Өзбекстан Республикасы
Ҳүкиметлик порталы
Өзбекистан-Түркия` бирге ислесиўдиң жаңа имканиятлары
2016-11-18 | Сиясат
Бурын хабар етилгениндей, 17-ноябрь күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон Самарқанд қаласына келди.
Өзбекистан Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон qi-ноябрь күни Ҳәзрети Хизр комплексине барып, Өзбекистан Республикасының Биринши Президентиниң қәбирин зыярат етти ҳәм Ислам Кәримовтың естелигине ҳүрмет көрсетти. Ислам Кәримовтың руўхларына Қуран оқылды.
Буннан соң Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде Өзбекистан Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Шавкат Мирзиёев пенен Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон арасында өз-ара сөйлесиў болып өтти.
Шавкат Мирзиёев Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың қайтыс болыўына байланыслы шын жүректен кеўил билдиргени ушын Түркия Президентине миннетдаршылық билдирди. Режеп Эрдўғон Самарқандқа барып, Елбасшымыздың жарқын естелигине ҳүрмет көрсеткени Өзбекистан халқына деген жоқары ҳүрметтиң көриниси болып табылады.
Бул сапар етиў Түркияда Өзбекистан менен қатнасықларды раўажландырыўға үлкен әҳмийет берилетуғынының дәлили екени атап өтилди.
Атап өтиўимиз керек, Түркия Өзбекистанның ғәрезсизлигин бириншилер қатарында тән алған.
Өзбек ҳәм түрк халықлары көп әсирлик улыўмалық тарийх, ортақ тил ҳәм дин, тамырлас қәдириятлар және уқсас үрп-әдетлер арқалы бири-бирине тығыз байланысқан.
Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Түркияға өзиниң әҳмийетли ҳәм узақ мүддетли шериги сыпатында қарайтуғынын, халықларымыз арасындағы дослық байланысларды беккемлеўдиң, бирге ислесиўди өз-ара исеним принциплери тийкарында раўажландырыўдың тәрепдары екенин атап өтти.
Режеп Эрдўғон Түркия Өзбекистанды Орайлық Азиядағы тийкарғы шериги деп билетуғынын, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турақлылығы ҳәм экономикалық раўажланыўы избе-из даўам ететуғынына беккем исенетуғынын айрықша атап өтти.
Еки елдиң бүгинги қатнасықлары Өзбекистан ҳәм Түркияның имканиятына және потенциалына сай емеслиги, бул ушырасыў бирге ислесиўдиң жаңа бетлерин ашыў мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысыў ушын қолай имканият екени атап өтилди.
Сөйлесиўде Өзбекистан менен Түркия арасындағы өз-ара исеним орталығын беккемлеў мәселеси додаланып, сыртқы сиясат мәкемелери арасында турақлы мәсләҳәтлесиўлер шөлкемлестириў, халықаралық шөлкемлер көлеминде бири-бирин қоллап-қуўатлаў ҳаққында пикир алысылды.
Өзбекистан Ислам Бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде Самарқандта Имом Бухорий халықаралық изертлеўлер орайын шөлкемлестириў усынысын алға қойды. Тәреплер ИБШның Түркиядағы Ислам тарийхын, көркем өнери ҳәм мәдениятын изертлеў орайы бул басламаны қоллап-қуўатлағанынан қанаатланыўшылық билдирди.
Сөйлесиў ўақтында саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Түркия Өзбекистанның дәстүрий ҳәм әҳмийетли саўда шериклеринен бири болып табылады. 2015-жылда өз-ара саўда көлеми 1,2 миллиард АҚШ долларын қурады. Бул бағдардағы өсим пәтлери быйыл да сақланып қалыўы күтилмекте. Лекин тәреплердиң атап өткениндей, бул санлар еллеримиздиң потенциалын көрсетпейди. Бул көрсеткишти жақын жыллар ишинде 2-3 мәрте арттырыў ушын жетерли имканиятлардың бар екени атап өтилди.
Ҳәзирги күнде Өзбекистанда Түркияның 500 ге шамалас фирма ҳәм компаниясы жумыс алып бармақта. Елимиздиң экономикасына тартылған Түркия инвестициясының көлеми 1 миллиард доллардан асады.
Сөйлесиў ўақтында бул сапар етиў еки елдиң исбилермен топарлары арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирилди.
Тәреплер аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм терең қайта ислеў, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, қадақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў бойынша комплекслер қурыўға, тоқымашылық ҳәм терини қайта ислеў санаатында заманагөй қоспа кәрханалар жаратыўға, атап айтқанда, биргеликте пахта талшығын ҳәм тери шийки затын терең қайта ислеў арқалы таяр брэндли өнимлерди сыртқы базарларға шығарыўды жолға қойыў, фармацевтика саласындағы бирге ислесиўге байланыслы жаңа жойбарлар дүзиў ҳәм әмелге асырыў мәселелерин көрип шықты.
Түркияның жетекши туристлик компанияларын тартқан ҳалда Өзбекистанда саяхатшылық инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, Самарқанд, Бухара, Хорезм ҳәм Ташкент ўәлаятларында халықаралық талапларға сай заманагөй саяхатшылық комплекслерин қурыў мәселелери додаланды.
Транспорт коммуникацияларына да айрықша дыққат қаратылды. «Боку – Ахалкалаки -Қарс» темир жолының иске түсирилиўи еки елди бир-бири менен байланыстыратуғын тиккелей транспорт жолын жаратыўдай стратегиялық әҳмийетке ийе мәселени шешиўде, соның менен бирге, саўда экономикалық байланысларды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.
Додаланған мәселелерден келип шыға отырып, Өзбекистан ҳәм Түркияның өз алдына қойып атырған мақсетлерине ерисиў ушын келеси жылдың басында Ташкент қаласында Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның гезектеги мәжилисин өткериўге, оның шеңберинде Өзбекистан-Түркия инвестициялық форумын шөлкемлестириўге келисип алынды.
Мәмлекетлераралық қатнасықларда мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў айрықша орын ийелейди. Тәреплер бул бағдардағы шерикликти раўажландырыў мәселелерин додалады.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Режеп Эрдўғон бул ушырасыў шеңберинде ерисилген келисимлер еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа көтерип, өз-ара пайдалы тараўларда бирге ислесиўдиң жаңа бетин ашыўға хызмет ететуғынына үлкен исеним билдирди.
Күнниң екинши ярымында жоқары мәртебели мийман Имом Бухорий ҳәм Имом Мотуридий естелик комплекслерин, Әмир Темур мовзелейин зыярат етти, Регистан майданын көзден өткерди.
Режеп Эрдўғон ғәрезсизлик жылларында Президент Ислам Кәримовтың басшылығында бул ийгиликли орынлар түп-тийкарынан қайта оңланып, пүткиллей жаңа көриниске ийе болғанын айрықша атап өтти. Өзбекистан бабаларымыздың бай руўхый мийрасын тиклеўде, үйрениўде ҳәм дүньяға танытыўда жоқары нәтийжелерге ерисип атырғанын атап өтти.
Усының менен Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғонның елимизге сапары жуўмақланды.
Дерек: ӨзА