Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Өзбекистан – Қазақстан: әзелий дослыққа ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған бирге ислесиўдиң жаңа басқышы

2017-03-23 | Сиясат

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаевтың мирәт етиўине бола 22-23-март күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болды.

Жоқары дәрежедеги бул ушырасыў дослық, аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт әййямы Наўрыз күнлерине туўра келгенинде де символикалық мәни бар. Бул жақлары Өзбекистан ҳәм Қазақстан қатнасықларына да үнлес болып табылады.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 23-март күни Астана қаласында болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан пайтахтындағы «Ўатан қорғаўшылары» монументине гүл қойды.

Бул монумент Президент Нурсултан Назарбаевтың басламасы менен w0qq-жылы Екинши жер жүзилик қайтыс болған қазақстанлы Ўатан қорғаўшыларының естелигине бағышланып қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы тынышлық, азатлық жолында жанын пидә еткен ўатанды сүйиўши инсанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти. Естелик комплекси менен танысты.

Шавкат Мирзиёев Қазақстан пайтахтындағы Мәмлекет басшылары қыябанына нәл отырғызды. Бул жерде Биринши Президентимиз Ислам Кәримов еккен дарақ гүллеп-жайнап өспекте.

Ақорда резиденциясында Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевты рәсмий күтип алыў мәресими болды. Уллы Мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекистан ҳәм Қазақстанның мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти.

Президентлердиң тар шеңбердеги ушырасыўында Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, тынышлықты ҳәм қәўипсизликти беккемлеў мәселелери додаланды, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылды.

Шавкат Мирзиёев еллеримиз арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларының барған сайын беккемленип атырғанын атап өтти.

– Өзбекистан ҳәм Қазақстан жақын туўысқан, әсирлер даўамында сыналған шериклер болып табылады. Биринши Президентимиз Ислам Кәримов қайтыс болғаннан кейинги аўыр демлерде бул жақынлық және бир мәрте өз сәўлелениўин тапты. Халқымыз Қазақстан халқының дәртлес болғанын, қоллап-қуўатлағанын терең сезинди ҳәм буны ҳеш қашан умытпайды. Еллеримиз арасындағы бирге ислесиў жоқары исеним ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында раўажланбақта. Ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслардың раўажланғаны еллеримиздиң көп қырлы қатнасықларды кеңейтиўден мәпдар екенин тастыйықлайды, - деди Президентимиз.

Нурсултан Назарбаев Шавкат Мирзиёевты Қазақстанға мәмлекетлик сапар етиўи менен қутлықлап, бул еки мәмлекет арасындағы сөйлесиўлердиң избе-из даўамы, тәреплерди қызықтырған мәселелерди додалаў ушын қолайлы имканият екенин атап өтти.

– Сизиң сапар етип келиўиңиз Наўрыз байрамы күнлерине туўра келгени қәдемиңиздиң қутлы екенин дәлиллейди. Қазақстан менен Өзбекистан қатнасықлары ҳәмийше дослықта ҳәм нәтийжели болған. Өзбекистанның Биринши Президенти, мениң қәдирдан достым Ислам Кәримов үлкен үлес қосқан бундай жақын бирге ислесиўди Сиз бенен избе-из даўам еттирмектемиз. Соңғы айларда еллеримиз арасындағы саўда айланысының 30 процентке өскени, өз-ара жаңа өнимлердиң жеткериле баслағаны пикиримизди айқын тастыйықлайды. Сапар етиўиңиз шеңберинде болып өткен бизнес-форумда дерлик 1 миллиард долларлық келисимлерге ерисилген. Сизиң бул тарийхый сапар етиўиңиз еллеримиздиң бирге ислесиўин жаңа басқышқа көтереди, - деди Қазақстан Президенти.

Еллеримиздиң бирге ислесиўи 1998-жылы Ташкентте қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Мәңгилик дослық ҳаққындағы шәртнама, 2013-жылы пайтахтымызда қол қойылған Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама тийкарында раўажланбақта.

Өзбекистан ҳәм Қазақстан халықаралық сиясий мәселелерде бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте. Еллеримиз еки тәреплеме ҳәм БМШ, ШБШ, ҒМДА, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры сыяқлы халықаралық структуралар шеңберинде нәтийжели бирге ислеспекте. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша тәреплердиң позициялары уқсас яки жақын болып табылады.

Өзбекистан Қазақстанның 2017-2018-жылларда БМШ Қәўипсизлик кеңесине ўақытша ағзаллыққа сайланғанын қоллап-қуўатлады. Бул пүткил регионымыз мәмлекетлериниң мәплерин халықаралық майданда алға қойыў имканиятын береди. Қазақстан Өзбекистанның Орайлық Азияда ядро қуралынан жырақ аймақ қурыў бағдарындағы басламасын қоллап-қуўатлаған, елимиздиң ҳеш қандай әскерий-сиясий блокларға қосылмаў, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў принциплерине тийкарланған сыртқы сиясатын жоқары баҳалайды.

