Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
ӨЗБЕКИСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ ЖӘҲӘН БАНКИ ВИЦЕ-ПРЕЗИДЕНТИН ҚАБЫЛ ЕТТИ
2017-01-19 | Сиясат
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-январь күни елимизге әмелий сапар менен келген Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия еллери бойынша вице-президенти Сирил Мюллерди қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Өзбекистан ҳәм Жәҳән банкиниң бирге ислесиўи избе-из раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.
Бүгинги күнде өз-ара бирге ислесиў электр-энергетика, ирригация ҳәм коммунал тармақларды модернизациялаў, суў тәмийнаты, өндирис, транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў бағдарларында Жәҳән банкиниң 2,1 миллиард доллар қаржысы тартылған 33 қоспа жойбарды өз ишине алады.
«Талимаржан ЫЭС – «Суғдиёна» ПС» жоқары вольтлы линиясын қурыў, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларының суў тәмийнаты, канализация системаларын реконструкциялаў, Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыў, Ангрен – Пап темир жолын электрлестириў, аўыл хожалығы кәрханаларын ҳәм мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў сыяқлы көплеген салаларда, соның ишинде, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системаларындағы үлкен әҳмийетке ийе жойбарлар әмелге асырылып, нәтийжели даўам еттирилмекте.
Өткен жылы қабыл етилген 2020-жылға шекем бирге ислесиў қоспа бағдарламасына 27 әҳмийетли жойбар киргизилген, оның улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан ибарат, соннан 3 миллиард доллары Жәҳән банкиниң кредитлери болып табылады.
Жәҳән банкиниң вице-президенти Өзбекистанда киши бизнести жедел раўажландырыў, қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты буннан былай да жақсылаў бойынша жақында қабыл етилген илажлар оғада үлкен әҳмийетке ийе екенин айрықша атап өтти.
Ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары ҳаққында пикир алысылды, шериклик қатнасықларды буннан былай да кеңейтиў ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды.
Жәҳән банкиниң вице-президенти С.Мюллердиң сапар етиў бағдарламасынан Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде баянат оқыў, усы жоқары билимлендириў мәкемесиниң профессор – оқытыўшылары ҳәм студентлери менен ушырасыў да орын алған.