Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Еслеў күни

2017-09-02

Ислам Абдуғаниевич Кәримов 1938-жыл 30-январьда Самарқанд қаласында хызметкер шаңарағында туўылды. Орта Азия политехника институтын ҳәм Ташкент халық хожалығы институтын инженер-механик ҳәм экономист қәнигеликлери бойынша тамамлады.

Мийнет жолын 1960-жылы Ташкент аўыл хожалығы машинақурылысы заводынан баслады. 1961-жылдан 1966-жылға шекем Ташкент авиациа өндирислик бирлеспесинде инженер, жетекши инженер-конструктор болып иследи.

1966-жылы Өзбекистан ССР Мәмлекетлик план комитетине жумысқа өтип, қәнигеден Республикалық Мәмлекетлик план комитети баслығының биринши орынбасары лаўазымына шекемги жолды басып өтти.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов 1983-жылы Өзбекистан ССР Қаржы министри, 1986-жылы Өзбекистан ССР Министрлер Совети Баслығының орынбасары, Республикалық Мәмлекетлик план комитетиниң баслығы болып тайынланды.

Ол 1986-1989-жыллар даўамында Қашқадәрья ўәлаяты партия комитетиниң биринши хаткери лаўазымында ислеп, өзиниң жоқары басқарыўшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик уқыбы, пидайылығы ҳәм жигерлилиги, ел-халықтың дәртин, адамлардың тәшўишин ҳәм машқалаларын, олардың талаплары менен мәплерин жүректен сезиниўи арқалы  оғада аўыр социаллық-экономикалық аўҳалға түсип қалған ўәлаятттағы жағдайды қысқа ўақыт ишинде түп-тийкарынан өзгертиўге еристи.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов 1989-жылдың июнинен Өзбекистан Компартиясы Орайлық Комитетиниң биринши хаткери болып сайланды.

Сол пайытта республикамыз пуқаралар урысы, қан төгиспе, миллетлер ҳәм конфессиялараралық келиспеўшиликлер жағасында турған еди. Ўақыялардың усы тақылеттеги раўажланыўы қоңсы еллерде әмелге асырылған еди. Әне, усындай оғада аўыр дәўирде ол өзиниң ўақыяларды алдын ала көре билиў қәбилети, күшли ерк-ықрары ҳәм жигерлилиги менен халқымызды ҳәм елимизди усындай аянышлы тәғдирден сақлап қалды.

Әйне, сол дәўирде халқымыз Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың тымсалында мәрт, ийилмейтуғын ерк-ықрар ийеси ҳәм жүз берип атырған айрықша қурамалы ҳәдийселердиң мазмун-мәнисин мәмлекетлик мәплер көз-қарасынан көре алатуғын, өз Ўатаны ҳәм халқы, ҳәр бир жерлесиниң тәғдири ушын айрықша жуўапкершиликти сезине алатуғын ҳақыйқый басшыға ийе болды.

1990-жыл 24-март күни Өзбекистан ССР Олий Кенгашиниң сессиясында Ислам Абдуғаниевич Кәримов Өзбекистан ССР Президенти етип сайланды.  1991-жыл 29-декабрьде альтернатив тийкарда өткерилген улыўмахалықлық сайлаўда Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти болып сайланды.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов 25 жыл даўамында ғәрезсиз Өзбекистанды басқарып, ашық-айдын пуқаралық жәмийети ҳәм базар экономикасына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдың терең ойланған стратегиясын ислеп шыққан ҳәм  оны әмелге асырған уллы мәмлекетлик ғайраткер сыпатында елимизде ҳәм халықаралық майданда жоқары абырой-мәртебеге ийе болды.

Өзбекистанның суверенитетин ҳәм ғәрезсизлигин сақлаў және беккемлеў Президент Ислам Кәримов ушын бәрҳама ең жоқары әҳмийетли ўазыйпа болып келди ҳәм ол алып барған сиясаттың тийкарғы негиз принципи болып қалды.

