Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ БИРИНШИ ПРЕЗИДЕНТИ ИСЛАМ ӘБДИҒАНИЕВИЧ КӘРИМОВТЫҢ ЕСТЕЛИГИН МӘҢГИЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА
2017-01-26 | Ҳүжжетлер
Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Ғәрезсиз Өзбекистан мәмлекетиниң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, өзбек халқының уллы ҳәм ардақлы перзенти, елимиздиң Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримов Ўатанымызды езиўшилик системаға бойсыныўшылықтан азат етип, апатшылық жағасына келип қалған елимизди қайта тикледи. Уллы Жолбасшымыз оғада машақатлы ҳәм қәўетерли бир жағдайда аўыр қыйыншылықларға ҳәм сынақларға қарамастан, тарийхий қысқа дәўирде Өзбекистанды жедел ҳәм турақлы пәтлер менен раўажланып атырған заманагөй демократиялық мәмлекетке айландырды.
Ислам Әбдиғаниевич Кәримов өзиниң көп қырлы сиясий жумысы, уллы инсаныйлық пазыйлетлери менен Ўатанымыздың көп әсирлик тарийхында өшпес из қалдырды. Ол тек ғана Өзбекистанда емес, ал дүнья көлеминде үлкен ҳүрмет ҳәм абырой-мәртебеге ийе болған уллы шахс ҳәм ғайраткер сыпатында танылды.
Көп миллетли Өзбекистан халқының жүрегинен терең орын алған Биринши Президентимиздиң сөнбес естелигин мәңгилестириў бойынша министрликлер менен ведомстволардан, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерден, елимиздиң пуқараларынан көплеген усыныслар келип түспекте.
Халқымыздың шын жүректен шыққан тилеклеринен ҳәм ерк-ықрарынан келип шығып, ана Ўатанымыздың ғәрезсизлиги, ел-журтымыздың раўажланыўы жолындағы уллы тарийхый хызметлерин инабатқа алып, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, Өзбекистан Қаҳарманы Ислам Әбдуғаниевич Кәримовтың жарқын естелигин мәңгилестириў мақсетинде:
1. Төмендегилер:
2016-жыл октябрь айында Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик фонды дүзилгени;
Ташкент қаласы, Яшнабад районының Ферғана жолы көшесинде жайласқан жоме мешитине «Ислам ата жоме мешити» деп атама берилгени;
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 2-декабрьде «Уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың тулғасы сәўлеленген естеликти жаратыў бойынша халықаралық дөретиўшилик таңлаўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
2. Министрлер Кабинети (А.Арипов) Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың естелигин мәңгилестириў илажларының режесин белгиленген тәртипте ислеп шықсын.
Усы мүнәсибет пенен төмендеги ўазыйпалар тапсырылсын:
Өзбекистан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, Өзбекистан Көркем өнер академиясы ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте Самарқанд қаласында Ислам Кәримов жерленген аймақта естелик комплексин қурыў;
тийисли министрликлер менен ведомстволар, жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың тулғасын сәўлелендириў бойынша халықаралық дөретиўшилик таңлаўда жеңимпаз, деп табылған естеликлерди елимиздиң пайтахты Ташкент қаласында, Ислам Кәримов туўылып өскен Самарқанд қаласында ҳәм ол инсан биринши басшы болып ислеген Қашқадәрья ўәлаятының Қарши қаласында орнатыў;
Өзбекистан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги, Өзбекистан Илимлер академиясы, Өзбекистан Көркем өнер академиясы, Ташкент қаласының ҳәм Самарқанд ўәдаятының ҳәкимликлери биргеликте: Биринши Президентимиз көп жыллар даўамында жумыс алып барған Ташкент қаласындағы Ақсарай резиденциясында (Өзбекистан көшеси 45) Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексин шөлкемлестириў ҳәм Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик фондын да усы мәнзил бойынша орналастырыў; Самарқанд қаласында Ислам Кәримовтың музейин шөлкемлестириў;
төмендеги мәкеме ҳәм объектлерге:
Ташкент мәмлекетлик техника университетине;
Асака қаласындағы автомобиль заводына;
Ферғана қаласындағы Көркем өнер сарайына;
Ташкент халықаралық аэропортына;
Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласындағы ҳәм ўәлаятлардағы орайлық көшелерге (жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының усыныслары тийкарында) Ислам Кәримовтың атын бериў;
ҳәр жылы Биринши Президентимиз туўылған сәне – 30-январь күнин кең түрде белгилеў, 2-сентябрь күнин Еслеў күни сыпатында еске алыў. Бул сәнелер мүнәсибети менен ғалаба хабар қуралларында Ислам Кәримовтың өмирин ҳәм жумысын кең түрде сәўлелендириў;
жоқары оқыў орынларының студентлери ушын Ислам Кәримов атындағы мәмлекетлик стипендияны енгизиў;
Ислам Кәримовтың өмири ҳәм жумысы ҳаққында илимий ҳәм көркем шығармалар, ҳүжжетли ҳәм көркем фильмлер жаратыў;
Ислам Кәримовтың тулғасы сәўлелендирилген арнаўлы почта маркаларын шығарыў.
3. Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекистан миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары тәрепинен Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириўге байланыслы илажлар кең түрде сәўлелендирилсин.
4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 25-январь