Ушырасыўда регионаллық қәўипсизликти беккемлеў, трансмиллий жынаятшылыққа ҳәм қәўип-қәтелерге қарсы гүресиў мәселелерине итибар қаратылды. Орайлық Азияның жетекши мәмлекетлери болған еллеримиздиң бирге ислесиўи пүткил регионның турақлылығында ҳәм раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Усы жыл 10-март күни Ташкентте еллеримиздиң ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм мәмлекетлик мәкемелер басшыларының қатнасыўында болып өткен сөйлесиўлер заманагөй қәўип-қәтерлерге, диний экстремизмге, терроризмге, наркотрафик ҳәм басқа да қәўиплерге қарсы гүресиў саласындаға бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

Президентлер Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысып, бул мәмлекетте турақлылықтың тәмийинлениўинен ҳәм экономиканың тиклениўинен еки мәмлекет те бирдей мәпдар екенин атап өтти. Аўғанстан машқаласы тек ғана тыныш жол менен шешилиўи, бул ушын БМШ басшылығында сиясий сөйлесиўлер процесин тезирек баслаў зәрүрлиги атап өтилди.

Еллеримиз региондағы трансшегаралық дәрьялардың суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарында бирдей позицияға ийе екени және бир мәрте тастыйықланды.

Президентлер сөйлесиўди еки елдиң рәсмий делегацияларының кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўинде даўам еттирди. Онда Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды, тәреплерди қызықтырған регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өзбекистан ҳәм Қазақстан  бийғәрез раўажланыў жолын бир дәўирде баслаған. Экономиканы қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў жолында бир-бирине ийинлес болып келмекте.

Бүгин еки ел де өз раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қоймақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасыны буннан былай да раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер стратегиясы ислеп шығылды. Президент Нурсултан Назарбаевтың Қазақстан халқына быйылғы мүрәжатинде Қазақстанды модернизациялаўдың үшинши басқышы белгилеп берилди.

Қазақстан елимиздиң саўда-экономикалық саладағы әҳмийетли шериклеринен бири болып табылады. Өзбекистан Қазақстанға тәбийғый газ, автомобильлер, транспорт қураллары, минерал төгинлер, тоқымашылық, электротехника ҳәм қурылыс материаллары, мийўе-овощ ҳәм басқа да көплеген товарлар, ҳәр қыйлы хызметлерди экспорт етеди. Қазақстаннан елимизге нефть, металл, ун, май өнимлери алып келинеди.

Елимизде Қазақстан капиталының қатнасында дүзилген дерлик 230, Қазақстанда Өзбекистан исбилерменлери менен биргеликте шөлкемлестирилген 130 дан аслам кәрхана жумыс алып бармақта.

2016-жылы еллеримиз арасындағы өз-ара товар алмасыўдың көлеми 2 миллиард долларды қураған. Бул бар потенциалға сәйкес келмеслиги, саўда айланысын кеминде еки есеге арттырыў имканияты бар екенлиги айрықша атап өтилди. Еллеримиздиң экономикасы бәсекилеспейди, керисинше, бир-бирин толықтырады. Ол ушын ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм биргеликтеги саўда үйлериниң жумысын кеңейтиў, жаңа тәмийнат базарларын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Быйыл 23-февральда пайтахтымызда Өзбекистан ҳәм Қазақстан арасында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.

Транспорт коммуникациялары саласы өз-ара бирге ислесиўдиң және бир тийкарғы бағдары есапланады. Еллеримиздиң автомобиль ҳәм темир жоллары өз-ара интеграцияласқан. Бул әҳмийетли коммуникация тармағы үшинши мәмлекетлер ушын да транзит ўазыйпасын атқармақта.

Қазақстанның Мақтаарал районы аймағынан өткен Ташкентти ҳәм Самарқандты байланыстыратуғын автомобиль жолының ашылыўы, Ташкент-Алмаата тез жүрер поезды ҳәм еки елдиң қалалары арасында автобус қатнаўының жолға қойылғаны транспорт коммуникацясын буннан былай да кеңейтеди, аймақлараралық байланыслар, саўда ҳәм туризмниң раўажланыўына хызмет етеди.

Сөйлесиўде транспорт саласында еки тәреплеме узақ мүддетли тариф жеңилликлериниң берилиўи еллеримиздиң транспорт коридорларының бәсекиге шыдамлылығын, нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Саўда-экономикалық байланыслар динамикасын сақлай отырып, оны диверсификациялаў, экспорт-импорт көлемин ҳәм номенклатурасын кеңейтиў, санаат ҳәм исбилерменлик субъектлери кооперациясын раўажландырыўға келисип алынды.