Өзбекистан халқы ғәрезсизлик жылларында ерисилген уллы табыслар ҳәм нәтийжелерди елимиздиң Биринши Президентиниң аты және жумысы менен тығыз байланыслы деп биледи.

Ол ҳақылы рәўиште демократиялық талаплар ҳәм халықаралық нормаларға толық жуўап беретуғын Өзбекистан Республикасы Конституциясының авторы болып, оны турмысқа әмелий жақтан енгизиўдиң ҳақыйқый кепилине айланды.

1991-жылы Өзбекистан пахта жеке ҳәкимлигиниң  аянышлы тәсири ақыбетинде экономикасы бир тәреплеме, әззи ҳәм төмен раўажланған, халықтың турмыс дәрежеси оғада аянышлы жағдайға түсип қалған қалақ аграрлық мәмлекет еди. Руспублика турмыслық әҳмийеттеги товарлардың көпшилик түрлерин, биринши гезекте ғәлле ҳәм энергия ресурслары бойынша өнимлерди өзинде ислеп шығармайтуғын ҳәм бул бағдардағы өз талапларын тәмийинлей алмайтуғын еди.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов экономикалық ғәрезсизликке ериспей турып, сиясий ғәрезсизликти тәмийинлеў мүмкин емес, деген пикирдиң қатаң тәрептары еди. Әйне, сонлықтан да, Елбасшымыз тәрепинен белгили бес принцип тийкарында пүткил дүньяда раўажланыўдың «өзбек модели» деп тән алынған Өзбекистан экономикасын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм структуралық өзгерислерди әмелге асырыў бағдарламасы ислеп шығылды. Бул моделдиң түп-тийкарын «Реформа –  реформа ушын емес, бәринен бурын инсан ушын» деген стратегиялық бағдарды әмелге асырыў қурайды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекистанда кең көлемли структуралық реформалар әмелге асырылды, нефть химиясы, химия, автомобиль санааты, аўыл хожалығы ҳәм темир жол машина қурылысы, фармацевтика, электротехника, тоқымашылық санааты, заманагөй қурылыс материаллары санааты сыяқлы жоқары технологияларға тийкарланған улыўма жаңа санаат тармақларына тийкар салынды.

Үстирт ҳәм Шортан газ-химия комплекслери, Бухара нефтьти қайта ислеў заводы, Қоңырат сода заводы, Дийқанабад калийли өнимлер кәрханасы, Әндижан, Самарқанд, Ташкент ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы автомобиль заводлары сыяқлы дүнья көлеминдеги бийбаҳа санаат объектлери қурылды.

Республикамызда заманагөй жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктуралары, соның ишинде, Қамшық таўы арқалы өтетуғын бийбаҳа туннелди өз ишине алған Ангрен-Поп темир жол тармағы, Ташгузар-Байсун-Қумқўрғон темир жолы қурылды. Ташкенттен Самарқанд, Бухара ҳәм Қаршы қалаларының жөнелислери бойынша жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездлардың қатнаўы жолға қойылды, халықаралық аэропортлар модернизацияланды, «Наўайы» аэропорты негизинде халықаралық логистика орайы шөлкемлестирилди ҳәм Өзбек миллий автомагистралының қурылысы жуўмақланды.

Өзбекистанның дүньяда ең жедел пәтлер менен раўажланып атырған экономикаға ийе болған бес мәмлекеттиң қатарынан орын алғаны Президент Ислам Абдуғаниевич Кәримов тәрепинен алып барылған реформалардың әмелий көриниси болды.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов аўыл хожалығындағы терең өзгерислерди әмелге асырыў, жердиң ҳақыйқый ийеси болған жаңа мүлк ийелери       класы – фермерлик ҳәрекетин қәлиплестириўдиң шөлкемлестириўшиси еди. Оның басламасы менен жәҳән әмелиятында теңсиз, аўыллардың көринисин түп-тийкарынан өзгертиўге қаратылған, аўыл халқының турмыс дәрежеси менен сапасын қаладағыдан кем болмайтуғынын тәмийинлейтуғын үлги жойбар тийкарында турақ-жайлар қурыў бағдарламасы әмелге асырылмақта.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов Қураллы Күшлердиң Жоқары Бас Сәркардасы сыпатында Өзбекистан Республикасының ғәрезсизлигин, оның аймақлық пүтинлигин ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш-татыў турмысын исенимли қорғай алатуғын заманагөй Қураллы Күшлерди түп-тийкарынан реформалаў, олардың жаўынгерлик потенциалын ҳәм қүдиретин арттырыўды тәмийинледи.

