Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы

Архив
2024
Календарь

Ўақыялар

Дс Шш Сш Пш Жм Шм Ек
Порталда жаңалық

ЖОҚАРЫ ЗҮРӘӘТЛИЛИКТИҢ ТИЙКАРҒЫ ФАКТОРЫ

2017-02-01 | Экономика

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 21-июльдеги «Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниң жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы қарары елимиздиң суўдан пайдаланыў бойынша миллий стратегиясы негизинде халықтың абаданлығын арттырыў, экономиканы буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, ана тәбиятты барынша қорғаўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте. 

Усы қарар тийкарында шөлкемлестирилген Төменги Әмиўдәрья ирригация системалары бассейни басқармасы тәрепинен Аралбойы регионында бул бағдарда көп ғана нәтийжели ислер әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде басқармаға қараслы «Пахтаарна-Найман», «Маңғыт-Назархан», «Сүўенли», «Қаттыағар-Бозатаў», «Қызкеткен-Кегейли», «Қуўаныш-Жарма» ирригация системалары басқармалары ҳәм Аралбойы дельта басқармасы жемисли мийнет етип келмекте. Бул басқармалар тийкарынан магистраль ҳәм хожалықлараралық каналлар, олардағы суў хожалығы объектлерин ислетиў, сондай-ақ, хожалықларға суў жеткерип бериў менен шуғылланса, Аралбойы дельта басқармасы Әмиўдәрьяның еки жағасын беккемлеў жумысларын әмелге асырады. Бул жумыслар республикамыз шараятында суў ресурсларын басқарыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Буннан тысқары, басқарма жанындағы «Элликқаладавсувмахсуспудрат», «Амударёдавсувмахсуспудрат», «Хўжайлидавсувмахсуспудрат», «Кегайлидавсувмахсуспудрат» мәмлекетлик унитар кәрханалары суў хожалығы жойбарларын әмелге асырыў, суў объектлерин оңлаў, қурыў ҳәм ири оңлаўда табыслы жумыс алып бармақта.

Басқарма тәрепинен бүгинги күнде республика бойынша 3632 километрлик магистраль ҳәм хожалықларарлық каналлар, 18 мың километрден аслам ишки суўғарыў тармақлары, 20298 километрлик жап-салмалар бар болып, жәми 500 мың гектардан аслам суўғарылатуғын жер майданларына хызмет көрсетиледи. Өткен жылы  суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў мақсетинде 12 объектте 17 миллиард 611 миллион сумлық қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилип, бул жумыслар толығы менен әмелге асырылды. Сондай-ақ, 25 объектте  нырқы 20 миллиард 956 миллион сумлық қайта тиклеў ҳәм оңлаў жумыслары өз жуўмағына жеткерилди. Нәтийжеде 54 мың 704 гектар суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайы жақсыланып, пахтадан 2-3 центнер, ғәлледен 3-5 центнерлик зүрәәтлиликтиң артыўына тийкар жаратылды. Ал, быйылғы жылы болса 66 мың гектардан аслам суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайы жақсыланады.

Басқарма жәмәәти Нөкис қаласындағы «Дослық» ҳәм Беруний районындағы «Шимом-ёб» каналларының еки жағасын бетонлаўда ҳәм усы қалаларды абаданластырыўда пидайылық пенен хызмет етпекте. Сондай-ақ, 2016-2017-жылдың гүзги-қысқы мәўсиминде жәми 146 мың 228 гектар майданның шорын жуўыў режелестирилген. Бүгинги күнге шекем 70 мың гектардан аслам майданда шор жуўыў, усы жылдың зүрәәти ушын егилген ғәлле, мөлдек жерлерде ҳәм басқа да  аўыл хожалығы дақыллары егилген 114 мың 976 гектарда суўғарыў жумыслары әмелге асырылды. Шор жуўыў жумысларын сапалы алып барыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетлеринде 204 суўшылар отряды шөлкемлестирилип, оларға тәжирийбели қәнигелер тартылды. Атыз басында жетерли шараят жаратыў мақсетинде суўшыларға 16 мың 410 дана бел ҳәм резина етиклер, 9 мың 850 дана түнги фонариклер, сондай-ақ, жумысшыларды ыссы аўқат пенен тәмийинлеў жумыслары жолға қойылды.

Булардың бәршеси алдағы ўақытта зүрәәтлиликти арттырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғыны сөзсиз. 

Поделиться