Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

​Инновациялық жаңалықлар, технологиялар ҳәм проектлер VIII Республика ярмаркасы усы жылдың 19-21 май күнлери Ташкент қаласында Инновациялық жаңалықлар, технологиялар ҳәм проектлер VII Республикалық ярмаркасы болып өтеди.

2015-05-19

Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған, 2015-жылда халық аралық илимий конференцияларды өткериў режесине муўапық, 2015-жыл 19-21 май күнлери VIII Республика инновациялық форум режелестирилген. Шөлкемлестириўшилер Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Илим ҳәм технологияларды раўажландырыўды муўапықластырыў комитети Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы, Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы «Истеъдод» фонды Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекистан Республикасы саўда-санаат палатасы, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети. Форумның жумысшы жөнелиси миллий иннновациялық системалар, машқалалар ҳәм инновациялық хызметти раўажландырыў перспективалары раўажландырыўда глобал тенденциялар анализи. Инновациялар тараўында халық аралық бирге ислесиўди раўажландырыў. Миллий инновациялық системаның қәлиплесиўинде ҳәр қыйлы факторлардың ролин анықлаў. Жеке сектор, мәмлекет ҳәм илим ортасындағы турақлы байланыслар ушын нәтийжели механизмлерди қәлиплестириў бойынша усыныслар ислеп шығыў. Инновациялық экономика ушын таярлаў мәселелери талқылаўы. Форумның материаллары еки бағдарда басылыў режелестирилмекте: «Исбилерменликти раўажландырыўда ҳәм инновациялық искерликти асырыў» (И бөлим) Жаслар ҳәм инновация (ИИ бөлим) Форум жумысшы тиллери: өзбек, рус, инглис Комитет мәнзили: 100047, Өзбекистан, Ташкент қаласы Яҳиё Ғуломов көшеси, 70. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Илим ҳәм технологияларды раўажландырыўды муўапықластырыў комитети.

Поделиться