Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

Муратбай Арепбаевич Жуманов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды

2017-03-18 | Жәмийет

Муратбай Арепбаевич Жуманов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды, буннан былай М.А.Жуманов усы комплекске басшылық етеди. М.А.Жуманов алдын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры лаўазымында ислеп келген. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң стажёр оқытыўшысы, ассистент оқытыўшысы сыпатында жумыс баслаған М.А.Жуманов бүгинги күнге шекем усы университетте декан орынбасары, кафедра баслығы, факультет деканы, университет ректоры лаўазымларында хызмет етип келген. 1970-жылы туўылған, ӨзЛиДеП ағзасы. 4 перзенттиң атасы. 

Поделиться