрте ушырасады.

Тар ҳәм кеңейтилген қурамда өткерилиўи режелестирилген сөйлесиўлерде еки тәреплеме дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўдиң перспективалары додаланады, сиясат, саўда-экономика, инвестициялар, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары көрип шығылады.

Президентлер регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў және халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысады.

Мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўи қабыл етилиўи, сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы қатнасықларды раўажландырыўға қаратылған еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойыў нәзерде тутылған.

Президентлер қоңсылас туўысқан мәмлекетте табыслы жуўмақланған Өзбекстан жылының логикалық даўамы болатуғын Өзбекстанда Қазақстан жылының рәсмий ашылыў мәресимине де қатнасады. Быйылғы жыл илажлары Қазақстан көркем өнер шеберлериниң концерти менен басланады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги

Поделиться