Өзбек ҳәм қазақ халықлары әзелден бирге жасаған, қәўимлес туўысқан болған. Президентимиздиң басламасы менен еки ел аймақлары арасындағы байланысларға кең жол ашылғаны бирге илесиўимизди және де беккемлемекте. Өзбекистаннан Қазақстанға, Қазақстаннан Өзбекистанға ҳәр қыйлы дәрежедеги делегациялар келди. Быйыл Ташкент ўәлаяты делегациясы Қазақстанда, Қызылорда, Шығыс Қазақстан ҳәм Қубла Қазақстан ўәлаятларының делегациялары Өзбекистанда болды.

Сөйлесиўде бундай байланысларды буннан былай да кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық 13 ҳүжжетке қол қойылды.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў ҳәм татыў қоңсышылықты беккемлеў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Парламентаризм, салық, транспорт, қорғаныў, саўда-санаат ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўге байланыслы ҳүжжетлерге де қол қойылды.

Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында 2017-2019-жылларға мөлшерленген экономикалық бирге ислесиў стратегиясы және Өзбекистан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында аймақлар аралық бирге ислесиў ҳаққындағы келисим олардың арасында айрықша әҳмийетке ийе.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев сөйлесиўлер Өзбекистан-Қазақстан қатансықларына тән өз-ара ҳүрмет ҳәм шын жүреклик руўхында өткенин, барлық стратегиялық мәселелер бойынша тәреплер бир-бирин қоллап-қуўатлағанын айрықша атап өтилди. Бул сапар етиў еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң раўажланыўында тарийхый әҳмийетке ийе екени, қол қойылған ҳүжжетлер халықларымыздың мәплерине хызмет ететуғыны атап өтилди.

 Сапар етиў шеңберинде Астана қаласында Өзбекистан миллий санаат көргизбеси ҳәм еки ел исбилермен топарларының қатнасыўында бизнес-форум болып өтти. Бизнес-форумда Өзбекистан ҳәм Қазақстанның 500 ден аслам исбилерменлери қатнасты. Олардың жуўмақлары бойынша улыўма баҳасы дерлик 1 миллиард доллар болған саўда шәртнамаларына ҳәм инвестициялық келисимлерге қол қойылды.

Күнниң екинши ярымында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев «Астана-Опера» Мәмлекетлик опера ҳәм балет театрына келди.

Қазақстан Президентиниң басламасы менен қурылған бул театр 2013-жылы пайдаланыўға тапсырылған, тамаша залы 1250 орынға мөлшерленген.

Президентлер бул жерде «Қыз Жибек» операсын тамашалады.

Өзбекистан ҳәм Қазақстан Президентлери «Назарбаев университети»н ҳәм «MEGA Silk Way» саўда орайын барып көрди.

Университетке ең дәслепки студентлер 2010-жылы қабыл етилген. Оның қурамында 8 мектеп, бир орай ҳәм китапхана бар. Билимлендириў халықаралық стандартлар тийкарында алып барылады. Ҳәр жылы университетти 440 тан аслам бакалавр ҳәм 170 тен зыят магистр питкереди.

Мәмлекетимиз басшысы университеттиң Ҳүрметли мийманлар китабына қол таңба жазып қалдырды.

«MEGA Silk Way»  саўда орайында саўда дүкәнлары, спорт ҳәм кеўил ашар шақапшалар, ҳәр қыйлы офислер жайласқан. Бул орай быйыл 10-июньнен 10-августқа шекем Астана қаласында өткерилетуғын «ЭКСПО-2017» халықаралық көргизбесин өткеретуғын архитектуралық ансамбльдиң әҳмийетли бөлеги болып есапланады.

Бул жерде өзбек ҳәм қазақ халықларының қосық ҳәм аяқ ойынлары, миллий өнерментшилик өнимлери көрсетилди.

Президентлер «ЭКСПО-2017» халықаралық көргизбе майданының «Нурәлем» павильонына келди.

Шавкат Мирзиёев «ЭКСПО-2017» қәнигелестирилген халықаралық көргизбесиниң исбилермен топарлары, кәрханалар арасында бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, перспективалы келисимлерге ерисиў жолында әҳмийетли илаж болатуғынын атап өтти.

Усының менен Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды. Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевти Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев шығарып салды.

Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға мәмлекетлик сапарының жуўмақлары еллеримиз арасындағы қатнасықларда жаңа бет ашты, оның жаңа шеклерин белгилеп берди, еки туўысқан халыққа үлкен қуўаныш бағышлады.

Анвар САМАДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Ташкент-Астана-Ташкент.

Поделиться