Ол түп-тийкарында басқа мәмлекетлердиң ишки жумысларына араласпаў ҳәм жүзеге келип атырған қарама-қарсылықлар менен келиспеўшиликлерди тыныш, сиясий жол менен шешиўге тийкарланған тынышлықты сүйиўшилик сиясаты жәмленген Өзбекистан Республикасының Сыртқы сиясат концепциясын ислеп шықты ҳәм әмелге асырды. Мәмлекетимиздиң басшысы регионымызда ҳәм пүткил дүньяда тынышлық және турақлылықты сақлаўға үлкен үлес қосты.

Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың басламасы тийкарында, ески усыл ҳәм талаплардан пүткиллей ўаз кешкен ҳалда, кең көлемдеги Кадрлар таярлаўдың миллий бағдарламасы, тәлим-тәрбия системасын ең заманагөй халықаралық стандартлар бойынша түп-тийкарынан өргертиўге қаратылған реформалардың бағдарламасы ислеп шығылып, турмысқа енгизилди.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов елимиздиң бүгинги ҳәм ертеңги күниниң шешиўши күшине айланып атырған жасларымыздың сана-сезимин ҳәм дүньяқарасын пүткиллей өзгерткен, нәўқыран әўладты тәрбиялап өсириўдиң жаңа пиринципиаллық системасын шөлкемлестириў ҳәм оны турмысқа енгизиў жумысларына тиккелей басшылық етти.

Елимиздиң басшысы миллий-руўхый қәдриятларымызға ҳүрмет-иззет пенен қатнаста болыў, муқаддес динимизди, үрп-әдетлеримизди, бийбаҳа тарийхый мийрасларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыўды мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерди, халықаралық майданда Өзбекистанның абырой-мәртебесин арттырыўға үлкен үлес қосты.

Ол пуқаралық жәмийети институтлары, бәринен бурын, мәҳәллениң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы абыройын арттырыў, олардың ўәкилликлери менен ҳуқықларын кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың пайтахтымыз Ташкент қаласын, елимиздиң барлық қала ҳәм аўылларының көринисин заманагөй архитектуралық талаплар тийкарында түп-тийкарынан өзгертиў бағдарындағы кең көлемли дөретиўшилик жумысларын ел-халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов суверен ҳәм ғәрезсиз Өзбекистанды қурыў, халықсүйиўши демократиялық ҳуқықый мәмлекет жаратыў, пуқаралардың тынышлығын ҳәм миллий татыўлықты тәмийинлеў жумысына қосқан үлкен үлеси ҳәм бул бағдарда мәртлик және жигерлилик көрсеткени ушын Өзбекистан Қаҳарманы атағы, «Мустақиллик» ҳәм Әмир Темур орденлери менен сыйлықланған.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов Өзбекистан Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы еди. Соның менен бирге ол экономика, илим, тәлим-тәрбияны раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын көплеген шет ел университетлериниң ҳәм академияларының ҳүрметли илим докторы және академиги болып сайланған. Сондай-ақ, ол бир қанша шет мәмлекетлердиң ҳәм абыройлы халықаралық шөлкемлердиң ҳүрмет жарлығы, орденлери ҳәм медальлары менен де сыйлықланған еди.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов өз халқын шексиз меҳир-муҳаббаты менен сүйетуғын еди ҳәм өзиниң соңғы күнлерине шекем пүткил өмирин Өзбекистанға хызмет етиўге бағышлады.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, өзбек халқының уллы перзенти Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың сөнбес естелиги барлық миннетдар ўатанласларымыздың, пүткил халқымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалады.

Поделиться