Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ЗАМАНАГӨЙ, ҚҮДИРЕТЛИ АРМИЯ – ТЫНЫШ-ТАТЫЎ ТУРМЫСЫМЫЗДЫҢ КЕПИЛИ
2017-01-27 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлеримиздиң Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев 26-январь күни Ташкент жоқары улыўмаәскерий сәркардалық билим журтында Қорғаныў министрлиги басшылығы менен мәжилис өткерди.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, ҳүкимет ағзалары қатнасқан илажда Өзбекистан Республикасы Президентиниң елимиз Қураллы Күшлери дүзилгениниң 25 жыллығы мүнәсибети менен Ўатан қорғаўшыларына байрам қутлықлаўында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы додаланды, бир қатар министрликлер менен ведомстволар басшыларының мәлимлемеси тыңланды.
Мәмлекетимиз басшысы қәўипсизлик саласына байланыслы нызамшылықтың нәтийжелилигин арттырыў, Қураллы Күшлердиң структуралық системасын буннан былай да жетилистириў, оның жеке қурамын таярлаў, заманагөй қурал-жарақлар ҳәм әскерий техника менен тәмийинлениў дәрежесин буннан былай да арттырыўға қаратылған анық ўазыйпаларды белгилеп берди.
Әскерий хызметкерлерди ҳәр тәреплеме социаллық қорғаў, соның ишинде, әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын заманагөй турақ-жайлар қурыў менен байланыслы мәселелер көрип шығылды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жерлеслеримизде Ўатан тағдири ушын жуўапкершилик сезимин буннан былай да арттырыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратты.
Мәжилисте ҳүкимет ағзаларына, министрлик ҳәм ведомстволар басшыларына Қураллы Күшлеримиздиң қүдиретин арттырыў бағдарындағы жумысларды еле де жетилистириў, миллий армиямызды ҳәм халқымыздың аўызбиршилигин буннан былай да беккемлеўге байланыслы анық тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул билим журтында курсантлар ушын жаратылған шараятлар менен де танысты.