Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ТАБЫСЛАР КӨЗ ҚУЎАНДЫРАДЫ

2017-02-01 | Спорт

Елимизде балалар спортына қаратылған итибар нәтийжесинде бир қанша табысларға ерисилмекте. 2009-жылы миллий спорт түрине киргизилген «Өзбек жаўынгерлик өнери» спорт түри бойынша  орынларда дөгереклер шөлкемлестирилип, оларға қатнасқан балалар арасында жарыслар өткерилип, чемпионлар жетисип шықпақта. 

 Республикамыздың Қараөзек районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде де усы спорт түринен дөгерек шөлкемлестирилген болып, ол жерге қатнасып атырған балалар елимизде өткерилип атырған бир неше чемпионатларда сыйлы орынларды қолға киргизип келмекте. Жақында «Өзбек жаўынгерлик өнери» федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Балалар спортын раўажландырыў қоры ҳәм Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеңеси менен бирликте балалар спорт мектебиниң залында усы спорт пенен турақлы шуғылланып жүрген спортшы балалар арасында  район ашық бириншилиги өткерилди.

  Жарыстың ашылыўында район ҳәкими, Балалар спортын раўажландырыў қоры қәўендерлик кеңеси районлық бөлиминиң баслығы Д.Утемуратов, районлық халық билимлендириў мәкемелериниң жумысын методикалық тәмийинлеў ҳәм шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы Д.Изетуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

 Жарысты өткериўден мақсет -«Өзбек жаўынгерлик өнери» спорт түрин районда буннан былай да раўажландырыў, балалардың спортқа деген интасын арттырып, ҳәр қыйлы жат иллетлерден аўлақ болыўға шақырып, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдан ибарат болды.

  Жарыс қыз ҳәм ер балалар арасында өткерилип, олар жеке беллесиў ҳәм жеке комплекс шынығыў бағдарлары бойынша беллести. Жарыс жуўмағында жеке беллесиў бойынша 1-санлы мектептен Н.Хожаназаров, С.Қалбаев, Н.Минажев, Д.Полатова, 2-санлы мектептен З.Караматдинов, С.Мақсетов, И.Жалғасбаев, З.Оразбаева, 6-санлы мектептен Д.Алламбергенова, 7-санлы мектептен М.Узақбаева, Қ.Байманова, 26-санлы мектептен Ж. Турғанбаев, 28-санлы мектептен Б.Шерманов, И.Тилеўбергенов, Б.Асановлар қарсыласларынан үстин келип, биринши орынды ийелеген болса, комплексли шынығыўлар бойынша И.Жалғасбаев биринши, М.Тилеулисов екинши ҳәм И.Тилеўбергенов үшинши орынды ийеледи. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

 Сондай-ақ, Федерацияның Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен өткен «Саламат ана ҳәм бала жылы» нда Өзбекистан Республикасы көлеминде өткерилген спорт жарысларында жеңимпаз болған  спортшылар ҳәм олардың тренерлери де диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланып, спортшылардың ата-аналарына миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Поделиться